Темир қаназат тулпарлар, қәнекей, ким озар?!

Автомоторалли спорты ҳәм бәйги майданы. Олар ушын жарысқа 12 участкалы трассадан ибарат, улыўма узынлығы 450 км. аралық бойлап бәйги сызығы белгиленген. Бул жоллардың көбиси Үстирт тегислиги ҳәм Арал теңизиниң қурыған ултанындағы экстремал (жолсыз) аймақлардан ибарат. Ал, мотокросс ҳәм автокросс (БАГГИ) бойынша спорт жарыслары «Мойнақ» стелласы жанындағы арнаўлы трассада өткерилди. Сап дизилген темир тулпарлар ҳәм спортшыларды мийтиндей беккем шыдам тымсалы дегиң келеди. Усы жылы бесинши мәрте Мойнақ районында «Rally Muynak – 2024» Авторалли бойынша Өзбекстан чемпионаты өткерилди. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси менен Министрлер Кеңеси тәрепинен Өзбекстан Республикасы қорғаныўға көмеклесиўши «Ватанпарвар» шөлкеми Өзбекстан Республикасы экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм ықлым өзгериўи министрлиги жанындағы Туризм комитети менен биргеликте шөлкемлестирилген илажда мәмлекетимиздиң барлық аймақларынан, сондай-ақ, Қазақстан, Қырғызстан Республикасынан 135 тен аслам автомото спорт шеберлери қатнасты. Тийкарғы мақсети – аймақта туризмди раўажландырыў ҳәм саяхатшылар итибарын тартыў, автомотоспорт түрлерин ғалабаластырыў, сондай-ақ, жас әўладты техникалық ҳәм әмелий спорт түрлерине қызықтырыўдан ибарат болды. «Rally Muynak – 2024» ашық чемпионатында спортшылар 48 автомобильлерде, 25 спорт мотоцикли, 11 «Багги» де финиш сызығы алдына келди. Чемпионатты Өзбекстан Республикасы қорғаныўға көмеклесиўши «Ватанпарвар» шөлкеми орайлық Кеңеси баслығының орынбасары А.Қурбаниязов ашып, жыйналғанларға кең түрде мағлыўмат берди. – Ташкент қаласынан келдик. Техникалық ҳәм әмелий спорт устасымыз. Ралли чемпионат спортшылардан көп таярлық талап етеди. Көликлеримиздиң барлық бөлеклерин өз қолларымыз бенен жыйнаймыз. Ең шыдамлы болыўына итибар қаратамыз. Бираз бөлеклерин өзимизге маслап алдық. Техникалық қәўипсизлик қағыйдалары болса оннан да әҳмийетли. Жарысқа жақсы таярлықлар, үлкен үмитлер менен келдик, – дейди Фарҳад Даминов ҳәм Жавоҳир Қаҳҳаров. Солай етип, қатнасыўшылар 450 км. аралықта 13 бақлаў пунктине ийе ҳәм 10 арнаўлы тез ҳәрекетлениўши бөлимлери бар болған экстремаль жоллар таман жол алды. Үш күн даўам еткен автомоторалли чемпионаты өз жуўмағына жетти. Чемпионаттың жуўмақлаўшы сыйлықлаў мәресиминде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Комитет баслығы Тәжибай Романов шығып сөйлеп, авторалли жарысларында белсенди қатнасқан спортшыларға өз миннетдаршылығын билдирди. Буннан соң жеңимпазларды сыйлықлаў мәресими болып өтти. Двигатель көлеми 125 см 3 ге шекемги мотоцикллер классы бойынша: 1-орын Наўайы ўәлаятынан Цатурян Богдан 15 млн. сум. 2-орын Бухара ўәлаятынан Бахтиёр Ахмедов 10 млн. сум. 3-орын Бухара ўәлаятынан Элбек Азамкулов 5 млн. сум. 500 см 3 ге шекемги мотоцикллер жарыслары бойынша: 1-орын Бухара ўәлаятынан Жасурбек Саматов 15 млн. сум. 2-орын Бухара ўәлаятынан Бекзод Халимов 10 млн. сум. 3-орын Бухара ўәлаятынан Дастан Азамкулов 5 млн. сум. «Багги» классы бойынша: 1-орын Ташкент қаласынан Ровшан Кобилов 15 млн. сум. 2-орын Андижан ўәлаятынан Илхом Ахмедов 10 млн. сум. 3-орын Жиззақ ўәлаятынан Шахбоз Нарзиқулов 5 млн. сум. Двигатель көлеми 1600 см 3 ге шекемги «А-8» классы бойынша: 1-орын Самарқанд ўәлаятынан Фикрат Ахтамов, Фируз Джумаев 100 млн. сум. 2-орын Сырдәрья ўәлаятынан Нурбек Имомкулов, Асқар Хасанов 50 млн. сум. Двигатель көлеми 2000 см 3 ге шекемги «А-9» классы бойынша: 1-орын Ташкент қаласынан Фаррух Ургунов, Отамурод Собиов 100 млн. сум, 2-орын Бухара ўәлаятынан Рашид Муродов, Қилич Нарзикулов 50 млн. сум. 3-орын Самарқанд ўәлаятынан Шухрат Обиджанов, Скворцов Сергей 15 млн. сум қаржылай сыйлық ҳәм медаллар менен сыйлықланды. Буннан тысқары, жарыста белсенди қатнасқан спортшыларға баҳалы саўғалар тапсырылды. Қәўипли бурылмалар ҳәм ҳәр қандай күтилмеген шараятларды жеңип өткен спорт жарысы тамашагөйлерди гә қорқытып, гә қуўандырып әжайып заўық бағышлады. «Rally Muynak – 2024» автомоторалли шеңберинде диджейлердиң концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Жумагүл ЕМБЕРГЕНОВА,

Өз хабаршымыз. Сүўретлерде: «Rally Muynak – 2024» жарысынан көринислер.