Жөнелисли автомобильлерде ҳәр қыйлы унамсыз ўақыялар, инсан кеўлин қабартатуғын сөзлер, ҳәрекетлер жүз береди. Нөкис арқа автовокзалына барыў ушын Орайлық базардан жөнелисли маршрутқа миндим. Биз минген машина «Газель» еди.
Есиктен кирер аўызда шама менен 60 жастан асқан аға отырған екен, бир қараўдан оның мәс екенлигин спирт ийиси шығып турғанынан сездим. Күнниң шыжғырған ыссысы, ҳәмме өз мәнзиллерине асығып баратыр.
Мен де бул нәрсеге итибар берместен ең артқы орынлыққа жайғасып, отырған едим, бирден алды тәрепте ғаўырлы басланды. Сер салып тыңласам, кондуктор бала жолаўшылардан жол ҳақы жыйнап атырған екен. Соң, бағанағы мәс аға: «балам мени усы жерлерде түсирип кетеғой жол ҳақым жоқ» – деди.
Ал, кондуктор болса: «Аға, ақшаңыз жоқ екен неге миндиң? Бизлер ойнап жүрген жоқпыз, неге әўелден ақшам жоқ деп айтпадыңыз?» – кондуктор баланың даўсы қатты шықты. Ҳәмме бирден «мә мен беремен, бақырып сөйлеме жасыүлкен адамға» деп еки мың сум жол ҳақысын кондукторға усынды. Аға өз мәнзилинде түсип қалды.
Соң жолаўшылар: «балам-ай өйтип бақырып сөйлемеўиң керек еди, ақшасын сарыплап қойған шығар, ишкен адамда ес бола ма?» деп кондукторды бираз сынға алды. Инсан қәдири алдында еки мың сум не болыпты? Қандайдур азғана пул ушын инсаныйлық пазыйлетлеримизди, бул дүньяда ҳәммемиз бир-биримизге аманат екенимизди умытпаўымыз керек деген ренжиген ой-пикирлерим менен мәнзилимде түсип қалдым.
Гүлчехра ТУРҒАНБАЕВА,
ҚМУ, қарақалпақ филология ҳәм журналистика факультети 3-курс студенти.
