Россияның социаллық тармақларында тюменли 14 жаслы мектеп оқыўшысы «Hamster Kombat» ойыны себепли психиатриялық емлеўханаға жатқарылды. Ол көбирек тийин жыйнаў ушын ҳəр үш саатта оянып, ойынды даўам еттиргени ҳаққында хабарлар тарқалды.
Хабарда айтылыўынша, ойынды нормасынан артық ойнағанлығы себепли балада уйқысызлық кеселлиги раўажланған. Бул болса баланың психиатриялық зорығыўына ҳəм басқа кеселликлердиң раўажланыўына алып келген.
Жағдай бойынша ўәлаят денсаўлықты сақлаў басқармасы мағлыўмат бере алмайтуғынын билдирди, делинеди хабарда.
Соны да айрықша айтып өтиў керек, «Hamster Kombat»тың тийкарғы механикасы əпиўайы. Ойыншылар қанша көп тийин жыйнаўды қəлесе сонша «Hamster» сүўретин басыўы керек болады. Қанша көп басылса, сонша көп тийин жыйналады.
Бул болса ойыншыларды белсенди болыўға үндейтуғын əпиўайы динамика болып есапланады. Бирақ, ойынның функционаллығы тек ғана «Hamster»ди басыў менен шекленбейди. Көбирек тийин жыйнаў ушын күнлик əмеллерди орынлаў ҳəм саўғаларды ашып барыў керек болады.
Мағлыўмат ушын, «Hamster Kombat» ойыншылар ушын үлкен пул сыйлығын ўәде етеди. Адамның қыялында қанша көп ойнасам сонша көп пул табаман деген пикир қəлиплеседи. Әне сол пикир көплеген жас балалардың уйқысызлық ҳəм психиатриялық кеселликлерди арттырып алыўына себеп болыўы мүмкин.
