Бүгин медицинамызда бир қанша жаңаланыўлар бар. Әсиресе, басланғыш буўында әмелге асырылып атырған реформалар көриниси мәмлекетимиздиң ең шетки ҳәм алыс аймақларында жасап атырған халық хожалықларына шекем кирип барып атыр. Нөкис қаласынан дерлик үш жүз километр алыста жайласқан Мойнақ районы медицина қәнигелерине зәрүрлиги жоқары болған елат.
Бүгин усы аймақта республикамыздың түрли орынларынан келген шыпакерлер, улыўма, медицина хызметкерлери халық саламатлығы жолында хызмет көрсетип атыр. Тарийхқа нәзер тасласак, Мойнақ районы буннан он бес жыл бурын Арал теңизи дузларынан зыянланған аймақ сыпатында қаралар еди. Ҳәзир жағдай өзгерген.
Бүгинги күни басқа аймақлардан Мойнаққа келип хызмет көрсетип атырған шыпакерлердиң айлық ис ҳақысына еки жүз процент муғдарда үстеме қосылыўы белгиленген еди. Усыған байланыслы Хорезм Бухара, Андижан ўәлаятларынан жас ҳәм маман медицина хызметкерлери Мойнаққа келип хызмет көрсетип атыр. Районда 105 орынлы емлеўхана, бир көп тармақлы орайлық поликлиника ҳәм бир оның фаилиалы, 3 шаңарақлық поликлиника ҳәм 3 шаңарақлық шыпакерлик пунктлеринде 70 тен зыят медицина хызметкерлери халық саламатлығы беккемлеў жолында хызмет атқармақта. Солардың бири Сожида Қайсиддинова, Әндижан ўәлаятынан Мойнаққа келип ислеп атырған медицина пидайысы.
– «Бул жерде бизге көрсетилип атырған шәраятлар жеткиликли дәрежеде. Барлық медициналық әсбап-үскенелер менен тәмийинленген. Мен бул жерден Әндижаныма қайтып кетиўди еле ойлағаным да жоқ, туўрысы. Шаңарағым да усы жерде, перзентлерим, өмирлик жолдасым жумыслы болды. Перзентлерим усы жерде орта мектепте оқып, тәлим-тәрбия алып атыр», – дейди.
Оннан басқа Нигора Қодирова да Наманган ўәлаятынан келип, алыс Мойнақта хызмет к
өрсетип атыр.
«Мойнақ халқы бизлерди жыллы күтип алды. Биринши күннен баслап өзлериниң жақынындай араласып кеттик. Январь айында бизге жүдә үлкен жаңалықлар кирип келди. Алдынлары жумысымызда жүдә көп ҳүжжетлер менен ис жүргизетуғын едик, ҳәзир система өзгерип, электрон системаға өтти. Бул да қайсыдур мәнисте ислеўимиз ушын бир қанша қолайлықлар жаратты.
Айтып өтиў керек, Мойнаққа келип ислеп атырған шыпакерлерге еки жүз процентлик үстемеден тысқары, турақ жай да берилген. Мағлыўматларға қарағанда, ҳәзир мəмлекетимизде 30 процент халық аўыр кеселликлер менен аўырып келип атыр. Әне, сондай жағдайларда басланғыш қатлам буўыны ўәкиллериниң орны айрықша. Февраль айынан баслап мәмлекетимиз басшысы тәрепинен белгиленген ўазыйпалар орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде халықтың саламатлығы оларды тийисли топарларға ажыратыў ушын медициналық хатлаў өткерилмекте. Системадағы бундай жаңалықлар алыс Мойнақ районындағы барлық медицина хызметкерлерине шекем жетип барған. Алдынлары медициналық бригадада акушерка мийирбийкеси болмағанлығы, ҳәзирде акушерка патранажы қосып берилгенлигинен миннетдар. Әлбетте, акушерка мийирбийкеси болғанда ана ҳәм баланың медициналық саламатлығы үзликсиз тексерилип турылады. Нәтийжеде, саламат анадан саламат бала туўылады. Бүгин елимизде мәмлекетимиз басшысының итибары нәтийжесинде шетки аймақ халқы бүгининен разы болып жасап атыр. Мойнақтағы мине сондай ийгиликли реформалардан кеўиллери тоқ.
Жаҳангир Сапарбаев,
ҚМУ Қарақалпақ филологиясы ҳəм журналистика факультети 1-басқыш студенти.
