“Қарақалпақ қандай халық десеңиз,
Улы уста, қызы шебер көрсеңиз…”
Шайыр Г.Дәўлетова тәриплегениндей халқымыздың ул-қызлары жүдә өнерли.
“Өнермент” бирлеспеси Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен өнерментлердиң өнимлерин сатыўға көмеклесиў мақсетинде шөлкемлестирилген канал группасына өнерментлердиң қол мийнетинен дөрелген өнимлерин көрип инсан қолы гүл-аў деп ҳәўеслендим. Гөззаллықтан сабақ бериўши қол өнерлериниң түрлерин раўажландырып ҳәм өнери менен ығбалын жаратып атырған нәзик талғамлы шебер ийелери миллетимиз мақтанышы.
Усы каналға ислеген өнимлерин қойған жас өнерментимиз Азада Бекмуратованың жумыслары менен қызықсынып телефон арқалы байланыстым.
– Апа, үйренемен дегенге имканият көп-ғой. Өзим социаллық тармақлардан көрип, қызығып ислеп көрейин деп ҳәрекет еттим.
Сабырлылық пенен излендим, биринши өнимим кеўлиме унағандай болып шықты. Кем-кем ойлаў фантазиям менен гөззалландырып, шырайлы затлар ислей басладым. Материалларға мүтәжлигим сезилип, тигиўши әжапам Сахыба Бекмуратовадан аўысқан, қыйынды материалларды алып, өнимлеримди көбейтип, телеграмм группамды ашып затларымды жайғастырдым.
Ҳәр бир нәрседен орынлы ҳәм утымлы пайдаланған Азада Бекмуратова өз өнерин раўажландырып ҳәм кеңейтип, қарыйдарларды көбейтип барды.
Әлбетте, ҳаял-қызларымыз гөззаллық шайдасы. Оларға гөззаллық бағышлаўшы тағыншақлар жаратып, дәўир нәпеси менен өнерли ҳәм билимли қызымыз быйыл Хожели медицина техникумының питкериўшиси, жас шаңарақ ийеси. Жумыс пенен өнерди теңдей алып барыўды режелестирип атырған А.Бекмуратоваға өнери өмирин безеп, кәсиби менен камал табыўын тилеймиз.
Зибира АБДИНИЯЗОВА.
