

Шет ел капиталы қатнасындағы Акционерлик коммерциялық банки “INVEST FINANCE BANK” Қарақалпақстан филиалы ашылыўына саррас 6 жыл болған болыўына қарамастан, өзиниң көплеп турақлы қарыйдарларына ийе болды. “INVEST FINANCE BANK” юридикалық ҳәм физикалық шахслар ушын сапалы хызмет түрлерин көрсетеди. Банктеги кредитлер ислеп шығарыў, хызмет көрсетиўди раўажландырыў, керекли әсбап үскенелерди сатып алыў, ушын ажыратылады.
Физикалық шахслар ушын автокредитлер, тутыныў кредитлери ҳәм де телефон арқалы “Infinbank” мобиль жүклемеси менен онлайн кредит түрлери хызмет етеди. Банкте бириншилерден болып онлайн кредити шөлкемлестирилди.
Усы жылдың басында «Төрткүл» хызмет орайы ашылды.
Юридикалық шахсларға хызмет көрсетиўди раўажландырыў, саўда ислеп шығарыў ҳәм басқа да бизнес жойбарлар ушын кредитлер ажыратылып атыр. Турақлы қарыйдарларына өз бизнес жойбарларын еле де раўажландырыў ушын кредит қаржысын ажыратыўда жеңилликлери бар екенлигин айрықша атап өтемиз.
Юридикалық шахслар яғный ири компаниялар, киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик кәрханалары микрофирмалар соның менен бирге жеке исбилерменлер ҳәм пуқаралар ушын көп ғана жаңа қолайлықлар бар. Әлбетте, исбилермен бай болса, халық бай болады.
Банкте онлайн аманат түрлери, интернет киосклер ҳәм басқа да хызметлерден еркин пайдалана аласыз. Әсиресе, Сиз үйиңизде ямаса жумыс орныңда отырып-ақ, барлық түрдеги төлемлерди әмелге асырыўыңызға қолайлықлар бар.
Банк тәрепинен Золотая Корона, Western Union, Contakt, Unistream, MoneyGram халықаралық пул өткизбелери өз хызметин ҳалыққа көрсетип атыр.
Бул хызмет түрлеринен ҳәптениң шемби күнлери де саат 1500ге шекем пайдаланыўға болады.
