2024-жылдың январь-март айлары жуўмақларына көре, Қарақалпақстан Республикасында ЖАӨ көлеми 5,6 % ке өсти ҳәм 7 071,2 млрд. сумды қурады.
Қарақалпақстан Республикасының усақлап сатыў товар айланысы
2024-жылдың январь-март айларында Қарақалпақстан Республикасының усақлап сатыў товар айланысы 2 388,8 млрд. сумды қурап, 2023-жылдың январь-март айларына салыстырғанда 106,5 % ке жетти.
Автомобил транспорты хызметлери динамикасы
2024-жыл январь-март айларында Қарақалпақстан Республикасында автомобил транспортында көрсетилген базар хызметлери көлеми 493,0 млрд. сумға жетти. Көрсетилген базар хызметлериниң улыўма көлеминдеги үлеси 13,8 процентти қурады.
Қарақалпақстан Республикасында орынланған қурылыс жумыслары
2024-жылдың январь-март айларында, Қарақалпақстан Республикасында жәми 1 122,5 млрд. сумлық қурылыс жумыслары орынланып, өсим пәти όткен жылдың сәйкес дәўирине салыстырғанда 105,5 % ти қурады.
ҚР статистика басқармасы мәлимлеме хызмети.
