МЕН ЕСЛЕСЕМ АНАМДЫ

Сағынғанда алысларда,
Мен қасына баралмаспан,
Енди оны бир өмирге,
Мен қайта көреалмаспан.

Бүгин қәлем алып тағы еследим,
Шоқлығым, қайғымды бәрин изледим,
Айбатланған арысландай кеўлиңде,
Айталмаған сөзлериңди сезбедим.

Ақ қағазды және қара еткеним,
Негизи ол көз жасымғой төккеним,
Баўырыма бир басқым келди апа,
Көптен бери түслеримде көргеним.

 

КАНАЛ ЖАҒАСЫНДА

Дослық каналы ағыс ҳәўжинде,
Жүрегим дүкилдеп соғыў пәтинде,
Сол әжайып гезлер ал енди бүгин,
Сезимим дәрьяда ығыў күшинде.

Гүўасы бул дәрья ашықлығымның,
Ышқыңда от болып күйгенлигимниң,
Кеўлим қан жылап жүрген күнлерим,
Гүўасы бул дәрья көз жасларымның.

Дәрьяның басы бизиң мәкан,
Дәслепки поса мийримим қанған,
Өзин менен деп едим ғой бағытым,
Әттең бахыт бизден әрман қалған.

Сағынышқа толы узақ тағы түн,
Еслетип жаным сени ҳәр күн,
Талпынып каналға өзинди излеп,
Және сол сезимди қумсадым бүгин.
Нулуфар Жаңабаева.