Суў шешек (Ветряная оспа) – киши жастағы балаларда ҳаўа тамшы жолы арқалы жуғатуғын өткир жуқпалы кеселлик. Кеселликтиң тийкарғы қоздырыўшысы вирус.
Оның дереги аўырыў адам. Аўырыў кеселликтиң жасырын дәўиринен қабыршақланып түсиўине шекемги аралықта сыртқы орталыққа қәўипли кеселлик тарқатыўшы есапланады. Бул кеселлик пенен көпшилик жағдайда балалар кеселленеди. Кеселлик әсиресе 6 айдан 7 жасқа шекемги балаларда болып, 12 жасқа шекемги балаларда жеңил өтеди. Суў шешек сыртқы орталыққа шыдамлы, лекин қуяш нуры тәсиринде, ультрафиолет нурланыўда набыт болады. Суў шешектиң жуқпалы ўақты таспа шықпастан 24 саат алдын ҳәм кейинги 5 күнге шекем жуқпалы болып, ҳаўа тамшы жолы арқалы сөйлескенде, жөтелгенде, түшкиргенде жуғады. Егер ҳәмледар ҳаял аўырса, ҳәмлеге өтип, бала туўма нуқсанлар менен туўылады. Және де кеселлениў аўыллық жерге салыстырғанда қала шараятында еки есе көп ушырасып, кеселликтен кейин турақлы иммунитет қалады. Оның белгилери, жасырын дәўири 1-3 ҳәпте даўам етип ҳәлсизлик, бас аўырыў, иштейи пәсейиўи, териде таспалар пайда болады. Сол ўақытта интоксация күшейеди, дене ыссылығы көтериледи.
Егерде балаларда усы белгилер пайда болса, кеселленген баланы басқа балалардан ажыратып, бөлек жатқарыўы, оның жеке қолланатуғын затларын бөлеклеўи тийис. Балада дене ыссылығы көтерилгенде аспирин ҳәм тағы басқа да дене ыссылығын түсириўши дәрилер бериўге болмайды. Олар баўырды зыянлайды.
Аўырған бала балалар бақшасына баратуғын болса, оны 21 күнге шекем бақшаға апармаўы тийис. Бала жатырған бөлмени тез-тез самаллатып турыў мақсетке муўапық болады.
Феруза Турымбетова,
Нөкис қаласы, 2-санлы шаңарақ поликлиникасы шыпакери.
