Жоллының өлими
(Ибрайым Юсуповтың естелигине)
“Бәрҳә сени қорғап жаман көзлерден,
Оқыўға қатнадым ерип излерден,
Өйтип не жаманлық көрдиң бизлерден,
Ийттиң кеўлин түсинбеген Айжамал.
Адамлардай ийт те ийтке тең болмас,
Жақсы ийтлер жаман достан кем болмас,
Ҳәр ийт өзи болар, бирақ мен болмас,
Енди саған мендей ийт жоқ Айжамал”.
Ийт “қосық жаздырды шайырға айтып”
“Мейли келме деди, бул үйге қайтып”,
Қолынан сүт берген ийтти муңайтып,
Теңин таўып кеткен еди Айжамал.
Жоллы да тәрк етти бул үйди ақыр,
Айжамал жоқ жерде турмаған мақул,
Бирақ, кете алмады көшеден узап,
Бир үйден жай тапты сол жерге жақын.
Арадан бираз жыл өткеннен кейин,
Жоллыға ғаррылық жеткеннен кейин,
Әсте кирип келди бир күни түсте,
Өзи саялаған сыпаға дейин.
Жеңгей устаз ушын түски аўқатты,
Дәстурханға жаңа әкелген ўақты,
Шайыр пискен асқа қол узатпады,
–Жоллыға бер, деди, мына аўқатты.
Диета
Туўылғалы гөш туқымын татпаған,
Арақ ишип я темеки тартпаған,
“Ден саўлығым зор болсын” деп бир ғарры,
Бир жүз бес жыл диетасын сақлаған.
– Қой жоражан, оны маған мақтамаң,
Маған оның “свечасы” шақпаған,
Сол өмирме, табылғанын таңламай,
Ертеңине бас аўырып жатпасаң.
– Ҳаў, еле өзимиз аўыз тиймедик,
Деди жеңгей жағар-жақпас сөйленип,
– Бизлер ҳеш гәп, Айжамалдың ийти бул,
Қанша болды, биз оған дуз бермедик.
Табақ пенен алдына қой ҳәзир–ақ,
Кейнинен аларсаң жуўып, тазалап…
Ийт жеп болып сыпаны бир айланды,
Ийесинен сезип мийрим-шәпаат.
Соңыра кетти әсте шығып из бенен,
Бул жағдайды айтыў қыйын сөз бенен,
Ертеңине келди тутқан ийеси,
– Жоллы өлди… – деди ғамғум жүз бенен.
Жоллы өлди, адам яңлы болды гәп,
Шайыр жаны сезип еди сол күни-ақ:
Хошласыўға келип еди ол кеше,
Айжамал¹ды көре алмады-аў ол бирақ.
————————————
¹Айжамал – Ибрайым Юсуповтың қызы. Жоллының өлими ҳаққындағы ўақыяны соңғы жеңгей Гүлсара айтып берген еди.
————————————
Анасы баласы ҳаққында
Балажанлы болдым ба,
Тиймедим ҳеш зейнине,
Қайда барсам қалдырмай,
Ертип жүрдим кейниме.
Кесе жатқан шөпти де,
Өзим алдым еңкейип,
Уйқлар еди ол үйде,
Түске дейин теңкейип.
Әлпешледим қолларын,
Суўық суўға урдырмай,
Сөйтип баққан баламды,
Келин жумсар тындырмай.
