Биз санлы технологиялар дәўиринде жасап атырмыз. Жеке өмиримиз ҳәм жәмийетлик турмысымызды жеке компьютерсиз, гаджетлерсиз көз алдымызға келтире алмаймыз. Барлық тараўларда нәтийжели қолланыў менен бир қатарда билимлендириўде де информациялық коммуникация технологиялары көп ғана мүмкиншиликлерди береди. Олар оқыў процесин аңсатластырып, нәтийжели болыўын тәмийинлей алады.
Әсиресе, шет тиллерин оқытыў ҳәм үйрениўде онлайн оқыў курслары, бағдарлама оқытыў ҳәм қосымшалар кең ен жаймақта. Тил көнликпелерин раўажландырыўға қаратылған UNLOCK ҳәм NEWSMART сыяқлы көп дәрежели қосымшалар бар. UNLOCK – бес дәрежели улыўма көнликпелерди қәлиплестириўге қаратылған. Ол тапсырмаларды дыққат пенен орынлаўды, сын пикирлеўди қәлиплестириў ҳәм мотивациялық видеолар комплексинен ибарат.
Курс студентлери ушын улыўма контекстте мақсетли көнликпелерди раўажландырыўды усыныс етеди. Оның сын пикирлеўге қаратылған көнликпелерине принципиал қатнас жасаўды, мағлыўматларды анализлеў, идеялар жаратыў, жеке пикирлерин қәлиплестириў, сөйлеў ҳәм жазыўға арналған тапсырмаларды нәтийжели орынлаў ушын зәрүр болған көнликпелерди бериў арқалы қоллап-қуўатлайды. NEWSMART – бизнес, әсиресе ингилис тилине қызығыўшылар ушын арналған “WallStreetJournal” журналының күнделикли ең соңғы жаңалықларынан пайдаланылған ҳалда ислеп шығылған қосымша. Және бир белгили қосымшалардың бири–TED. EDTEDтиң жаслар ҳәм билимлендириўге қаратылған болып, мақсети дүнья жүзилик оқытыўшылар ҳәм студентлердиң өз-ара идея ҳәм билим алмасыўын қоллап-қуўатлаўдан ибарат.
250000 нан артық оқыўшылардан ибарат TED.еd глобал тармағы инновацион жетекшиликти орнатады. TED. ED дүнья бойлап миллионлаған оқытыўшылар ҳәм студентлерге хызмет көрсететуғын сыйлыққа ийе болған билимлендириў платформасына айланған.
Буннан тысқары, тил үйрениўде ойынлардан пайдаланыўдың бир қанша абзаллықлары бар. Бириншиден, ойынлар тил сабақларының әдеттеги көринисинен тәнепис, екиншиден, ойынлар түрли көнликпелер бойынша тил әмелиятын тәмийинлейди. Сондай-ақ, оқыўшыларды өз-ара сәўбет қылыўға бағдарлайды, нәтийжеде оқыўшылар тилден пайдаланып мазмунлы байланыс жаратады. Соның ушын оқытыўшылар студентлер ҳаққында (қызығыўшылығы, олардың өз-ара мүнәсибетлери т.б) хабардар болыўы ҳәм интеллектуал тәрептен қыйын болған қандай да бир мазмунға ийе болған ойынларды таярлаўы керек.
Студентлердиң дыққатын сабақтың мазмунын көрип шығыўға қаратыў ушын пайдалы екенлигин көрсеткен онлайн ойынлардың бири Kahoot. Бул санлы ойын болып, оны аудиторияда оқыўшыға жетискенлик ҳәм кемшиликлерин түсиниўде, оларды анализлеўде жәрдем беретуғын оқыў қуралы сыпатында пайдаланыў мүмкин. Сондай-ақ, оқыўшылардың дыққатын сабақ ҳәм оның мазмунына тарта алады. Сабақ барысында бундай ойыннан пайдаланыў сабақты еле де қызықлы етеди ҳәм басқалар менен бәсекилесиў ҳәм қәтержамлықты сезиў ушын имканият туўдырады.
Замира ДӘЎЛЕТБАЕВА,
Бердақ атындағы Қарақалақ мәмлекетлик университети стажёр-оқытыўшысы.
