Ғалабалық илажларда азық-аўқат ҳәм буйымларды бийпул тарқатыў қадаған етилди

Өзбекстандағы ғалабалық илажларға пуқараларды реклама, акция ҳəм басқа мақсетлерде азық-аўқат, буйымлар, сондай-ақ, және басқа өнимлерди ҳəм товар-материаллық байлықларды бийпул тарқатыў ямаса ҳəдден тыс арзанластырылған баҳада сатыў арқалы шақырыў қадаған етиледи.

Буған тийисли «Ғалабалық илажларды өткериўде пуқаралардың қәўипсизлигин тəмийинлеў ҳəм жəмийетлик тәртипти сақлаў бойынша талапларды күшейтиў ҳаққында»ғы ҳүкимет қарары қабыл етилди.

Миллий гвардия ҳəм Ишки ислер министрлиги тийисли министрлик және кеңселер менен биргеликте бул қарар менен белгиленип атырған талапқа ғалабалық илаж шөлкемлестириўшилери ҳəм ғалабалық илажды өткериў объектиниң администрациясы тəрепинен сөзсиз əмел етилиўи бойынша қадағалаўды күшейтеди.

Ғалабалық илажларды өткериў қағыйдалары бузылыўына жол қойған ғалабалық илаж шөлкемлестириўшилери ҳəм ғалабалық илажды өткериў объекти администрациясы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексте белгиленген тəртипте жуўапкершиликке тартылады.

Ҳүкиметтиң бул қарары менен ғалабалық илажларды өткериў қағыйдаларына тийисли өзгерис ҳəм қосымшалар киргизиледи.