Мәмлекетимиз басшысының 2024-жыл 9-февраль күни қабыл етилген “Қарақалпақстан Республикасын комплекс социаллық-экономикалық раўажландырыў ҳәм халық бәнтлигин тәмийинлеўдиң қосымша илажлары ҳаққында”ғы қарары, сондай-ақ, Президентимиздиң 2024-жыл 26-февраль күнги «Мәмлекетимизде
санластырыў тараўындағы хызметлер экспортын раўажландырыўға тийисли қосымша ис-илажлар ҳаққында»ғы қарарына муўапық, санлы технологиялар тараўында жумыс алып барыўшы кәрханалардың жәҳән базарларына шығыў имканиятларын және де кеңейтиў, санлы технологияларды раўажландырып, хызметлер экспорты менен шуғылланыўшы компанияларды, исбилерменлерди кең қамтып алыўды қоллап-қуўатлаў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасында бир қатар илажлар әмелге асырылмақта.
Атап айтқанда, Республикамызда жаслардың информациялық технологиялар, исбилерменлик, инновация бағдарларындағы белсендилигин асырыў, соның менен бирге олардың усы жөнелислердеги жойбар ҳәм стартапларын қоллап-қуўатлаў мақсетинде Республика бойлап түрли илажлар ҳәм таңлаўлар өткерилип атыр.
Усы жылдың 25-апрель күни Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы жаслар ислери басқармасы басламасы менен Нөкис қаласы 1-санлы балалар ҳәм жас өспиримлер мектеби (Манеж) имаратында Санлы технологиялар министрлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы ҳәм «Sirius IT» академиясы қатнасында Қарақалпақстанда биринши мәрте «Digital Forum Karakalpakstan – 2024» форумы шөлкемлестирилди. Форумда информациялық технологиялар, исбилерменлик, оқыў орайлары, стартап жойбарлар ҳәм қәбилетли жаслар жәм болды. Усының менен бир қатарда форумға Нөкис қаласындағы барлық улыўма орта билим бериў мектеплериниң 9-10-11-класс оқыўшылары, профессионал тәлим мәкемелери питкериўшилери ҳәм студент жаслар да жыйналды.
Форумды өткериўден тийкарғы мақсет Қарақалпақстан Республикасында Санлы технологиялар бойынша искерлик алып баратуғын информациялық технологиялар, кәрханаларының хызметлерин ҳәм өнимлерин кең жәмийетшиликке көрсетиў, жаңа жойбарларды социаллық-экономикалық нәтийжени әмелде қолланыў болып есапланады.
Форум даўамында Нөкис қаласындағы барлық мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес оқыў орайларының көргизбелери де қойылды. Сондай-ақ, форум шеңберинде презентация етилген өним ҳәм хызметлерди әмелиятқа енгизиў, әмелде қолланыў арқалы көрилетуғын дәрамат ҳаққында да толық мағлыўматлар берилди.
Усының менен шекленип қалмастан, исбилерменлик субвектлери ҳәм болажақ исбилерменлер, илимий ҳәм информациялық жойбарларды әмелге асырыўға, информациялық технологиялар жойбарларға қызығыўшы жаслардан ибарат топарлар дүзилди.
– Ҳәр жылы «Келешек кәсиплери» жойбары шеңберинде бир ярым мың жас санлы технологияларға ҳәм шет тиллерине оқытылады. Бунда санлы технологияларды үйрениў ушын «Жаслар дәптери» фонды есабынан субсидия ажыратыў мүддети Қарақалпақстан Республикасы ушын бир жылға шекем узайтылды. Бул Ҳүрметли Журтбасшымыздың қарақалпақстанлы жасларға деген айрықша итибарынан дерек береди, – дейди Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы жаслар ислери басқармасы бас қәнигеси Ғайрат Сейтеков.
Форумда көплеген стартап ийелери өзлериниң жойбарлары менен қатнасты.
– Өткерилген форумда «Интуза» жойбары менен қатнастым. Бунда биз бизнес ийелерине Информациялық технологиялар хызметимизди усындық, яғный сайт ислеў, ойын ҳәм бот хызметлеримизди усыныс еттик, – дейди форум қатнасыўшысы Алпамыс Адилбеков.
Форумға Қарақалпақстандағы көплеген программистлер ҳәм бизнесменлер жәмленди. Олар арасындағы байланыс беккемленип ғана қоймастан, алдағы режелер белгилеп алынды.
Соңғы жыллары жаслардың илим-билим ийелеўге деген талабы жоқары болғанлықтан, жеке меншик тил үйретиў оқыў орайлары саны сезилерли дәрежеде артып бармақта. Форум шеңберинде оқыў орайларының ярмаркасы да шөлкемлестирилип, қосымша билим ийелеўди қәлеўши жаслар сол ўақыттың өзинде-ақ дизимнен өтиў имканиятына ийе болды.
Өткерилген форум жаслардың санлы технологиялар, инновациялық жойбарларға болған қызығыўшылықларын қоллап-қуўатлаў, әмелиятқа енгизиў бойынша реформа ҳәм ис-ҳәрекетлерин жаңа басқышқа алып шығыўда тийкарғы қәдем болары сөзсиз.
Қарақалпақстан тарийхында дәслепки рет шөлкемлестирилген форум ҳәр жылы өткерилиўи режелестирилмекте.
Индира МАМБЕТНАЗАРОВА,
ϴзбекстан Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы жаслар ислери басқармасы Баспасөз хаткери.
