Пуқаралық басламаларды қоллап-қуўатлаў орайы Қарақалпақстан аймақлық бөлиминде “Шаңарақтағы зорлық – ғалаба хабар қуралары нәзеринде” атамасында дөгерек сәўбети өткерилди.
Тийкарғы мақсети – жойбардың басланыўынан кең жәмийетшиликти хабардар етиўден ибарат болды. Дәслеп Пуқаралық басламаларды қоллап-қуўатлаў орайы
Қарақалпақстан аймақлық бөлими директоры, жойбар басшысы Гүлсара Жоллыбекова жойбардың мақсети ҳәм ўазыйпалары ҳаққында мағлыўмат берди.
Дөгерек сәўбетке Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң гендер теңлиги мәселелери бойынша комиссия ағзалары, Өзбекстан Дин ислери бойынша комитетиниң Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлиминиң ҳаял-қызлар ислери бойынша жетекшиси, Қарақалпақстан Республикасы Ҳаял-қызлар комитети, Қарақалпақстан Республикасы Прокуратурасы, Ишки ислер министрлиги, Миллий гвардия, Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң жуўаплы хызметкерлери, Пуқаралық суд, Адвокатура, Мәҳәлле аўқамы ўәкиллери, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер ҳәм ҒХҚ ўәкиллери, қатнасты.
Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлигиниң ҳаял-қызлар мәселеси бойынша жуўаплы хызметкери Ҳ.Реймқулова ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Прокуратурасының ҳаял-қызлар мәселеси бойынша жуўаплы хызметкери Г.Ибрагимова баянат жасады.
Жойбарда жәмийетшиликти бул машқалаға мүнәсибетин өзгертиўге, яғный ҳаялларға байланыслы зорлық, күш ислетиў түрлери ҳаққында жетерли мағлыўматлардың азлығы себепли халықты хабардар етиў машқаласын шешиўге қаратылған. Және де жойбар шеңберинде ҳаял–қызлар кеңеслери ҳәм мәҳәле комитетлери жанындағы жарастырыў комиссиялары ўәкиллери менен ҳаял-қызларға байланыслы зорлық ҳалатларын нызам шеңберинде үйрениў бойынша түсиник жумысларын алып барыў көзде тутылған.
Соң қатнасыўшылар өз пикир ҳәм усынысларын билдирип, өзлерин қызықтырған сораўларына жуўаплар алды.
Ж.ЕМБЕРГЕНОВА,
өз хабаршымыз.
