ЖАСЛАР ТӘРБИЯСЫНДА КИТАПТЫҢ ТУТҚАН ОРНЫ

Әзелден халқымызда «Китап билим булағы», «Китапсыз билим жоқ, билимсиз күниӊ жоқ» ҳәм тағы басқада китап, илим менен байланыслы даналық сөзлеримиз жүдә көп. Хәзирги техника раўажланған заманымызда китап оқыўға деген қызығыўшылық жүда көп десем алжаспайман.
Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети мәлимлеме-ресурс орайы Қарақалпақстан Республикасы бойынша еӊ бай ҳәм үлкен тарийхқа ийе китапхана. Себеби, бул китапханада 1873-жылларда елимизде жасаған рус зыялылары тәрепинен алып келинген китаплар таза алында сақланып келинбекте. Университет китапханасыныӊ улыўма фонды 67299 атамада 552519 дананы қурайды, фондымыздың ярымынан көби сабақлық ҳәм оқыў қолланбалардан ибарат. Соның менен қатар илимий-сиясий, көркем әдебиятларда табылады.
Ҳүрметли Президентимиздиӊ китапқумарлықты раўажландырыў, үгит-нәсиятлаў жумысларын алып барыў бойынша шығарған қарарлары тийкарында университетимиз жасларын китапқумарлық мәдениятын асырыў бойынша бир қанша ис-илажлар исленди. Университетимиз китапханасында «Китапқумарлар» клубы студент жаслардыӊ бос ўақытларын бийкар өткермей, китапқумарлық мәдениятын үгит-нәсият етип келмекте. Бул жерде жаслар өзлери оқыған китапларды теӊлеслерине үгит-нәсиятлап сол китаплардыӊ тәрбиялық тәреплерин ашып берип, теӊлеслериниӊ бос ўақытларын бийкар өткермеўге өз үлеслерин қосып келмекте. Соныӊ менен бирге ҳәр жылы китапқумарлар клубы «Китапқумар студент», «Мен оқыдым, сизде оқыӊ!» ҳәм тағы басқада илажларды шөлкемлестирип келмекте. Бундай ис-илажларды шөлкемлестириўде, жаслардыӊ бос ўақытларын бийкар өткермей оларды илимли билимли, ўатанға садық болып тәрбия алыўына себепши болып отырған университетимиз ректоры А.Реймовқа жасларымыз миннетдар. Себеби, ректорымыз клуб ағзаларыныӊ искерлигинен хәмийше хабардар хәм ийинлес болып келмекте. Жақында «Китап қумарлар» клубы ағзалары ректорымыз басшылығында Ташкент қаласындагы «Әдебиятшылар» бағындағы миллий әдебиятымыз тийкаршылары Бердақ, Т.Қайыпбергенов ҳәм И.Юсуповлардың естеликлерин зыяратлап, ол жерде шайыр-жазыўшыларымыздыӊ шығармаларын үгит-нәсиятлап келди.
Келешегимиз жасларды тәрбиялаў ҳәр-бир ересек адамныӊ парызы соныӊ ушында келешегимиз болған жасларды илимли-билимли болып жетилисиўине ҳәр биримиз өз үлесимизди қоссақ келешегимиз жарқын болыўы сөзсиз.

Раўшан Калмурзаева,
«Китапкумарлар» клубы басшысы.