Мәмлекетти раўажландырыў стратегиясы шеңбериндеги ўазыйпалар, қабыл етилген мәмлекетлик бағдарламалардың орынланыўын тәмийинлеў
бағдарында халқымызды социаллық жақтан қоллап-қуўатлаў, исбилерменликти раўажландырыў арқалы жумыссыз пуқараларымызды жумысқа орналастырыў, мәҳәллелерди абаданластырыўға айрықша итибар қаратылмақта.
Президентимиз Ш.Мирзиёевтиң 2022-жыл, 23–24-февраль күнлери Қарақалпақстанда болған сапары даўамында Шоманай районы Хорезм ўәлаятына бириктирилген еди. Мине, соннан берли арадан өткен еки жыл ишинде Хорезм ўәлаяты районның раўажланыўына өзлериниң минсиз хызметлерин ислеп, көплеген жәрдемлерин берип келмекте.
Жақында Шоманай районы ҳәкими Баҳадыр Янгибаевтың басшылығындағы ҳәким орынбасарлары, исбилерменлерден ибарат делегация ўәкиллери Хорезм ўәлаятында барып қайтты. Бундағы мақсет санаат-қурылыс, исбилерменлик, киши бизнес, аўыл-хожалығы тараўларында тәжирийбе алмасыў болды.
Делегация ўәкиллерин Хорезм ўәлаяты Саўда–санаат палатасы баслығы Қудратбек Эгамбердиев күтип алды.
Олар дәслеп Үргениш қаласындағы “Хорезм жипеги” ЖШЖ гезлеме таўарлар ислеп шығарыўшы текстил фабрикасының искерлиги менен жақыннан танысты. Кәрханада 1000 нан аслам жумысшы хызмет етеди. Күнниң екинши ярымында Үргениш қаласында жайласқан тәбийғый пахта талшығынан тигиў трикотаж өнимлерин ислеп шығарыўға қәнигелестирилген “Uztex Urganch” жуўапкершилиги шекленген жәмийетине барып, кәрхананың жумыс барысы менен танысты. Кәрханада бүгинги күнде ең сыпатлы трикотаж өнимлери ислеп шығарылып, тийкарынан сыртқы базарларда – Россия, Қытай, Туркия, Европа ҳәм FMDA мәмлекетлерине экспорт етилмекте. Ҳәзир кәрханада 670 тен артық жумысшы мийнет етеди.
Районнан барған делегация ағзалары буннан басқада дыққатқа сазаўар орынларды барып көрди. Сондай-ақ, Шоманай районы ҳәкими районның социаллық-экономикалық көрсеткишлери ҳәм имканиятлары ҳаққында ўәлаят исбилерменлерине презентация жасады. Буннан кейин Шоманай районы ҳәм ўәлаят исбилерменлери санаат, қурылыс, ислеп шығарыў, аўыл-хожалығы тараўларында өз-ара пикир алысып, бирге ислесиў бойынша келисип алынды.
Усы сапарға арналған ҳәм Шоманай районы мәҳәллелеринде жаңа Өзбекстанды раўажландырыў бойынша жүргизилип атырған жумыслар менен танысыў бойынша районда журналист, блогерлер қатнасыўында медиа тур өткерилди, яғный район ҳәкимиятының пресса хызметкери Шарапатдин Абдрахманов шөлкемлестириўинде, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл ПҚ-228-санлы қарарының ҳәм Министрлер Кабинетиниң 308-санлы қарарының орынланыўы барысы бойынша журналист ҳәм блогерлер мәҳәллелерге ажыратылған 500 млн. сум қаржы есабынан әмелге асырылып атырған жумыслар менен жақыннан танысты.
Районның “Мәденият” МПЖ, “Айбүйир” МПЖ ҳәм “Моншақлы” МПЖ ларына барып ол жерде жасаўшы турғынлардың мүрәжәтлери бойынша жетиспей атырған электр тармақларын жаңалаў мақсетинде жаңадан заманагөйлескен трансфоматорлар қурылып берилип, көшелерге пуқаралар ҳәм олардың балаларының жаўын-шашынлы күнлери емин-еркин жүриўлери ушын түнги жақтыландырыў үскенелери орнатылған тротуарлар салынған. Мине, буннан басқа да ислердиң Президентимиз тәрепинен ажыратылған “Ҳәр бир мәҳәллеге 500 млн. сум” ҳәрекетиниң әмелде өз орнында ислетилип атырғанының гүўасы болдық.
Қарақалпақстанның ең түпкир районларының бири болған Шоманай районында да бүгинги күни өзгерислер көп. Районның инфраструктурасы жақсыланбақта.
Исленип атырған ислерден аймақ турғынлары қуўанышта екенлигин билдирип, Президентимизге көрсетип атырған аталық ғамқорлығына өз миннетдаршылықларын билдирди.
Шүкирбай Сипатдинов,
Журналист.
Шоманай районы.
