СИЙРЕК УШЫРАСАТУҒЫН БАХЫТ ИЙЕСИ

Қараөзек районы, Қуралпа Аўыл пуқаралар жыйынының Бескемпир аўылында жасаўшы Злиха Утамбетова быйыл жүз жасты қарсы алып атыр.
Бир әсирдиң жүзин көрип, ең кексе инсанлар қатарынан орын алып атырған теберик апамыз Злиха Утамбетова 1924-жылы Шымбай районы ҳәзирги Қараөзек районында дүньяға келген. Өмирлик жолдасы Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшысы болған. Өзи аўыл-хожалығында мийнет еткен. Үш ул, төрт қызлы болған. Өмирдиң “ашшысы да, душшысы да” бар екен, апамыздың еки улы, еки қызы қайтыс болған. Перзентлери түрли тараўларда өз орынларына ийе инсанлар болып, ҳәзирги ўақытта ҳүрметли дем алыстағы нураныйлар.
– Узақ жасаўдың сыры – адам мийнеттен қашпаў керек. Қәнәәт-берекетке жеткереди, – дейди жүз жаслы анамыз Злиха Утамбетова.
Бүгинги күнде перзентлеринен 29 ақлығы, 49 шаўлығы ҳәм 6 қуўлығы бар. Ақлықларының бири муғаллим, бири спортшы, бири мийирбийке, бири тис шыпакери. Меҳир-мүриўбеттен ақыл-парасаттан, өмир сабақларынан жол көрсетиўши аналарымыз – ҳәр бир шаңарақтың төриниң жарасығы. Злиха анамыз бүгин ақлық–шаўлықларының ардағындағы бахытлы шаңарақтың бахытлы инсаны. Ҳүкиметимиз тәрепинен 2000-жылы «Шухрат» медалы менен сыйлықланған.
Өмири даўамында әпиўайылық жолынан жүрип, аўыр мийнетиниң нанын жеп, бүгин сийрек ушырасатуғын бахыт ийеси Злиха Утамбетоваға жүзинши бәҳәриңиз қутлы болсын, деймиз!
Жумагүл ЕМБЕРГЕНОВА,
Өз хабаршымыз.