Суў ҳаққында сиз еситкен, еситпеген қызықлы мағлыўматлар жүдә көп. Бүгин солардың биразын сизлерге жаңалық етемиз. Ҳақыйқатында да, суў – тәбияттың бийбаҳа инәмы. Суўсыз жер жүзинде тиришилик болмас еди. Суў инсанның кислородтан кейинги екинши ықтыяжы болып есапланады. Адам баласы аўқатсыз алты ҳәпте жасаўы мүмкин, ал суўсыз жасай алмайды.
– Дүньяда ең пайдалы элементлерди өзинде жәмлеген бул қудық суўы болып табылады. Инсан өз қоллары менен мийнет етип, сонша шуқырлықтан қазып шығарған бул суўда инсан организмине керек барлық витаминлер болады.
– Дүньядағы ең қымбатлы суў бул – Лос-Анжельсте. Бул суўдың бир литри 90 доллар турады. Суў кристальлар менен безетилген арнаўлы шийше ыдыста сатылады. Жаслар усы суўды ыдысы ушын сатып алады.
– Адам өмири даўамында шама менен 35 тонна суў ишеди. – Егер күнине 5 стаканнан артық суў ишсеңиз жүрек кеселлиги қәўипи (инфаркт) шегинип бара береди. Буның ушын таза фильтерленген ишимлик суўын ишип жүриўиңиз лазым.
– Югославияда Селенский деген көл бар. Көлдиң суўы жаз айынан қысқа шекем ғайып болады. Бәҳәрде болса, ишиндеги балықлары менен және пайда бола береди.
– Суў тәбиятта үш көриниске ийе: Қатты көринис яғный муз, суйық ҳәм газ көриниси.
– Ишимлик суўы жер жүзиндеги экологиялық таза суўлардың 3 процентин ғана қурайды. Ол да болса үлкен музлықлар ишинде болады.
– Ең суўға бай өним бул – ғарбыз. Оның қурамында 93 процент суў болады.
– Жер жүзиниң шама менен 70 проценти суў менен қоршалған. Бирақ бул суўдың 1 проценти ғана ишимлик ушын жарамлы болып табылады.
– Тәбиятта суўдың 1330 түри бар.
– Азыў ушын Америка қәнигелери суў диетасын усынады. Егер адам күнине 2,5 литрден артық суў ишсе семизликтен қутылады. Қандай етип, мәселен адамның қарны аш болғанда, организм мийге усы туўралы сигнал жибереди ҳәм биз дәрҳал аўқатлана баслаймыз, негизинде аўқаттың орнына тек суў ишиўимиз керек. Сонда иштейимиз буўылып бара береди. Тек таза суў ишиўимиз керек, кофе яки шай емес. Буның ушын мына көрсетпеге әмел етсеңиз болды. Егер сизиң салмағыңыз: 50 кг. болса – 2 литр, яғный, 10 стакан, 60 кг. – 2,3 литр 11,5 стакан, 70 кг. – 2,5 литр 12,5 стакан, 80 кг. – 2,9 литр 14,5 стакан, 90 кг. – 3,3 литр 16,5 стакан, 100 кг. – 3,6 литр 18 стакан.
– Израйльда бир көл бар. Сол көлдиң суўына ручка ямаса қәлемди батырып, биймәлел қағазға жазыў жазса болады. Бул жазыўды ҳеш қашан өширип таслаў мүмкин емес. Еле оған өширгиш шыққан жоқ.
– Антарктидада көл бар. Оның суўы теңиз суўына қарағанда 11 мәрте шоры көп. Көлдиң суўы 50 градус суўық болғанда ғана музлаўы мүмкин.
– Адам денесиндеги суўдың муғдары 2 процентке қысқарса, ақыл-закаўатымыз 20 процентке қысқарып кетер екен. Медиклердиң айтыўынша суў қан басымын түсириўге жәрдем береди. Егер аяқ, қоллар исип кеткенде оларды жоқ етиў ушын илажы барынша көбирек суў ишиў керек екен.
– Дүньядағы адам өмири ушын ең қәўипли суў Сицилияда. Бул суў организмди зәҳәрлеп, өлимге алып барыўшы кислотаға ийе.
– Бир куб сантиметр теңиз суўы қурамында 1,5 грамм оксил және көп витаминлер бар.
– ЮНЕСКО шөлкеми қәнигелери дүньядағы ең таза суў Финландияда екенлигин анықлаған.
– Дүньяда 1 млрд. 100 миллион адам суў ишиў бахтынан маҳрум.
Солай екен, сиз бенен биз дүньядағы ең бахытлы адамлармыз.
Интернет материалларынан ықшамлап қарақалпақшаға аўдарған: Шүкир. СИПАТ.
