Турмысымызда қағыйдалардың орны

Жақында мектеп оқыўшылары арасында «Саламатландырыў айлығы шеңберинде «Позитивлик – дәўир талабы» темасында илаж өткерилди. Илажға мектеп оқыўшылары, ата-аналар ҳәм педагог хызметкерлер қатнасты. Тийкарғы мақсети – оқыўшылардағы психологиялық саламатлық, мәденият гигиена қағыйдаларына әмел етиў ҳәм күн тәртибин режелестириўди үйрениўге бағдарлаўдан ибарат болды. Муғаллимлер менен биргеликте олардың ишки эмоциялары, оларды басқара алыў ҳәм тағы басқа да шынығыўлар өткерилди. Оқыўшылар ушын «Саламат әўлад – келешек қурыўшысы» баслаўыш класс оқыўшылары арасында «Мениң күн тәртибим», «Инсан турмысында қағыйдалардың орны», «Азадалық инсан көрки» темаларында тренинг шынығыўлары алып барылды. Бул шынығыўлар арқалы оқыўшыларда саламат турмыс тәризин жобаластырыў, жеке гигиена қағыйдаларына әмел етиўге үйрениў ҳәм тазалық инсан саламатлығының ең тийкарғы гиреўи екенлиги ҳаққында кең түрде түсиниклер берилди. 5-8-класс оқыўшылары арасында «Аўқатланыў ҳәм физикалық» ҳәрекет, «Зыянлы әдетлер – инсан өмириниң заўалы» атамасында тренинг-шынығыўлары өткерилди. Саламатландырыў айлығы оқыўшылар ҳәм педагоглар психологиялық мәденият, саламатлық ҳаққындағы билимлерин және асырып мазмунлы даўам етти.

Гүлжанат ҚУРАҚБАЕВА,

Нөкис қаласы, 23-санлы мектептиң психологы.