Жазда кондиционерден аязлап қалмаў ушын нелерге әмел етиў керек?

Қәнигелер кондиционердиң температура режимин сыртқы ҳаўа райына қарап таңлаўды мәсләҳәт етеди. Егер көшеде 30 градус ҳәм бөлмеде 16 градус ыссы болса, бул тек ғана аязлаўға емес, қан басымының көтерилиўине ҳәм жүрек искерлигине қәўип туўдырады.

Усыныс етилген қәўипсиз температура айырмашылығы 5 градус. Кондиционер 25 градуста болса да бөлмеде керекли салқынлық тәмийинленеди ҳәм денсаўлыққа қәўип туўдырмайды.

Салқын ҳаўаны жақсы көрмейтуғынлар ушын офиске ыссы шулық, узын жеңли кийим ямаса пончо алып келиў усыныс етиледи. Ыссы кофе ямаса шай да жәрдем береди.

Әтираптағы хызметкерлер менен тартысыўдың не кереги бар? Ыссы күнлер өтип кетеди, бирақ жәмәәт пенен бирге ислеспеў жумыстың нәтийжесине тәсир етеди.

Буннан тысқары, кондиционер қосылған офис ҳаўасы турақлы түрде алмастырылып турыўы керек. Ханадағы кислород муғдары азайып кетсе, организм өзин жаман сезе баслайды: бас аўырыўы, уйқышылық, шаршаў тынышсызландырып, дем алыў қыйынласады ҳәм булардың ҳәммеси жумыс сапасында көринеди.