«30-июль – Халықлар дослығы күни» байрамы ҳәм усы сәнеге бағышланған «Дослық фестивалы» болып өтти. Пайтахтымыздағы мәмлекетлик байрақлар орнатылған орында халықлар дослығы ҳәм татыўлықты беккемлеў мақсетинде ғәрезсизлигимиздиң дәслепки жылларында-ақ Қарақалпақстан Республикасында дүзилген миллий-мәдений орайлар ағзалары өзлериниң миллий кийимлеринде тарийхый мийрасларын ҳәм миллий қол өнери буйымлары менен қатнасты.
Усындай орайдың бири болған түркмен миллий мәдений орайдың баслығы Реджепбай Авезовтың айтыўынша: Республикамызда 200 мыңнан зыят түркмен миллети қарақалпақлар менен биргеликте татыў-дос болып жасап атыр. Орайға 5000 түркмен миллети ағза. Сондай-ақ, қырқ мектепте 13000 оқыўшы түркмен тилинде оқыйды. Орай жанынан дүзилген “Арзу” түркмен халық ансамбли бар. “Мекан” атамасындағы газетасына ийе.
– Қарақалпақстан Республикасында 300 мыңнан аслам қазақ миллетиндеги пуқаралар жасайды. Және де 150 ден зыят мектеплерде 20 мыңнан артық оқыўшыларымыз билим алып атыр. НМПИ да 300 мың, ҚМУ де 30 қәниге оқытылмақта. Қоңырат районында орайдың филиалы жайласқан. Ал, қалған 14 районда ўәкиллеримиз бар, – дейди қазақ миллий мәдений орайы баслығы Асқар Умбетаев.
Рус миллий мәдений орайы баслығы Зоркина Галина Александровна: Ҳәзирги ўақытта Қарақалпақстанда 5000 нан аслам рус миллети жасайды.
“Славутич ” атындағы украина миллий мәдений орай баслығы Миронец Ольга Артьемовна:
– ҳәзирги пайытта Қарақалпақстанда 1000 ға жақын украин миллети ўәкиллери жасап ҳәм мийнет етпекте. Қарақалпақстандағы коорецлердиң ҳүкиметлик емес шөлкеми (ҲЕШ) ассоциация баслығы Шин Александр Русланович:
– Қарақалпақстанда 1,5 кореец халқы жасап атыр. Биз қарақалпақ халқы менен әзелден дослықта жасап киятырмыз. Бизлер оларды ҳүрмет етип, қарақалпақ тилинде сөйлесемиз.
Буннан соң Нөкис қаласындағы Орайлық амфитеатрда «Халықлар дослығы күни» байрамы ҳәм де усы сәнеге бағышланған «Дослық фестивалы» шеңберинде Россия, Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикстан, Әзербайжан, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының белгили қосықшылары қатнасыўында үлкен гала-концерт бағдарламасы болып өтти.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, бүгинги күнде елимизде ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында миллетлераралық дослықты ҳәм татыўлықты беккемлеп, халықлар арасында өз-ара аўызбиршилик кеңпейиллик ҳәм мийрим-шәпәәт орталығын еле де күшейтиў, олардың миллий мәдениятын, үрп-әдет ҳәм дәстүрлерин қәстерлеп сақлаў ҳәм раўажландырыўға айрықша итибар қаратылып атырғанлығын атап өтти.
Биз мийман болып келген бир қатар қосықшылар менен қысқаша сәўбетлестик: – Мениң Қарақалпақстанға туңғыш мәрте келиўим. Мен Татарстаннан келдим. Халқыңыз жүдә бир ақ көкирек, жадыраған адамлар екен. Татар халқы менен татыў-дослығымыз даўам ете бергей, – дейди Россия федерациясы, Татарстан Республикасынан келген талантлы қосықшы Саида Мухаммеджанова.
– Мениң де биринши келиўим. Қуяшлы Тәжикстаннан Қарақалпақстанға жалынлы сәлем алып келдим, – дейди Хучостаи Мирзовали.
– Қарақалпақ халқы менен бурыннан барды-келдимиз бар, доспыз. Бүгинги фестивальға мирәт етип шақырғанларыңыз ушын көп-көп рахмет. Мине, бүгинги фестивальдан дослар таптым. «Халықлар дослығы» деген мине сол, – дейди езиўиндеги күлкилер менен қазақ эстрадасының белгили ўәкили Сая Махамбет.
Фестиваль узақ даўам етип, ҳәр қыйлы миллет қосықшыларының өз тиллеринде атқарған қосықлары тамашагөйлерге өзгеше бир заўық бағышлады. Ҳаўазлар түнги Нөкис ақшамын жанландырып жиберди.
Шүкирбай СИЙПАТДИНОВ, журналист
