Ҳәр жыл сайын бәҳәр мәўсими байрамлар менен басланады. Бәҳәр айының екинши ҳәптесиндеги 8-март сәнеси ҳаял-қызлар байрамы кирип келеди. Хош, меҳрибан аналарымыз, қәдирдан ҳаял-қызларымыздың бул күнди байрам сыпатында белгилеўиниң себеби неде? Дүнья жүзи ҳаял-қызларының барлығы да бул күнди байрам сыпатында белгилейди ме? Бул саўалларға жуўап табыў ушын тарийхқа нәзер таслаймыз.
Ҳәммеге белгили бул байрам Клара Цеткина исмли ҳаял менен байланыслы. Клара Цеткина 5-июль 1857-жылы Саксония қаласында туўылған. Исми шәрийпи Клара Айснер. Лейпциг округиндеги лицейде тәлим алған, миллети немец. Ол сол жерде өзинен 7 жас үлкен Иосиф Цеткин менен танысқан. Клара 1881-жыл жасап атырған жери Германиядан қашыўға мәжбүр болады. Әўели Цюрихқа, кейин Австрия арқалы Италияға ҳәм ақырында 1882-жылы Парижге келеди. Париждеги қашқынлар арасында күйеўи де бар еди. 1882-жылдың аяғында Клара қызлық фамилиясын Цеткина деп өзгертеди, бирақ некеден өтпейди. Еки балалы болады. Клара ол жерде дослар арттырады. Итибар бериң Карл Маркстиң қызы Лаура Лафарктен көп нәрселерди үйренеди.
Бурынғы Аўқамының дәўиринде бул байрамның негизин салған Клара Цеткина деп халықтың санасына сиңдирип келген.
Енди усыған байланыслы басқа бир тарийхый мағлыўматқа нәзер тасласақ, 1857-жылы 8-март күни Нью-Йорктиң аяқ-кийим ҳәм үстки кийим тигиў фабрикасының исши ҳаял-қызлары манифестке жыйналады. Олар 16 саатлық жумыс күни дым узақ екенлигин ҳәм айлықларының ерлер менен теңлестирилиўин талап етеди.
Тап сол күни Нью-Йорктиң басқа да жерлеринен жүзлеген ҳаял-қызлар сайлаў ҳуқықын да талап етип, митингке шығады. Себеби, олар күнине 16 саатлап жумыс ислер еди. Ал, еркеклер болса 10 саат ислейтуғын еди. Сөйтип Нью-Йоркте ҳаял-қызлар шөлкеми дүзиледи. Оған ҳаял-қызлар ағза бола баслайды. Бирақ, буған шекем биринши мәрте яғный 1891-жылы 19-март күни Австрия, Дания, Германия ҳәм Швецарияда ҳаял-қызлар байрамы сыпатында белгиленди. Оған миллионлап ҳаяллар ҳәм ерлер көшеге шығып манифестлерге қатнасады.
1910-жыл Копенгагенде өткен халықаралық конференцияда 8-март сәнеси халықаралық ҳаял-қызлар күни байрамы етип белгилениўине ериседи.
Россияда болса бул байрам биринши мәрте 1913-жыл Питербургте нышанланады. Солай етип ҳаяллар ерлер менен ҳәр қандай сиясий гүресте де тең ҳуқықлы болыўға еристи.
1965-жылдан баслап халықаралық ҳаял-қызлар күни – дем алыс күни деп белгиленди. Әсте ақырынлық пенен бул күни ҳаял-қызлар өз ҳуқықларын талап қылғанлықта емес бәлким, оларды қәдирлеў, ҳүрметлеў ҳәм көклерге көтериў күни етип белгилене баслады.
1917-жылы патша Россиясы қулатылып, социалистлик мәмлекет дүзилгеннен соң яғный ҒМДА қурамындағы барлық еллер бул күнди ылайықлы түрде байрам сиясатында белгилеп келмекте. Соның менен бирге Европа еллеринде де нышанланады.
Бизиң мәмлекетимизде ҳаял-қызларға әзелден баслап үлкен ҳүрмет пенен қаралған. Ҳәзирги ўақытларда да олар ерлер менен тең сапта турып, жәмийетимиздиң ҳәр қандай тараўларында хызмет етпекте. Олардың турмысымызда ерисип атырған табысларын ада етип таўыса алмаймыз.
Әзиз апа-сиңлилеримизди, ҳаял-қызларымызды ҳүрметлеў бизиң халқымыздың ағла пазыйлетлериниң бири десек болады. Олар күнине керек болса, 24 саат жумыс ислейди. Олар шаңарағымыздың аспазы, тазартыўшысы, тәрбияшысы, шыпакери, жубатыўшысы э-ҳей, бир сөз бенен айтқанда үйдиң берекети. Олар айлық талап етпейди, дем алыс алмайды. Олардың айлығы – меҳир менен муҳаббат!
Мақаланың соңында биз де қәдирдан ҳаял-қызларымызды 8-март байрамы менен қызғын қутлықлаймыз. Бәршеңизге саў-саламатлық, шаңарағыңызға пайыз-берекет, ығбал-несийбе тилеймиз. Өмириңиз узақ, бахтыңыз зияда болсын.
Интернет материаллары тийкарында таярлаған: Шүкирбай СИПАТДИНОВ,
Журналист.
