МӘРТ ЖИГИТИ БАР ҚАРАҚАЛПАҚТЫҢ

Маман бий, Ерназар бабаға тартқан,
Саўашта ер жүрек, көкиреги қалқан,
Қарыўы дүньяны ләрзеге салған,
Мәрт жигити бар қарақалпақтың.

Алпамыстан артық туўған анасы,
Гирбиңсиз тап-таза кеўил ханасы,
Хәммеден зыяда ақыл- санасы,
Дана жигити бар қарақалпақтың.

Қарақалпақлардың шығарған атын,
Атадан мийрас деп сақлаған салтын,
Уәдесинде турып ақлаған антын,
Опалы жигити бар қарақалпақтың.

Берген антын бас кетсе де бузбаған,
Хәмелге, байлыққа хеш уақ қызбаған,
Жүреги елим деп бәрха сызлаған,
Батыр жигити бар қарақалпақтың.

Халқымның жаўына ол да қас болған,
Қарсыласын сөз бенен-ақ тас қылған,
Жаслайынан қатарына бас болған,
Төре жигити бар қарақалпақтың.

Қара қалпақты ол басына кийген,
Елим деп, журтым деп дәртинде күйген,
Халықтың сәўбетин, сазын да сүйген,
Ғошшақ жигити бар қарақалпақтың.

Душпанын аямай басын ийдирген,
Туўысқанға ийип баўыр-бүйирден,
Сөзлерине пүтин елди үйирген,
Шешен жигити бар қарақалпақтың.

Нәўқыран, ғайратлы, өзи бир нардай,
Бәйгиге қосылған шапқыр тулпардай,
Көзи өткир, мисли ушқыр суңқардай,
Алғыр жигити бар қарақалпақтың.

АНАЖАН!

Жаралғанман жан етинен анамның,
Хасылыман меҳир берген данамның,
Ақыл берип мениң зейин-санамның,
Илгир болыўында үлесиң көп, Анажан!

Суңқар қылып ушырдың әл ҳаўаға,
Қатарымнан кем емес, болдым зыяда,
Дүньяда не керек болса балаға,
Бәрин-бәрин бәржай еттиң, Анажан!

Жумсақ қолларың менен басымды сылап,
Өзиң өрип майдалап, шашымды тарап,
Қәдирлеп көз-қарашығындай асырап,
Кәмалға келтирдиң өзиң, Анажан!

Қыйналсам белиң майысып қыйналдың,
Мен қуўансам меннен бетер қуўандың,
Барлық ерке минезиме шыдадың,
Шашыңды ағартқан мен ғой, Анажан!

Аймалап асырап сақладың бизди,
Сақлаў аңсат емес билсеңиз қызды,
Әлпешлеп жүректен сүйемен Сизди,
Дүньяда барлығымсаң өзиң Анажан!!!

НӘРЕСТЕ ҚАЛМАСЫН ЖАЛҒЫЗ

Жүрсем базар ишинде,
Көзим түсти бир қызға,
Қара торы кишкене,
Өзин урар ҳәр тусқа.

«Апа» деген даўысы,
Түршиктирер етиңди,
Билегинен усладым,
Қан жоқ сирә бетинде.

Қорқып қалған сорлы қыз,
– Не болды? – деп сорадым,
– Жойтылдым, қалдым жалғыз,
Апам жоқ, – деп жылады.

Табамыз ҳәзир анаңды,
Сен қызым жылама тек,
Шақырдым бир ҳаялды,
Қыз жойтыпты анасын деп.

Ол ҳаял кеңес берди:
– Милицияға барыңыз,
Сизге жәрдем береди,
Жағдайларын айтыңыз.

Сорадым қыздан атың,
Нургүл – деди ақырын,
Радиода айттырып,
Табамыз деп жубаттым.

Бақырып биреў шақырды,
Артыма жалт қарадым,
Емпеңлеп жуўырып киятыр,
Анасы екен пақырдың.

Көргенде қыз анасын,
Апалап жылап жиберди,
Аймалап ана баласын,
Миннетдаршылық билдирди.

Сүйсинип қарап оларға,
Өмирдиң заңын түсиндим,
Ананың меҳри балаға,
Шексизлигине исендим.

Қара торы сол бир қыз,
Көз алдымнан кетпейди,
Нәресте қалмасын жалғыз,
Анаға ҳеш ким жетпейди!!!

Арзыгүл КАНИЯЗОВА,
Нөкис қалалық 3-санлы мектептиң қарақалпақ тили ҳәм әдебияты пәни муғаллими.