НУРАНЫЙЛАРҒА ЖАРАТЫЛҒАН ИМКАНИЯТЛАР

Қариялар ҳәм майыплығы болған шахслар, урыс ҳәм мийнет ветеранлары ушын Тақыятас санаториясы неше жыллардан бери кексе әўлад ўәкиллериниң кеўлинен шығып киятыр. Өткен жылы опен бюджеттен қаржы ажратылған еди. Усы жыл март айынан баслап барлық санатория әтирапындағы қорғанлар қайтадан орнатылды. Әтираптағы пайызлы орынларға шарбақ, дем алыў орынлықлары қойылды.
Санатория әтирапына ҳәр қыйлы тереклер, мийўелер егилип, көклемзарластырып қойылған болса, олардың санлары еле де көбейтилип атыр. Сондай-ақ тратуарларға жаңадан оңлаў жумыслары исленди. Қәйткенде де нураныйлардың бул жерлерде жақсы дем алып, ўақытларын мазмунлы өткериўге имканиятлар жаратыў баслы мақсетимиз.
Себеби, нураныйлардың көпшилиги өз дәўиринде елимиздиң раўажланыўына ҳәр тәреплеме үлес қосқан, ҳәр қыйлы тараўларда жемисли мийнет еткен аға-апаларымыз. Мине, енди олар жақсы дем алып, денсаўлықларын саўалландырыўға ҳақлы.
Елимизде инсан ҳуқықлары жоқары орында турыпты. Соның менен бирге бул жерде төлемли емлениўге де жақсы шараятлар жаратылған. Қыс айы тамамланып, күнлер ысып, организмлердиң ҳәлсизленетуғын пайытлары – бул. Сол себепли нураныйлар витаминлерге бай тамақларды жеп, өзлерине қараўлары ушын бул жерде медицина хазметкерлери күни-түни хызметте. Инсан саламатлығы ушын билим ҳәм тәжирийбемизди аямаймыз.
Күлимжан ЖЕКСЕНБАЕВА,
Гүлчийра САПАРОВА,
Қариялар ҳәм майыплығы болған шахслар, урыс ҳәм мийнет ветеранлары ушын Тақыятас санаториясы мийирбийкелери.