Өмир – бул узын жол, биз ондағы жолаўшылармыз. Бизиң тəғдиримиз ҳəр түрли, ой-қыялларымыз, пикирлеўимиз де бир-биримизден парық қылады, ҳəттеки түрлеримиз де бир-биримизге усамайды. Бирақ бизди бир нəрсе бир-биримизге байлап турады, ол да болса мақсетимиз. Ҳəммемиздиң де жасаўдан мақсетимиз бар. Мақсет – бахыттың мəнзилин табыў. Бахыттың мəнзили бар ҳəм бүгин оны тапқанлар арамызда бар…
Солардың бири бизиң заманласымыз рус қызы Александра Лоскутова қарақалпақтың ең белгили, искер азаматларының бири Наўрыз Жапақовтың шаңарағына келин болып түсип, бүгин сол инсанның әўладларын тәрбиялап отыр. Дослары, бирге ислескен кәсиплеслери ҳәм қоңсылары оны Шура апа деп атайды.
Шура апаның ата-анасы өткен әсирдиң 30-жылларында Саратов ўәлаятынан Өзбекстанға келген. Ең дәслеп атасы Сергей Алексеевич Романов Үргениш қаласына медицина қәнигелиги бойынша жумысқа жиберилип, кейин Беруний районындағы емлеўханаға бас шыпакер, амбулатория баслығы болып ислеген, мәмлекетлик сыйлықлар, хызмет көрсеткен денсаўлықты сақлаў хызметкери атағы менен сыйлықланған. Ол шаңарағын Қарақалпақстанға жасаўға шақырады.
Мине усылайынша қаҳарманымыздың шаңарағы Қарақалпақстанға келип қалған. – Балалығымнан жүдә жыллы еслеўлер бар. Биз үлкен шаңарақта бәримиз татыў-тыныш жасадық. Ата-анамыз фермада иследи, бағ жаратты. Әкем-анам ҳәм атамды сол жердиң халқы жүдә ҳүрмет етер еди. Биз олардың перзентлери менен бирге ойнап-өстик, арамыздан қыл өтпес дос едик. Үйде русша, көшеде досларымыз бенен өзбек тилинде сөйлесетуғын едик. Балалығымызда көп ўақтымызды сол досларымыз бенен бирге күни бойы ойын-заўық, түрли балалар ойынларын ойнап, жазда жап-каналларға шомылып өткеретуғын едик. Бизиң жасап турған жеримизге Әмиўдәрья ҳәм тоғай жақын еди, биз ол жерлерге замаррық териўге баратуғын едик, – деп еслейди Александра Петровна.
1965-жылы мектепти тамамлаған Шура апа Нөкис педагогика институтының рус тили ҳәм әдебияты факультетине оқыўға киреди. Балалығында рус ҳәм шет ел әдебиятларын көп оқыған ҳәм дөретиўшиликке айрықша ықлас қойған. Сол себепли қыйыншылықларсыз, жоқары баҳалар менен оқыўға киреди. 1-курста оқып жүрген ўақтында болажақ өмирлик жолдасы, қарақалпақ жигити, мәмлекетлик искер, илимпаз ҳәм дөретиўши инсан Наўрыз Жапақовтың перзенти Абат Жапақов пенен танысады.
Сентябрьде пахта терим мәўсими басланғанда ғалаба теримге атланған жаслардың арасында Александра менен Абат та бар еди. Бул мәўсим еки жастың бир-бирин жақсы билип алыўға ҳәм және де бир-бирине жақынласыўына себепши болады. Терим таўсылғаннан соң жигит қызды анасы менен ушырасыўға алып барып, таныстырады. Абат тез арада қызға өзиниң турмыс қурыў ойын айтқанында Александра еле турмысқа таяр емеслигин айтады. Бирақ жигиттиң анасы Берунийдеги ата-анасына қызын сорап, жаўшылыққа барады. Солай етип, көп узамай олардың неке тойы болып өтеди.
– Тойымыз өткеннен кейин өмирлик жолдасымның ата-анасы ҳәм туўысқанлары менен сыйласықлы болыўға, келинлик ўазыйпамды жақсы атқарыўға ҳәрекет еттим. Абат 8 туўысқан еди. Олардың айырымлары меннен үлкен, ал айырымлары меннен жасы киши еди. Олардың ҳәммеси рус класында оқығанлығы ушын маған шаңараққа бейимлесиў қыйын болғаны жоқ. Ҳәттеки қәйин енем де рус тилинде көп әдебий китаплар оқыған, жүдә саўатлы ҳаял еди. Қәйин атам республикада басшы лаўазымларда иследи ҳәм өмириниң көп жылларын илимий изленислерге арнады. Ол республикаға, ҳәттеки Орайлық Азияға шайыр, жазыўшы, драматург, илимпаз сыпатында танылған өз дәўириниң ең белсенди адамларының бири еди, – дейди Шура апа қәйин атасы ҳаққында еслей отырып.
Радиода бирге ислеген кәсиплеслери: «Шура апа ҳеш қашан қәйин атасы, қәйниси ҳәм бийкешлериниң атын айтпай, қарақалпақ салт-дәстүрлерине үлкен ҳүрмет көрсететуғын еди», – дейди рус қызының бизиң халқымызға болған сыйласығына кеўли толып.
Шура апаның миллий үрп-әдет, салт-дәстүрлер менен байланыслы машқалалары болмады, өйткени ол кишкене гезинен-ақ жергиликли халық пенен араласып өскени ушын сүннет той, бет ашар, қыз узатыў, тусаў той сыяқлы тойлардағы атқарылатуғын қәде-қәўметлерди қарақалпақ қыз-келиншеклеринен кем билгени жоқ. Олардың шаңарағында еки қыз, бир ул перзент туўылған болып, атларын қойғанда барлығы биргеликте ойласып қоятуғын еди. Ал, бирақ генже улы туўылғанда өмирлик жолдасы әкесиниң ҳүрметине оған Наўрыз деп қояды.
– Он үш жыл үлкен үйге хызмет еттим, сол жыллар ишинде ҳеш қандай урыс-қағыс, жәнжел болған емес, бул әлбетте бир-биримизге кеўил жақынлығымыз, ҳүрметимиздиң себебинен деп билемен. Биз өзимиз бөлек шығып кеткенимизде қәйин енем қәйинлеримниң балаларын ертип үйимизге тез-тез келип туратуғын еди. Олар келгенде үйимиз толып қалатуғын еди.
Жақсы ҳәм жаман күнлерде биз бәрқулла бирге едик. Институтты питкергенимнен кейин 10 жыл мектепте иследим, кейин Қарақалпақстан радиосына балалар ушын еситтириўлер редакторы лаўазымына жумысқа шақырды. Кейин рус тилиндеги жаңалықлар, социал-экономикалық, сиясий еситтириўлер бойынша аға редактор болып тайынландым, соң болса диктор болып иследим.
Көп жыллар ислеп, сол жерден ҳүрметли дем алысқа шықтым. Ҳәзир ақлықларым ҳәм шаўлықларымның сүйикли кемпир апасы болып, бахытлы ғаррылық шағымда олардың тәрбиясына көп итибар беремен. Әсиресе, оларға үлкен бабалары қарақалпақтың «маңлай алды» жигитлеринен болғанлығын, сол инсанға ылайық әўлад болыўын қайта-қайта тәкирарлаўдан жалықпайман, – дейди Шура апа.
Биз бир-биреўге жақсы тилек тилеп, тəғдирдиң нәсип еткен талайы жайма-шуўақ, өмир жоллары бир тегис болыўына тилеклес болатуғын əжайып пазыйлетли халықпыз. Бизиң қаҳарманымыз өзиниң тәғдири сондай халықтың перзенти менен байланғанына Жаратқанға разы бола отырып, тили, дини басқа болғаны менен инсаныйлықтың ең ағла пазыйлетлери бойында жәмленген сондай инсанларға хызмет еткенлигин мақтаныш етеди.
– Туўылыў, өмир сүриў, қыял етиў, әрманлаў, билим ийелеў, келешекке умтылыў, илимге талпыныс, бир-биреўге меҳир қойыў, қулласы адамзатқа тән болған нәрсе бизди бир-биримизге көринбес жиплер менен байлаған. Бунда миллеттиң, динниң ҳәм басқа да факторлардың әҳмийети жоқ, – деген еди Шура апа сәўбетин жуўмақлап. Оның бул пикири жүз процент дурыс еди ҳәм биз оған қосылмаўға илажымыз жоқ.
Қундыз Жумағалиева, журналист
