Шаңарақ сондай мәкан, онда өмирдиң даўамыйлығын тәмийинлеўши инсан кәмалға келеди. Тәрбияның негизине тийкар салынады. Шаңарақта баланы дурыс тәрбиялаў-беккем жәмийет қурыў гиреўи. Егер ата билимли меҳрийбан шаңараққа жанкүйер өз тараўының пидайысы болса, ана да тазалықлы, жақсы пазыйлетли ҳүрмет-сыйласығы жарасқан болса бундай шаңарақта руўхый жетик перзентлер кәмал табады.
Сырттан қарағанда әпиўайыдай болып түйилген менен өмир нәлшелери болған перзент тәрбиясы оғада қурамалы ҳәм жуўапкершиликли. Дурыс, ең әўели ҳәр бир ата-ана өз перзентин ҳеш кимнен кем етип өсирмеўге, үстин пүтин, тамағын тоқ етиўге ҳәрекет етеди. Өмир тәшўишлери ҳәм турмыстың жүги де аңсат емес. Базылар перзентлеринен узақта болыўы мүмкин, ал айырымлар қасында бола турып бир-биринен «узақта».
Сол бүгинги күнде өзине беккем бәнт еткен уялы телефон, интернет, социаллық тармақлар, шеги жоқ ойынлар… Усыларға үңилип биразлары ўақтының қалай өтип атырғанын да билмей қалып атыр. Сениң ўақтың-сениң өмириң. «Ўақтың кетти-бахтың кетти» деген гәп жүдә дурыс айтылған. Базы балалар күн даўамында қасындағылар менен кем мүнәсибетте болып, көбирек ўақтын экран ойынлары менен өткермекте.
Илажы болғанша күнде жақыннан достындай болып кеўлиңди ашып сәўбетлесиў жүдә пайдалы екенлиги көпшилик жағдайларда жақсы нәтийже бериўи менен сыпатланған. Ата-ана бала ушын тек өзиниң әжайып әлеми менен ҳүрметли. Олар да әлбетте нәтийже менен мудамы бирге болыўды қәлейди. Өйткени, ол сизлердиң мийўеңиз.
Гүлайым ҚУРМАНОВА, Нөкис транспорт техникумы психологы, ҳаял-қызлар шөлкеми баслығы.
