– Аға, аға, – деп үш жасар баласының қанат қағып ушып киятырғанын кѳрген әкеси бирден тоқтап ойланып қалды. «Неге мен әкемди кѳрмедим? Ол ким ѳзи? Анамнан сорағанымда басқа гәпке бурып жибереди. «Әке» деген сѳз қандай жағымлы. Бирақ мен айта алмадым. Не ушын?»
– Аға, маған не әкелдиң? – деп оны қушақлап алғанда ғана ѳзине келди. Баласын кѳтерип алып, бетлеринен сүйип, ийискелеп атыр.
– Аға, маған не әкелдиң? – деп атырған баласының бетине қарап:
– Ҳеш нәрсе алмадым. Не алып берейин? – деди оның қуўаныштан жанып турған кѳзлерине қарап.
– Билмеймен, маған тек бир нәрсе алып бер.
– Яқшы, жүр дүканға сол жерден қәлеген нәрсеңди алып беремен, – деп баласын дүканға алып кетти. Баласы менен дүканға кирип қәлеген затын алып берди. Үйине келген соң, анасына қарап:
– Анажан, сизде гәпим бар, – деди. Кешки аўқатын ишип болып, анасының бѳлмесине кирип:
– Бағана сизге гәпим бар деген едим, – деп атырғанда анасы: – Билемен, не демекши екениңди, – деди анасы муңлы даўыс пенен.
– Балам, сен әкеңди сорамақшысаң, солай ма?
– Аўа. Ол ким? Неге…
– Неге сен ағалап алдына жуўырып шықпадың? Неге сен оны кѳрмедиң? Ким ѳзи ол? Бул сораўларыңа жуўап бериўим бир жағынан қыйын, екинши жағынан қалай жуўап беремен, деп ойланаман. Себеби, мен сени ѳзим ушын туўдым. Әкең ушын емес.
– Гәпиңизге түсинбедим, анажан? Бул не дегениңиз?
– Бул… буны саған қалай түсиндирсем екен? Шийрин апа ойланып қалды. Кѳз алдына жаслығы келди. Соң ѳмири ҳаққында айта баслады. …
Мектепти питкергеннен кейин жоқары оқыў орнына тапсырдым, бирақ кире алмадым. Буған ѳкинбедим «мейли бул жылы кирмесем, кейинги жылы киремен» деп ойладым да базардағы дүканлардың бирине сатыўшы болып жумысқа кирдим. Жас болыўыма қарамастан сатыўшылықты тез үйренип алдым. Ата-анама жәрдемши болдым. Шаңарағымыз орта жағдайда еди. Меннен басқа бир иним менен еки сиңлим бар. Әкем қурылыста, анам мектепте тазалаўшы болып ислейди.
Бир айлықты екинши айлыққа зорға жеткеремиз. Арасында үйимиздиң жанындағы дүканнан қарызға зат аламыз. Дүканға сатыўшы болып жумысқа киргенимнен баслап жасаў жағдайымыз сәл ғана жақсыланды. Питпей турған жайымызды питкердик. Үйге керекли буйымларды алдық. Ата-анамның мәсләҳәти менен бир жылдан соң үйимиздиң бир шетинен дүкан аштым. Оқыўға тапсырыўды ойламай қойдым. Алды менен үйимдегилерге жәрдем берейин, кейин сырттан оқып аламан, деп ойладым. Иним мектепти питкерген жылы әкем қайтыс болды.
Ол контракт тийкарында оқыўға кирди. Контрактын тѳлеў ушын еле де кѳбирек ислеўим кереклигин билдим. Солай етип, үйиме қарайман деп ѳзимды умытып кеттим. Сиңлилеримди оқыттым, инимди үйлендирдим, анамды санаторияға жиберип туратуғын болдым. Сиңлилерим оқыўды тамамламай турып турмысқа шықты. Оларға да керек нәрселерин таярлап бердим. Бир күни анам мени шақырып алып:
– Қызым сеннен мыңда мың разыман. Жаслайыңнан бизлерге жәрдем бердиң, ѳзиңди ойламадың. Изиңдеги туўысқанларыңа да қолыңнан келгенше кѳмеклестиң, кемисин толтырдың. Енди сен де ѳз ѳмириңди жолға қойып ал, – деди.
– Анажан, қалайынша жолға қояман? Енди тийкарғы жумысым тек саўда болып қалды, – дедим.
– Билемен, бизлер ушын ѳзиңди отқа-шоққа урдың. Енди хожалықлы бол, жасың қырыққа шамаласып қалды. Ҳаялы қайтыс болса да турмыс қур. Перзентлерине ана боласаң.
– Апа, балалары мени анасының орнына қабыл етермекен? Егер перзентли болсам, әкеси бир, анасы басқа балалар бир-бири менен оңысып кетеме? Қала берсе ол қандай инсан болады, деген ойдаман, анажан. Үйленбестен алдын ҳәмме еркеклер жақсы болады. Турмыс қурған соң ѳзиниң қылығын кѳрсетеди.
– Ондай болса ѳзиң ушын бир перзент туўып ал. Ҳәзирги заманда бул айып емес.
– Мейли, анажан ойлап кѳремен, – дедим.
Анамның мәсләҳәтин бираз ойладым. Ҳәттеки досларым менен де ойласып кѳрдим. Ҳәммеси «егер турмысқа шығыўды қәлемесең, биреўден туўып ал» деп мәсләҳәт берди. Перзентли болсам қандай жақсы. Оның ушын жуўыраман-жортаман, келешеги ушын қайғыраман. Анамнан соң жалғызланып қалмайман, туўғаным жақсы.
Бирақ деген жери бар, балам әкесин сораса оған не деп жуўап беремен? Оны излеп кетсе бир ѳзим қалып кетемен бе? Кейин биреўдиң шаңарағын қалайынша бузаман? Оның да бала-шағасы бар ғой. Бәлким, оған перзент керек емес шығар, бәлким керек шығар? Әне, сондай мың ойлар мени иш-ишимнен жеди. Ойлап ой түбине жете алмадым.
Ҳәммесине қол силтеп жумысымды даўам еттирдим. Саўда-сатық пенен көплеген еллерге бардым. Жолда ҳәр қыйлы адамларды кѳрдим. Олардың ишинен биреўин таңлайын десем, ѳзимниң миллетимнен емес. Сондай күнлердиң биринде Ташкенттен киятырып поездда бир инсан менен танысып қалдым. Сәлем-әликтен басланған танысыў кейин ала ушырасыўға айланды. Арадан бес-алты ай ѳтип ҳәмиледар болдым. Буны оған айтқанымда «ѳзиң билесең, маған бәри-бир, қәлесең ѳзимниң фамилияма аламан, яқ десең де разыман» деди. Ойланып отырмай баланы ѳзимниң фамилияма алыўды мақул кѳрдим. «Бул бала тек меники, сизден ҳеш нәрсе сорамайман» дедим. Ол да разы болды. Оған ѳзиниң шаңарағы бузылмаса болғаны еди.
– Атыңды Мурат қойдым. Мурат-мақсетиме жетистим, деген мәнисте. Сени тәрбиялаўда анам жәрдем берди. Егер ол болмағанда қатты қыйналып қалар едим.
– Апа, онда ол адам ким? Мен оны таныйман ба? – Яқ, танымайсаң. Еситиўимше ол жүрек кеселлигинен қайтыс болған. Сен туўылғаныңда ол келип кѳрди. Қатты қуўанды, қолына алды, ийискелеп, еркелетти, баўырына басып «мениң кишкене қуўанышым» деди. Мен оннан ендиги жағында бизлер менен ушырасыўға ҳәрекет етпең, дедим. Себеби, сен оны кѳшеде кѳрип қалсаң, «ағалап» жуўыратуғыныңды билдим.
Ѳзи болғанда да бир гәп, егер қасында ҳаялы ямаса балалары болғанда не деген адам болар еди. Шаңарағы бузылып, перзентлери тири жетим болып қалар еди. – Сонда сиз мени ѳзиңиз ушын туўдыңыз ба? Мени ойламадыңыз ба? Бақшада, мектепте оқып жүргенимде балалардың изинен әкелери келгенде олардың қуўанғанын айтпайсыз ба? Мен болсам, бир шетте кѳзим жасқа толып ишимнен қыйналар едим. «Неге мениң әкем жоқ, ол қайжерде?» деп.
– Кешир балам. Ол ўақытта мен тек ѳзимди ойладым. Енди билсем қәте қылған екенмен. Балаң алдыңнан «ағалап» жуўырып шыққанда ғана, сениң де усындай етип жуўырыўды әрман еткениңди түсиндим. Перзент ушын ата-ана теңдей керек екен. Кешир, балам, – деди Шийрин апа кѳзлери жасқа толып.
Мурат анасының бѳлмесинен кеўли бузылып шықты. Ол бир тәрептен анасын ойласа, екинши тәрептен ѳзин ойлады. «Бәлким анам қәте қылған шығар. Бәлким туўры. Билмедим. Бирақ, бәри-бир «әке» деген сѳз қандай жағымлы. Бири кем дүнья деп, усыны айтса керек. Перзентлериме ылайықлы әке болайын. Оларды әке меҳрине зар етпей ѳсирейин. Ѳзиң ѳмир жасымды узақ, денсаўлығымды беккем қылғайсаң» деп анасының бѳлмесине бир қарады да қасына жуўырып келген баласы менен ойнап кетти.
Мубарек САПАРБАЕВА,
Ѳзбекстан Мәмлекетлик кѳркем-ѳнер ҳәм мәденият институты Нѳкис филиалының 2-курс студенти.
