Ҳәр бир оқыўшыныӊ қәлбинде турған,
Билим китабыныӊ мазмуны болған,
Бәрқулла меҳрибан анаӊдай инсан,
Бас ийемиз сизге, әзиз устазлар!
Сабағыӊыз келешекке гилт болар,
Ағла пазыйлетиӊ кеўилге унар,
Көзиӊизде бәрҳа нур жайнап турар,
Шексиз миннетдармыз, әзиз устазлар!
Еслеген ўақтымда сизди мудамы,
Ойымда еӊ жақсы тәрийп турады,
Бирақ, жеткериў қыйын болады,
Әдиўли, ардақлы, әзиз устазлар!
ЎАТАН
Ырасы сөз таппай жаздым тәрийплеп,
Ўаҳ, сениӊ тәрийпиӊ теӊсиздур маған.
Меҳримди жеткериў мүшкил сүўретлеп,
Мегзейсеӊ сен жанға жақын анама!
Айдынлы Аралыӊ бар еди сениӊ,
Не болды? Қаяқта? Ҳәзир ол қайда?
Уллы тарийхыӊ бар, ақыры сениӊ,
Жасайман көркиӊе болып мен шайда.
Ер жүрек, айбатлы көп батырларыӊ,
Шегараӊа мудам болады қорған.
Тиллерде дәстан қанша арыўларыӊ,
Тумарис анадан мәртлик дарыған!
АНАМА
Нурландырар жолларымды тилеги,
ϴзим емес, балам дейди жүреги,
Мениӊ ушын барын берип жүреди,
Алдымызда аман болыӊ, анажан!
Аӊлап жеттим, аўыр екен мийнетиӊ,
Ҳеш сездирмей жасаў сениӊ нийетиӊ,
Пазыйлетиӊди жаным сүйеди,
ϴмириӊнен үлги алдым, анажан!
АРАЛҒА
Қайғырма Аралым, бир күнлер келип,
Шалқып, толып-тасып кетерсеӊ еле.
Уллы, кәраматлы күш саған енип,
Сынақларды жеӊип өтерсеӊ еле.
Бул машқала тек те сеники емес,
Бәрше мәмлекетлер машқаласы бул.
Билгенимде егер бул дәрттиӊ емин,
ϴзим емлер едим шыпакер болып.
КЕЛЕШЕККЕ
Талпынып билимге қуштарлық етип,
Келешекте оқып, шет елге кетип,
Бәрше мақсет, арзыў-нийетке жетип,
Бахыттыӊ шуғласы бизлер боламыз.
Ҳәўес етип устаз шайыр ағама,
Илҳам қусым ушып келди жаныма,
Бул бир қусым қанатларын қаға ма?
Жеткиншектиӊ шуғлалары боламыз.
Ҳәрекетте берекет бар деседи,
Көп билгенлер жумбақларды шешеди,
Жағымлы сөз қулағыма жетеди,
Бәрше ҳәўес етер шуғла боламан!
Мадина ДОЛЫМБЕКОВА,
И.Юсупов атындағы дөретиўшилик мектеби оқыўшысы.
