Турмыста санлы технологиялардан пайдаланыў арқалы исленетуғын жаңа жынаят түрлери пайда болды. Оларға қарсы гүресиў усылларынан бурын айырым терминлерге түсиник берип өтпекшимен.
Крипто-актив – мағлыўматлардың бөлистирилген реестриндеги санлы жазыўлар жыйындысы болған, қуны ҳәм ийесине ийе мүлкий ҳуқық.
Мағлыўматлардың бөлистирилген реестри – мағлыўматларды қәнигелестирилген блокларда бөлистириўши технология болып, бунда ҳәр бир жаңа блок алдыңғы блок пенен криптографиялық қол таңба арқалы байланысады.
Крипто-активлер айланбасы тараўындағы хызмет түрлери:
— майнинг – есаплаў операцияларын басқарыў арқалы мағлыўматлардың бөлистирилген реестрин киргизиў, блоклардың бирлигин жаратыў ҳәм тастыйықлыў хызмети;
— крипто-активлер айланбасы тараўындағы хызметлер провайдерлер хызмети.
(Буннан кейин хызметлер провайдерлери деп жүргизиледи) – физикалық ҳәм юридикалық шахсларға, соның ишинде олардың атынан крипто-активлерди сатып алыў, сатыў, алмастырыў, сақлаў, шығарыў, жайластырыў ҳәм басқарыў бойынша хызметлерди көрсетиўши Өзбекстан Республикасының резидентлери болған шахслар.
Хызметлер провайдерлериниң түрлери:
Крипто-биржа – крипто-активлерди сатып алыў, сатыў ҳәм алмастырыў ушын электрон платформаны усыныўшы шөлкем;
Крипто-депозитарий – крипто-активлерди шығарыў, оларды жайластырыў ҳәм сақлаў бойынша электрон платформа ҳәм техникалық ҳәм дәстүрий қураллар комплексин усыныўшы шөлкем;
Крипто-дүкан – крипто-активлерди сатып алыў ҳәм сатыў барысынан хызметлер көрсетиў бойынша электрон платформа, техникалық ҳәм дәстүрий қураллар комплексин усыныўшы шөлкем;
Ақырғы бенефициар мүлк ийеси – хызметлер провайдерлерин тиккелей ямаса қосымша шөлкемлестириўши ямаса оның устав қорындағы үлеслерине тиккелей ямаса қосымша ийелик етиўши яки усы шахсқа тиккелей ямаса қосымша ийелик ететуғын ямаса оны қадағалайтуғын физикалық шахс.
Бул санлы технологиялардан пайдаланыў жолы менен исленетуғын жаңа түрдеги жынаятлар ушын жуўапкершиликлерди белгилеў мақсетинде 2024-жылы 19-январьда Өзбекстан Республикасының «Өзбекстан Республикасының Жынаят, Жынаят-процессуал кодекслерине ҳәм де Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик Жуўапкершилик ҳаққындағы Кодексине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы 899-санлы нызамы қабыл етилди.
Усы Нызамның 1-статьясы 1-бәнти менен Жынаят кодексиниң 165-статьясы, яғный таўламашылық (жәбиркешке ямаса оның жақын адамларына зорлық ислетиў, мүлкине зыян келтириў ямаса набыт етиў яки жәбиркештиң мәлимлеме ресурсын жоқ қылыў, өзгертиў, ийелеп алыў яки тосып қойыў ямаса жәбиркеш ушын сыр сақланыўы лазым мағлыўматларды жәриялаў, оны әшкара ететуғын жалған тарқатыў менен қорқытып өзгениң мүлкин ямаса мүлкий ҳуқықын тапсырыўды, мүлкий мәплер бериўди ямаса мүлкий бағдардағы ҳәрекетлерди ислеўди талап етиў ямаса жәбиркешти өзиниң мүлкин ямаса мүлкке болған ҳуқықын бериўге мәжбүр қылатуғын шараятқа салып қойыў) ушын жаза шарасы толықтырылған.
Нызамның 1-статьясы 2-бәнти менен XX-1 бап төмендеги мазмундағы 278-8 ҳәм 278-9-статьялар менен толықтырылған:
278-8-статьясының 1-бөлиминде крипто-активлер айланбасы тараўындағы нызамбузыўшылық, яғный крипто-активлерди нызамға қарсы рәўиште алыў, өткериў, алмастырыў, белгиленген тәртипте лицензия алмастан крипто-активлер айланбасы тараўындағы хызметлер провайдерлери хызметин әмелге асырыў ямаса крипто-активлар айланбасы тараўындағы хызметлер провайдерлери тәрепинен аноним крипто-активлер менен операцияларды әмелге асырыў ҳәрекетлери ҳәкимшилик жаза қолланылғаннан кейин исленген болса, 2-бөлиминде усы ҳәрекетлер тәкирар ямаса қәўипли рецидивист тәрепинен көп муғдарда бир топар шахслар тәрепинен алдыннан тил бириктирип исленген болса, 3-бөлиминде усы ҳәрекетлер жүдә көп муғдарда хызмет лаўазымынан пайдаланған ҳалда шөлкемлескен топар ямаса оның мәплерин гөзлеп исленген болса жынайы жуўапкершилик нәзерде тутылған.
278-9-статьясында усы тақылетте аноним крипто-активлер майнинги менен шуғылланыў ямаса белгиленген тәртипти бузып майнинг хызметин әмелге асырыўға байланыслы жынайы жазалар белгиленген.
Усы Нызам мәлимлеме-коммуникация технологияларынан пайдаланып, исленип атырған жаңа түрдеги жынаятлардың алдын алыўда ҳәм бундай жынаятлар ушын да жаза сөзсиз қолланылыўын тәмийинлеўге хызмет етеди.
Дилбар БЕКБАЎЛИЕВА,
Нөкис қаласы, Әдиллик бөлими мәмлекетлик хызметлер орайы бас қәнигеси.
