ТУТҚЫН (романнан үзинди) биринши бөлим ҚУДАЙЫ ҚОНАҚ

Муратбай НЫЗАНОВ,
Қарақалпақстан халық жазыўшысы

(Даўамы. Басы өткен санда)

Қудайын күткен биреў:
– Сизлер Ираннан туўры Ресейге шыға алмайсыз, оның ушын алды менен түркмен ишине ѳтип алың, – деди.
Сораў-сораў менен түркменге ѳттик. Баяринниң берген нан шѳреги, қосыўыс теңгеси ҳеш кимнен тиленбей, ашырқап қалмай бир елден бир елге жетиўимизге жарады.
Усы ўақытлары Аймереке ләген-қуман алып кирди. Рахим менен Сергей оған таң қалып қарады. Бул қарасларда әңгимениң белине тепкенине наразылық пенен бирге келиншектиң қолындағы ләген-қуманның не зәрүрлиги барлығына түсинбеўшилик бар еди.
– Қонақлар, аўқат таяр болған екен? – деди Қарлыбай.
Қонақлар бәрибир түсинбеди.
– Бизде аўқат қол менен желинеди. Соның ушын аўқаттан алдын ҳәм жеп болғаннан кейин қолды жуўыў керек.
– Ҳә-ә, солай ма? Аўқатты қол менен жеўди биз де үйрендик, бирақ, қол жуўмайтуғын едик.
– Қол жуўмасаң қалай… ҳадал-ҳарам деген бар…
Сергей «түсинбедим» дегендей Рахимге саўал нәзери менен қарады.
– Я тоже удевляюсь, – деди Рахим оған. – Мақул, жуўайық.
Екеўиниң бул сѳйлесигине Қарлыбай да, Аймереке де түсинбеди. Әйтеўир, жаман сѳз емеслигин пәмледи. Қонақлар қолларын жуўды.
Табақ келемен дегенше кеселерге жүзим шербетинен және бир толтырып қуйылды. Қарлыбай бул рет ҳәш кимнен мирәт күтип отырмады, толы кесаны алып қумарланып симирди.
– Наннан да бундай мазалы аўқат таярланады екен-аў, -деди Рахим аўқаттан бир-еки алғаннан кейин. – Буны қандай таярлайды, үйге барған соң биз де писиртейик.
– Бул жүдә әпиўайы, – деди Қарлыбай. – Буның ушын қақ ерик ямаса гѳш, қатты нан керек. Екеўи қосылып қайнап пискеннен кейин сорпаға ширеси шығып, ѳзгеше дәм береди.
– Қатты нанды қаяқтан сатып аласыз?
– Сатып алмаймыз. Дәстүрханда желинбей қалған нан үш-тѳрт күн турса ѳзи қатып қалады. Лекин, нан желинбей қала бермейди де!
Мен ѳзим ҳәр жылы бир-еки танап жерге бийдай егемен. Сол ушын нансыз болмайман. Бирақ, сонда да нан аўысып қала бермейди. Набада қатып қалған нан болса жыйнап қоямыз. Усындай қонақ келген пайытлары нан сорпа писирип беремиз. Бул бизиң қонаққа писиретуғын сыйлы аўқатымыз.
Қонақлар нан сорпа ҳаққында мәзи сорады ма, Қарлыбайдың берилип түсиндириўлерине онша итибар бермеди. Әдеўир жеңилленип қалған местен және кеселерди липилдетип толтырды.
Қарлыбай ҳәр кесаны таўысқан сайын иштейи ашылып баратырғандай, сѳйлегиси келип баратырғандай сезди ѳзин.
– Екеўиңиздиң теңгеңизге бир ешек зорға келетуғын болса, атларды қаяқтан таптыңыз?
– Уғирладик, – деди Сергей күлип.
Қарлыбай шоршып кетти. Буларды қудайы қонақ деп ақ кѳкирегин ашып күтип отырса… Ырастан да уры болса… Ат алыўға кѳзи қыймай отырған тоқалақ мүйизди жетелеп кетсе, Аймереке… Қарлыбайдың қәўетерленип отырғанын Рахим сезди.
– Ҳәзил, ҳәзил! – деди күлип. – Шутишь да? –деп Сергейге мақуллатып қойды.
– Биз усы атлар ушын түркмен байларының есигинде еки жыл хызмет еттик. Есесине, ҳәр қайсысымыз хызмет еткен баяринлерден ат алдық. Түркменлер атты жүдә қәдирлейди екен. «Ахалтекин» деп ат береди екен атларға.
– Мениң де бир әрманым, усындай ат миниў, – деп қуўжыңлады Қарлыбай.
– Ол аңсат! – деди Рахим. – Ҳаялыңыз бенен биз тәрепке жүриң. Ресейде бай князлар сизиң коридорыңызда турғандай гилемлерди ат басына теңгерип алады. Демде байып кетесиз.
– Мен барарман, лекин… ҳаял кѳнбейди.
– Аўылыңызда бундай гилем тоқыйтуғынлар кѳп бе?
– Яқ. Тек мениң ҳаялым! – деп ийнин кѳтерип мақтанып қойды.
– Вот смотри! – деп Рахим Сергейге мақуллатып қойды. – Қандай бахытлысаң, я, Қарлыбай! –деп соң үй ийесин хошаметледи.
Күни менен қонақларды тыңлаўдан жалыққан Қарлыбайдың енди мақтанғысы келип кетти. Бул изли-изинен симирип тартып отырған жүзим шербетиниң кәраматы екенин ҳеш қыялына да келтирмеди.
– Бизлер бираз жыллар даўамында түркмен ишинде отырдық. Жети хожалық қарақалпақ едик. Қәйерде бир миллеттиң адамлары аз болса жүдә аўызбиршиликли болады. Бизлер жети үй туўысқандай болып қатнастық.
Бизиң Аймерекениң әкеси Ѳтемис деген уста еди. Ақ тал ағаштан соқпайтуғын нәрсеси жоқ. Табақ дейсең бе, қасық дейсең бе, шѳмиш пе… Арасында буйыртпа менен арба да соғатуғын еди.
Соның себебинен оның абырайы жүдә зор болды. Бир күни апам менен устаның үйине қыдырып бардық. Ҳаялы бизлерге ерик салып шәўле писирип берди. Онда мен бес жасар едим. Аймереке үш жасар. Тили аўырлаў еди. Сақаўланып зорға сѳйлейди.
– Қәне, балам, Аймерекениң қулағын тисле, үлкейген соң саған әперемен, деди апам.
«Әперемен» дегенге маған ойыншық әперетуғындай кѳринди.
– Ҳәзир әпер, апа! – дедим.
Ҳәмме күлип жиберди.
– Яқшы, қулағын жақсылап тислесең ҳәзир әперемен, – деди апам.
Аймерекениң апасы бақырама деп сезикленип қарап едим, ол да күлимсиреп «тислей ғо, балам» деди.
Аймерекени қапсыра қушақлап алдым да қулағының сырғалығынан үзип алғандай етип тиследим. Ол қалды шырлап.
Ѳкирип жылаўы менен апасының баўырына тығылды.
– Қулағын тислесең не болады? – деди Рахим.
– Меншиклеп қойғаның болады.
– Басқа адамға кетпей ме?
– Кетпейди.
– Гилем тоқыўды үйленгеннен соң үйреттиң бе?
– Яқ. Мен гилем тоқыўды билмеймен ғо. Негизи бизиң қарақалпақлар гилем тоқымайды. Түркменниң қызлары бес жасынан баслап анасының қасына барып, тоқып үйренеди. Аймереке де сол қоңсы түркменлерден үйренди.
– Түркменлердиң нағыслары сулыў болады екен! – деди Рахим.
– Да, очень красивый, – деп қосып қойды Сергей.
Сергей ҳәмме сѳзлерге түсинеди, лекин мусылманша сѳйлемес еди. Оның жолдасына не айтып атырғаны Қарлыбайға жумбақ. «Мейли, ѳзлери түсинсе болды дә» деп оған итибар бермейди Қарлыбай.
– Қарақалпақлардың нағысы оннан да сулыў. – Қарлыбайды миллеттиң намысы қысып кетти. – Аймереке, бери келип кет, – деп ҳаялын шақырды изинен.
Ҳаялы «табақ алыўға шақырған шығар» – деп кирип, есикте иркилди. Лекин, отырғанлардың ҳеш қайсысының қыялында табақ бериў ойы жоқ еди.
– Келиншек болғандағы кѳк кѳйлегиңди кийип кел.
Аймереке аң-таң болып қалды. Бирақ, ерине қайтарып саўал берип кѳрмеген нашар, изин күтти.
– Қонақлар қарақалпақтың нағысын кѳрмеген екен. Күни менен мақтағаны иранлылар менен түркменлер. Бар, кийип кел.
Аймереке есик аўзында азырақ егленди де, аўызғы бѳлмеге шықты. «Буған не болды? – деп ойлады ишинен. – Мени жасандырып жат кѳзлерге кѳрсеткиси келгени неси…»
Ол аршадағы түйиншиклерди бираз ақтарып, буннан жигирма жылдан бурын ѳзи тигип кийген кѳк кѳйлегин алды. Сонда бирден кѳз алдына балалық шағы елеследи. Анасы оған бир баспақ сатып таўар менен жипек сабақлар әперген еди. Таўарды 18–20 жасар нашарға жеткендей етип қыйып, ѳзи ҳасыл бояўлар менен еки қайтара тойындырып бояп берди. Онда Аймереке еле он еки жаста еди.
Қаяқтандур алды бети ѳңиринен баслап етегине дейин нағысқа питип қалған гѳнетоз кѳк кѳйлекти таўып әкелип берди. Таўарды үлкен әжапасы Турдыбийкени үйге шақырып, соның бойына шенеп пишип, майда сабақлар менен пуқталап тигип кѳрсетти.
– Енди мына үлгиге қарап нағыс ой. Қыз бала деген киси есигине бараман дегенше ѳз себин ѳзи таярлаў керек, – деди.
Киси есигиниң қандай болатуғынын туяна қыз билер еди.
Ол нағысты бир неше мәрте бузып алды. Апасы оны дүзетип тигип бермеди, сѳтип берди.
– Дыққатлы бол, биреўдиң қолы саған қол болмайды, – деди.
Анасынан мақтаў еситиў ушын ойылып отырып иследи. Солай етип, бул кѳйлек үш жылда таяр болды. Оған дейин ѳзиниң де бираз бойы созылайын деди. Кийип кѳрип еди, кѳйлеги сәл кеңлеў, узынлығы болса тобығына түсти.
– Болады. Мол-мол болғаны жақсы. Нашар баланың тобығы кѳринбеў керек. – деди анасы.
Ѳзи де түркмен қызларының кѳйлеклериниң етеклери ѳкшесин жаўып турғанын кѳп кѳрген еди.
Бир күни ол ағасы менен апасының пинҳамы сѳйлесип отырғанын еситип қалды.
– Қыз баланың бойы жетип, кѳп отырып қалғаны жақсы емес, жесириңди алып кет, деп айтаман, – деди анасы.
– Мейли, балалығында қулағын тислетип қойған соң басқа биреў менен қуда болыў ойымызда жоқ, – деп ағасы да оны мақуллады.
«Жесириңди әкет» деп барып айтты ма, шақырып айтты ма, ояғын Аймереке билмеди. Қулласы, он бес жасында усы Қарлыбайға узатты. Онда дерлик екеўи де еле жас, балалығы басым, гейде ата-анасы жоқта бирин-бири қуўып ойнар еди. Арасында еки жас ғана парық.
– Балам, дәлизге шығатур, – деди Аймереке Оралбайға. – Мен кѳйлек аўмастырып алайын.
– Қорқаман ғо, дәлизде шыра жоқ, – деди Оралбай.
– Қапыны ашып қояғо, қорықсаң!
Оралбай узаққа кетпей, қапының аўзында жүзин ары қаратып турды.
– Болды, балам. Келебер.
Кѳк кѳйлекти келиншек гезинде кийгенде денеси менен кѳйлектиң арасынан шамал ѳтип турғандай еди. Ҳәзир болса…
Күнделикли ѳзиниң қәйтип толысып атырғанын сезбеген екен. Кѳйлекти денесине орап, арқасынан тигис жүргизгендей денелери бултыйып, торсыйды қалды.
«Маңлайы-ым, жат адамларға буның менен қалай кѳринемен?» деп қысынып турды.
– Аймереке-е? – деп даўыслады Қарлыбай соның арасынша.
– Ҳәзир, мине…
Аймереке ишке кирип барғанда алды менен Қарлыбайдың ѳзиниң кѳзи жарқ ете қалды. Усындай сыйқы-сәни келискен, «меники болса екен!» дегендей ҳаялы барлығын бурын сезбей жүрген екен. Ѳз ҳаялын ѳзинен қызғанып кетти.