РОМАНС

Солай уйғарысты, солай келисти,
Жүзимзардың саясында көристи.
Опадарлы бир шаңарақ болыўға,
Беккем турып, беккем ўәде беристи.

Бес жыл өтти,
Бузылысты ҳәрекет.
Пәршеленип кетти таўдай
берекет,
Сый қалмады бирге айран ишерлик,
Исенимди жойды гәп-сөз – пәлекет.

Және уйғарысты, және келисти:
Шала питкен үйди сатып бөлисти,
Әке қыздан, ана улдан алыслап,
Саў басқа саўдалы машқала түсти

Байланды мүриўбет – мийрим булағы.
Өшти шаңарақтың үмит шырағы.
Баяғылар қалды жүзим бағында,
Әўмет қырын қарап, ығбал жылады.

ҚЫСҚА ҚОСЫҚЛАР

Адамзаттың муҳаббаты, мийрими—
Өмир ағысының әжеп ийрими.
* * *
Мың ҳәсирет, ғаўға салып басыма,
Тәңир, «доспан» дегенлерден асыра.
* * *
Сап ышқыға мегзер алдамшы сезим,
Муҳаббаттан парқын айырар өзиң.
* * *
Өтсе де қызлардың жети дүркини,
Ҳеш бирине кеўил қоймаў күлкили.
* * *
Топырағың қайдан алып ийленген?
Шалқасына шайтан түсер ҳийлеңнен.

Қалбай РЕЙПНАЗАРОВ,
Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының ағзасы.