«Моҳи Ҳоса» санаториясының люкс бөлмесине кирип, затларымды орналастыра баслағаным да сол еди, дәлизди сыпырып жүрген хызметши ҳаял маған:
– Асханаға барың, түслик ўақты болды. Ийелери бул бөлмени жаңа ғана босатқан еди, гилтти таслап кете бериң, сиз аўқатланып келемен дегенше бөлме ишин тазалап қояман, – деди.
Онша аш емес едим, сонда да санаторияның тәртибине көнбеўге болмайды ғой. Асханаға бардым, диетолог мийрибийке мени төрт отырғыштан ибарат бир столға жайластырды.
– Бир өзим бир столда отыраман ба? – дедим мен.
– Ҳаўлықпаң, бүгиннен баслап дем алыс күни питип, бурынғылар кетип, тазадан емлениўшилер санаториямызға келип атыр, столыңыз еле толысады, – деди ол.
Қолымдағы шанышқыны салатқа жаңа урғаным да сол еди, диетолог қыз столымызға жап-жас бир нашар менен кишкене қызды ертип әкелип отырғызды.
– Салат жеймен! – деди кишкене қыз тақылдап.
Оған сүйсингеним соншелли «мә» деп тарелкамды оған қарай созыппан.
– Өзине тийислисинен алып жейди, – деп нашар мениң орынсыз ҳәрекетлеримди тоқтатып таслады.
Мен енди мәдениятсызлығыма, ойсызлығыма өкине басладым, бул мениң бала жанлы инсан екенлигимниң мени қолайсыз жағдайға түсиргенлигиниң ақыбети еди.
Соның арасында мийрибийке төртинши адамды столымызға әкелип отырғызып, столымыз толып қалды. Ол жигит жүдә сөйлемшек екен, бирден гәпке араласып кетти:
– Танысып отырайық, мен Қазақстаннан, Алматы қаласынанман, кәсибим журналист, – деп ол мени дәрҳал сораўға тутты:
– Сиз қай жерлик боласыз? – деди ол.
– Қарақалпақстаннан, – дедим мен
– Кәсибиңиз қандай? – деди ол тағы.
– Киностудияда ислеймен. Редакторман, – дедим оның тергеўши қусап сорай бергенин жақтырмай.
Қазақ жигит енди нәзерин нашарға қарай аўдарып, оны сораўға тута баслады.
– Бишкектенмен, – деди нашар.
– Демек, кырғыз екенсиз дә?! – деди журналист жигит.
– Солай, – деп қысқа жуўап берди нашар.
– Шыңғыс Айтматовтың шығармаларын русшадан қарақалпақ тилине аўдарған едим, сизлерди ушыратқаныма қуўанышлыман, – дедим мен.
Нашар мени мақтаншақ адам екен, деп пәмледи ме, мениң гәплериме итибар бермеди.
– Ал, мына кишкентай қуўыршақ ким болады, – деди қазақ жигит гәпин қазбалап.
– Қуўыршақ емеспен! – деди кишкентай қыз тақылдап. – Мениң атым Жәмийла!
Нашар журналисттиң сораўына жуўап бергиси келмеди.
– Синлиси шығар, – деп гәпке араластым мен.
– Сиңлим емес. Кызым! Тынышымызға аўқатымызды жесек қәйтеди! – деп шоршынды енди нашар.
Ҳәммемиз жым болдық.
– Соның менен танысыў мересими өз жуўмағына жетти. Нашар қызын жетелеп бизлерден бурын орнынан турды.
Қызық, емлеўханаларда түсликтен кейин «тихий час» деген ўақыт болады. Оны да инсан саламатлығы ушын шыпакерлер ойлап тапқан шығар. Бул дәстүр санаторияларда да бар екен. Бирақ, мен күндиз уйқылаўды үрдис етпейтуғын болғанлықтан қолыма қалың дәптеримди алып, дөретиўшилик пенен шуғылланбақшы болып, салқын саяманлы скамейкаға барып шөктим. Өзимше қыялыма келген бир нәрселерди шыжбайлаған болдым. Дәптер бетлерине түскен дәслепки қатарлар санатория жайласқан мәкан ҳаққындағы туңғыш тәсирлер болып, оны «Моҳи Хоса» деп атаған едим.
Қәпелимде қырғызша сөйлеген кишкене қыздың даўысы еситилди:
– Мама, буяққа қара, бизге таныс аға отыр! Жүр сол жаққа барайық! – деди ол.
Ол анасының қолынан жетелеп, оны мен тәрепке әкелмекши. Анасы болса, келгиси келмей, қарсылық көрсетип атыр. Қызы сыңсып жылағаннан кейин ол нәйиләж оның айтқанына көнди.
– Сен ағаң менен отыра бер, мен дәриханаға барып келейин, – деди сонда қыздың анасы.
«Яқ», дегенине қарамай қызы оны айтқанына көндирди.
– Неге дәптериңизди жаўып қойдыңыз, салған сүўретиңизди бизлерге көрсетиң, – деди қыз.
– Сүўрет емес, ол қосық, қызым, – дедим мен.
Ол мениң гәпиме ҳайран қалды.
– Сиз мениң әкемсиз бе? – деп сораў берди ол маған тосаттан.
– Мен не деп жуўап береримди билмей албырап қалдым.
Анасы оған:
– Биймәни сөзлерди айта бермей тыныш отыр! – деп ескертиў берди.
– Яқшы, – деди қыз, сөйтти де бизлерден нан усағын излеп, қасымызга жақын келген кептерлерди қуўалып кетти.
Асханада бизлерге атын айтпаған нашар енди негедур мениң қолжазбама қызығып қалды.
– Қосығыңызды көрсем бола ма, – деди ол.
– Болады, атыңызды айтсаңыз жан деп көрсетемен, – дедим мен.
– Атым, Динара! Қәне, көрсет!
– Өзим оқып бермесем қарақалпақшаға түсинбейтуғын шығарсыз.
– Яқ, түсинемен. Поэзияны өзим оқымасам, ләззет ала алмайман.
– Бопты.
Мен оған қосык дәптеримди создым, ол ҳәрбир қатардың үстинен бармағын жүргизип оқыды. Даўысының жағымлысын айтсеш. Тек көринис-келбети емес, сыңғырлаған сести де, адам сүйсинерлик дәрежеде әжайып екен. Негедур қыймыл-ҳәрекети маған унап баратыр, жүрегим ҳәдден тыс қатты соғып, өзимди устай алмай баратырман. Буншама не болған маған? Тап бир Ш.Айтматовтың қаҳарманы алдымда отырған сыяқлы тәшўишке түсе басладым. Көзлерим жаўтаңлап, оны нәпеси менен қоса жутып қоймақшыман.
МОҲИ ХОСА
Бухарада небир әмирлер өткен,
Ҳәр бири тарийхқа из салып кеткен,
Солардан бул күнге мәрдана жеткен,
Теберик мәкансаң сен Мохи Хоса!
Сәрўан өтер еди кәрўаны менен,
Кеўлинде сән әлўан әрманы менен,
Әмир Әлимханның пәрманы менен,
Бой тиклеген сарай-сен Моҳи Ҳоса!
Бухараның шар тәрепин айланып,
Сарай қурыў нийетинде ойланып,
Ақырында бул мәканнан жай алып,
Биният болғансаң сен Мохи Хоса!
Шыпалы ҳаўасын билмекши болып,
Бул шәҳәрдиң төрт жақ тәрепин шолып,
Ең соңында усы мәнзилге қонып,
Сени сарай еткен о Моҳи Хоса!
Пәрман менен бирнеше қой
сойдырып,
Гөшин илип, төрт тәрепке қойдырып,
Бузылмаған еттен үлкен той қылып,
Сени мәкан еткен о Мохи Хоса!
Қәнитзек-перийлер шомылған ҳаўыз,
Айтсаң арзыр қанша толтырып аўыз,
Ышқы отында Әмир болған ба жаўыз?
Сезимлер гуўасы о Мохи Хоса!
Неге бунша көзге ысық бу кәра?
Бир көриўге ынтық болған пуқара,
Сен арқалы даңқ таратқан Бухара.
Муқәддес-ҳүр мәкан о Моҳи Хоса!
Әмир салтанатын әўладлар көрер,
Ҳәрким несип еткен дәўранын сүрер,
Пәрлери мың рең таўыслар жүрер,
Сен бейиш мәкансаң о Моҳи Хоса!
Шүкирмен, қолыма алмадым ҳаса,
Сени мақтадым ба мен жүдә аса?
Журтың тарийхында сен мәңги жаса,
Теберик қәдем жай о Моҳи Хоса!
Әллен ўақытта ол қосықты оқып болды.
– Неге бунша үнсиз үңилип қалдыңыз маған? – деди ол бир ўақытта.
– Сизге қырғыздың кинорежиссёр қызының атын қойыпты дә! – дедим мен қәддимди тиклеп.
– Аўа, Динара Асановадай болсын, деп ата-анам кино ҳөнерине ықласымды аңлап атымды солай атаған. Бирақ, орта мектепти питкерип, ВГИК ке тапсырған мен киноға қызығыўшылығым болғаны менен тәжирийбем, актрисалық шеберлигим жеткиликсиз болғанлықтан мандаттан «қулап», Бишкекке қайтып келдим,
– Енди не қылып атырсыз?
– Өзимиздеги көркем өнер институтына кирген едим, мына қыздың дүньяға келиўи себепли биринши басқышты питкерип, академиялық отпуска алғанман.
– Мен оның тәғдирине қызығып кетип, оған тағы да сораў бермекши болдым. Бирақ, ол мени тоқтатып таслады:
– Тилиңиз қырғызшадан көре қазақшаға жақын қусайды, өтиниш, мен ҳаққында көп нәрселерди билиўге де урынбаңыз-шы, кеўлим бузылып кетеди. Маған өзиңиз ҳаққында да айта бермең, себеби мен өзи сондай адамман, сумлығым жоқ, исенгиш, бояў боспан ба, танысқан кисини сынап билмеймен бе, сөйлеген сөзине, жүрис-турысына қарап, бирден унатып қаламан. Мына кызымның әкеси менен ушырасқанымда сондай аўҳалға дус болғанман, соның ушын Қырғызстанның, Қазақстанның курортларынан алыс жүрейин, деп Өзбекстанның аты айтыўға қыйын усы «Моҳи Ҳоса» деген санаториясын таңлаған едим. Қазак, қырғыз жигитлеринен аўлақ жүрейин десем, енди қарақалпақ сиз маған тап болып турсыз. Асханадағы орнымды өзгертсем бе екен, деген ойым да жоқ емес. Шынында да, адам сыр сақлап билиўи керек қусайды. Мен гейде өзимди түби жоқ шелекке мегзетемен. Әңгимелескен адамыма ишки дүньямды төгип таслайман. Москвадан сақтым сынып, Қырғызстанға көркем өнер институтына келдим. Мына қыздың әкеси сол институтта оқытыўшы екен, мениң менен танысқан гезлеринде үйленген адам екенлигин маған айтпады. Кейин бир-биримизди унатып, ашық-машық болып қалдық. Соң некесиз усы қыз дүньяға келди. Ол: «менде шаңарақлық бахыт жоқ, бийперзентпен, ҳаялым туўа алмайды, оның менен ажырасып, сени аламан» деп ант ишкени менен берген ўәдесинен шыға алмады, суд олардың некесин бузбады.
Муҳаббат аталмыш сезимниң қулы болып мени де, өзин де усы аўҳалға салғаны ушын өзинен бетер мени көбирек аяйды. Ал, истиң ақыбетин ойламағаны ушын мениң оған қатты ғәзебим келеди, оның жүзин көрмейин, умытсын мени, деп көпшилик биле бермейтуғын усы санаторияға жоллама алып келдим. Енди қайдан билгенин билмеймен, кеше ол маған телефон етип тур, «қоңыраў етип атырған үйдегилер шығар» деп, абайламай телефонды тыңлап қойдым. Маған жоллама берген кәсиплик шөлкемдегилер санаторияның атын, мәнзилин айтып қойған болса керек, енди «кейниңнен бараман» деп атыр. Мен бул жерден тезирек кетиўим керек. Болмаса, ол келсе, оны унататуғынымды жасыра алмайман, бояў бослығым бар, айтқанына көнип, тағы ушырасып қояман.
«Дәриханаға барыўым керек» деп Динара орнынан турып кетти.
Еситкен гәплеримниң тәсиринде сам-саз болып отырсам туўры алдыма бир жигит келип тур. «Қырғызстаннан келген Динара деген нашарды танымайсыз ба», деп меннен сорайды.
Негедур өзимди тута алмай қалдым: – Танымайман! – деп жекириндим мен.
– Ҳаў, әстерек, аға! – деди ол мени өзинен жасы үлкен көрип.Ол жигит келди. Скамейкада бир өзим отырған меннен сорамасы бар ма.
– Мен ондай нашарды танымайман! Бул жерде бурынғы аўқамнын барлык жерлеринен келген емлениўшилер бар, қайсы бирин билип боласаң, – дедим мен.
Ол оғыры мәдениятлы жигит екен.
– Кеширерсиз, қайда екенлигин қабыллаў ханасына барып сорарман, деп ол меннен алыслады.
Негедур мениң кейпиятым қашып кетти. Не қыларымды билмей, терең тәшўишке түсип, үнсиз отыра бердим. Бир ўақытта еситилген шаўқымнан төмен түсип кеткен басымды көтерип, даўыс шыққан жаққа қарасам, меннен Динараны сораған жигит, оның қызы Жәмийланы қолында көтерип киятыр! Қыз оның мойнынан қатты қушақлап алган!
Анасы:
– Жәмийла! Түс жерге! Түс жерге! – деп бақырады.
Қызы оны тыңламайды. Қалай тыңласын, әкесин сағынып қалған. Әкениң аты әке-дә! Динара оның жүзин көрмеймен, деп қанша қашқаны менен тәғдир оларды қайта дусластырды.
Мен аты-затын билмейтуғын жигит сүйиклиси Динара ҳәм оннан туўылған айдай қыз Жәмийланы алып санаториядан шығып кетти…
Олар енди қайда барады? Туўмаған ҳаялы буларды көрсе, не қылады, қандай аўҳалға түседи? Оны бир Қуда биледи!
Адасқанның айыбы жоқ, қайтып жолын тапқан соң.
Енди түрли ойлар мени тәшўишке сала баслады. Ол жигит туўмайтуғын ҳаялы менен суд арқалы ажырасып келди ме екен?
Негедур қалған жағында мениң де санаторияда болғым келмей қалды.
Санаторияның емин мисе тутпадым ба? Маган не керек өзи? Билмеймен, ақылым ҳайран.
Арадан айлар өтип, енди өтмишке ой жуўыртып, ақылға салып билсем, жүрегим менен сырлассам, гәптиң ырасы, о ессиз басым, маған Динараның мени унатып қалғаны керек екен-ғо!…
Алп СУЛТАН
Қарақалпақстан халық жазыўшысы.
