Китапхана – ҳәр бир инсанға руўхый азық беретуғын бирден-бир мәденият орайы.Китап оқыў арқалы зат алмасыў процеси жақсыланады, уйқыны нормалластырады, есте сақлаў қәбилети артады.
Илимпазлардың изертлеўинше китапты даўыс шығармай ишиңизден окысаңыз искерликти орташа 10 процентке асырады ҳәм қәтелесиў дәрежесин кемейтеди.
Ядта тутың: китап оқыў инсан организмине ҳәр қыйлы тәсир етеди. Поэзия – жүректиң искерлигин жақсылайды. Ертек-қан айланыў системасын жақсылайды. Қосық оқыў – иштейди ашады.Сатира-юморлық шығармалар-кейпиятты көтереди. Роман – зат алмасыў процесин нормалластырады.
Нөкис районы Мәлимлеме-китапхана орайымыз усы күнге 87000 нан аслам китап фондына ийе. 2023-жылы китапханамыз жәмәәти менен Опен бюджеттен 2870 даўыс пенен 1 млрд. сум утып алып, 500 млн сумға жаңа әдебиятлар алған болсақ, 500 млн сумға материаллық техникалық базамызды беккемледик.
Ҳәр жылы китапханамыз жаңа әдебиятлар менен байытылады. Сол арқалы китап окыўшыларымызға ҳәр тәреплеме қолайлы шараятлар жаратылмакта. Заманымыз тез раўажланып атырған бир ўақытта руўхый дем алып күнине 1 саат ўақтымызды китап оқыўға ажыратсақ ҳәм руўхый дем аламыз ҳәм көп мағлыўматқа ийе боламыз.
Ҳүрметли Президентимиз Ш.Мирзиёев «Ҳәзирги китап окыған бала ертеңги күни телефон услаған баланы басқарады» деп бийкарға айтпаған. Нөкис районы Мәлимлеме-китапхана орайы хызметкерлери аймақтағы турғынларды, оқыўшы жасларды китап оқыўды ен жайдырыў мақсетинде районымыздың алыс аймақларына барып көшпели китапханалар шөлкемлестирди.
Ҳәзирги күнде соны мақтанып айта аламыз Мәлимлеме-китапхана орайымызға үлкен нураный ғарры аталарымыз, кемпир апаларымыз, кишкене балаларымыз күн арадан мәкемемизге келип жаңа әдебиятлар менен танысып кетпекте.
Ж.Мамбеткаримова, Нөкис районы Мәлимлеме-китапхана орайы қәнигеси.
