ХАЛҚЫҢ МЕНЕН БОЛСЫН МАҚСЕТ МУРАДЫҢ

 

Өмири даўамында халыққа, елге еткен хызметлери менен атақ абырайларға ерисип, өзлери өмирден кеткени менен де халықтың ядында қалып исимлери умытылмай киятырған қанша ел перзентлери бар. Олар бүгинлиги бизиң мақтаўымызға мүтәж емес, ал, бизиң өзимиз оларды улығлаўға миннетлимиз.
Атақлы сөз зергери, XVIII әсирдиң ақырында туўылып XIX әсирде өмир сүрген Күнхожа Ибрайым улы шығармалары Ўатанды жырлаўға, елди шын мәнисинде ықлас пенен сүйип, халыққа хызмет етиўге шақыратуғын ҳақыйқый халықшыл шығармалар қатарында турады.
Шығарма баҳасы, оның қайсы дәўир болса да хызмет ете алғаны менен қунлы. Күнхожа шығармалары, оның ел журт темасында жазылған қосықлары буннан үш әсир бурын жазылғаны менен қайсы дәўир көз-қарасынан қарасаң да ҳақыйқый патриотлық сезим менен жырланғаны менен баҳалы. Әсиресе, атақлы «Ел менен» қосығы елдиң уллылығын жырлаўда теңи-тайы жоқ шығарма.
Аспанға ушарсаң болса қанатың,
Шад боларсаң шадлы болса елатың- .

Дүньядағы бағыў-ҳәрем, шәменлер,
Оның рәўиши көрки ел менен. – дейди шайыр.
Ел сениң ата-бабаң, ата-анаң өскен жериң. Оның қазанында қайнап, ыссысына, суўығына шыдам берип, перзентлик парызыңды өтемегиң керек. Шайырдың айтажағы сол. Ал, «Неге керек» қосығында болса шайыр;
Сайраған бүлбил болмаса,
Иши ҳаўазға толмаса,
Бәрқулла жайнап турмаса,
Ашылған гүл неге керек.

Сарқырап суўы ақпаса,
Еккен егинлер қанбаса,
Ўақтында тасып турмаса,
Аққан суўлар неге керек. – деп саўал кояды.
Ҳақыйқаттанда узақтан көзге түсип, шамалы қатты есип, төбеси бултқа тийип турмаса асқар таўлардың, жоқ жерден аўды таўып, көрген нәрсесин пәтленип қанатын қағып алмаса Қаршыға қустың, байрақтан төсин керип озып келмесе дал бедеўдиң, халықтың арын арламаса, бары жоғын барламаса, ашқа, тоққа қарамаса яки жылағанды жубатып, халық татқанды татпаса ел басшыларының неге кереги бар.
Еки жақты тең көрмесе,
Туўры әдиллик бермесе,
Халық оған исенбесе,
Қәтқудалар неге керек.
Қосықта тийкарынан тәрбия, қайсы нәрсениң қандай болыўы кереклиги хаққында көрсетпе бар. Адам жасай бериўи мүмкин лекин, оның адам, инсан деген критерияға жуўап бериўи ушын санасы, ақыл ойының активлиги керек. Өмирге келдиң бе жасаўды билиўиң керек деген идеяны алға сүрген шайыр:
Күндей күлип жайнамаса,
Бүлбил болып сайрамаса,
Қуўанысып ойнамаса,
Бул өмирлер неге керек – деп өмирдиң өмир болыўы ушын адамның жасаў жағдайынан келип шығып оған өзи жуўапкер екенлигин айтады.
Өзи жасаған дәўир ҳаққында мағлыўмат бериў, оның ойы менен қырын өз шығармаларында баянлаў қарақалпақ классик әдебиятының ўәкиллериниң көпшилигине тән дәстүр. Мәселен, Бердақ:
Қыдырып Ақ дәрья бойын,
Нешше мәжилис қурып тойын.

Жүрген жерим Айырша атаў.
Қара түптиң қырманына,
Бердақ бақсы мийман болды. – деп өзи жасаған жерлер ҳаққында мағлыўмат берсе, Әжинияз « Еллерим барды» ҳәм басқа да шығармаларында елдиң, жердиң тәрийпин берип Ўатанның абзаллығын жырлайды. Ал, Күнхожаның атақлы «Жайлаўым» қосығында:
Балық аўлап Тоқтас, Мантық бойынан,
Балық шаншып жазда жүрип ойыннан,
Шаншып, сайлап жүрип жайын
мойнынан,
Ата-бабам аўқат еткен жайлаўым – дейди, оннан соң:
Жайлаўым Жалайыр, Көпир ҳәм Бөгет,
Терис төбе, Узын қайыр жайлаўым.
Ержан атаў менен шығысы Ырза, Көк өзек бойы, Бекман шағыл, Жаңа суўдың бойлары, Шарқыраўық, Мүйтен бөгет, Көл саға, Айырша, Тербенбес – деп жер атамаларын атап өтиў менен бирге халықтың жасаў жығдайын көз алдымызға келтиреди. Қосықта келтирилген жер атамалары ата бабаларымыздың жайлаған жерлери, бизге тарийхый дәрек сыпатында да хызмет етери сөзсиз.
Күнхожа, Бердақ бабаларымыз өз дәўиринде Орта Азияда үлкен илим, билим орайы болып халқымыздың саўатлылығын жетилистирген Қарақум ийшан медресесинде тәлим алған.
Күнхожа изертлеўлерде, тарийхый дәреклерде салдаманлы, жүдә ақыл парасатлы адам болғанлығы мәлим. Буның бир мысалын биз Бердаққа устаз болғанлығында көремиз. Бердақ өзиниң « Күнлерим» қосығында;
Белгили халыққа нышаны,
Ядымда тур ҳәр қашаны,
Айтып сөзлерди тыңлатып,
Кемис жерин ҳәм оңлатып,
Бир ярым ай бирге жатып,
Ҳәз етип өткен күнлерим-деп Күнхожа менен өткерген күнлерин улығлайды. Ал, Ибрайым Юсупов болса:Күнхожадан бийлер кеңес сораған-деп жырлайды. Белгили драматург ҳәм жазыўшы Жолмырза Аймурзаевтың «Бердақ» драмасында да Күнхожа елдиң тәғдирин шешетуғын уллы адам сыпатында көринеди.
Ертеректе болған бир ўақыя есиме түсе береди. Қанлыкөл районында районлық халық билимлендириў бөлими хызметкерлери арасында таңлаў өткерилди. Таңлаўдың бир басқышында тест усылында « Қарақалпақ классик әдебиятының тийкарын салған ким» деген саўал берилип жуўабына Күнхожа, Бердақ, Аяпберген делинген. Мен Күнхожа деп жуўап берген қызға жоқары балл қойдым, (Төрешилердиң арасында әдебиятшы бир өзим едим, басқалары басқа тараўдан) басқа төрешилер де солай иследи. Кейин үлкен даў болды. «Қарақалпақ классик әдебиятының тийкарын салған Бердақты дурыс баҳаламадыңыз» деп бизлерге көпшилик наразы болды. Мен буның менен сол жердеги муғаллимлерди айыплайжақ емеспен. Сондай бир дәўирлер болды Бердақтан басқа шайыр жоқтай болып сезилер еди. Лекин, Бердақтың өзи тән алып устаз тутқан адамы оның саясында қалып кетпеўи керек.
Қарақалпақ халқының неше әсирлерден бери киятырған саз мәдениятында да Күнхожаның белгили дәрежеде орны бар. Бақсылар атқаратуғын намалар арасында бәлент ҳәўиж бенен атқарылатуғын «Күнхожа» намасы миллий мәдениятымыздың өзиншелилигин белгилейтуғын бийбаҳа мийрасларымыздың бири.
Усындай уллы талантқа ийе болған бабамыз Күнхожаның туўылғанына быйыл 223 жыл толады. Рус халқының уллы шайыры Пушкин менен бир жылы туўылған бабамыздың шығармаларын үйрениў келешек әўладқа сабақ болатуғынлығын биз аңлаўымыз керек шығар.
Уллы бабамыз « Ел менен» қосығында;
Халықтың қатарда халық болыўы,
Қараңғы түнектиң жарық болыўы,
Көкиректиң шадлықларға толыўы,
Талап етсе, ҳүжим етсе ел менен. – деп келип «Халқың менен болсын мақсет мурадың» – деп бәнтин басады. Әлбетте, бул арқалы ҳәр қандай исте халкыӊ қуўатлаўшыӊ болыўы кереклигин бизге уқтырып тур.
Шәригүл Пайзуллаева,
Бердақ атындағы қарақалпақ әдебияты тарийхы мәмлекетлик музейиниң директоры.