Дөретиўши тулғалар, соның ишинде шайыр-жазыўшылар ҳаққында сөз болғанда биз ең дәслеп ол инсанның сүўретин, ал ол сақланбаған болса, оның қыл қәлем ийелери тәрепинен сызып қалдырылған, мектеп сабақлықларына енгизилген портретин көз алдымызға келтиремиз. Олай болса, қарақалпақ әдебиятының уллы байтереги, поэзия әлеминде теңитайы жоқ данышпан, әжайып философ-шайыр Әжинияз Қосыбай улының ҳақыйқый келбети қандай болған?
Классик шайырдың «Қарақалпақстан» баспасы тәрепинен ҳәр қыйлы жыллары шығарылған топламларында белгили қарақалпақ художниклери Қәўендер Бердимуратов, Қыдырбай Сайпов, Қыдырбай Нажимов, Ислам Әлибеков, Исмайыл Қыдыров ҳәм тағы басқалардың графикалық усылда салған портретлерин ушыратыў мүмкин. Оның үстине соңғы гезлери қала орайындағы пайызлы орынлардың бирине ҳәм Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының алдына шайырдың скульптуралық мүсинлери орнатылды, «Қарақалпақфильм» киностудиясы тәрепинен кең экранларға шығарылған «Зийўар» фильминде (сценарий авторы Алпысбай Султанов, режиссёр Төренияз Қәлимбетов) бас қаҳарман ролин Қарақалпақстан халық артисти Бегебай Алланиязов атқарып, Әжинияз бабамыздың мәңги өлмес образы жаратылды. Енди солардан қайсысын эталон портрет, яғный шайырдың ҳақыйқый келбети, деп есаплаўға болады?
Биз буған анықлық киргизер болсақ, Әжинияз шайырдан фотосүўрет қалмағанлықтан, қыл қәлем ийелери дөреткен портретлердиң бирин рәсмий түрде қабыл алып, мектеп, лицей, колледж, жоқары оқыў орынлары ушын шығарылған сабақлықларда, шайырдың баспада жарық көрген китапларында, сөз зергериниң юбилейлерине бағышланған басылымларда, мәденият ҳәм әдебият күнлери мүнәсибети менен таярланатуғын баннерлер ҳәм плакатларда, почта маркалары, дәптер ҳәм блокнотларда пайдаланыўымыз керек. Ҳәзирше бизде шайыр портрети жөнинде бундай ҳүкиметлик қарар, жәмийетлик шешим жоқ, газета ма, яки журнал ма, баннерлерде де ҳәр ким өзлери унатқан шайыр портретин жәриялаўды даўам етип келмекте.
Бул мәселелерде даңқлы сәнелери бурынғы аўқамлық, республикалық көлемде белгиленген бабамыз Бердақ Ғарғабай улының жарқын келбети өзиниң дурыс шешимин тапқан сыяқлы. Өйткени Қарақалпақстан халық художниги Қәўендер Бердимуратов бар интасы ҳәм таланты менен салған шайыр портретинде ҳәм Өзбекстан халық артисти Нәжиматдин Аңсатбаев сахнада шеберлик пенен жаратқан Бердақ образында демократ шайыр бабамыздың халық кеўлинен шығатуғын келбетин көремиз, онда шайыр ҳәм оның портрети арасындағы дәл уқсаслықты сеземиз, сахналық образда да бир қанша ҳақыйқатлық, үйлесимлилик бар екенлигине гүман келтире алмаймыз. Лекин, Әжинияз бабамыздың портретине келсек, бул көпшиликте тартыслы пикирлерди пайда ететуғыны сыр емес.
Себеби, соңғы ўақытлары, жасыратуғыны жоқ «Қарақалпақфильм» киностудиясы тәрепинен сценарий авторы – Алпысбай Султанов, режиссёры – Төренияз Қәлимбетов сүўретке алынған «Зийўар» фильминдеги Әжинияз шайыр образын журтшылық тән алып, ол кино ҳәм телевидение арқалы жийе-жийе көрсетилип, баннерлик плакатлардан ҳәм басылымлардан кең орын алып келмекте. Шынында бул ҳақыйқатлыққа қаншама жақын? Сол фильмниң дөретиўшилериниң бири болсам да бул мәселе мени көптен ойландырып, толғандырып келеди. Әжинияз шайырдың өмир баянын терең изертлеген илимпазлардың, жазыўшылардың дәлиллеўлерине нәзер аўдаратуғын болсақ, сөзсиз бизде гүманлы пикир пайда болады. Ол актёр Бегебай Алланиязовқа мегзес көзлери қысық, ат жақлы, қара сақал, қарапәрең адам болған ба?
Мен бул жерде кинода шайыр образын дөреткен режиссёрға ҳәм артистке наразылық билдирежақ емеспен. Дурыс, ҳәрқандай көркем өнердиң реалистлик өз жолы бар. Олар Әжинияз шайырды кино көзи менен усылайынша көрген болыўы итимал. Бирақ, шайырдың өмири сәўлеленген прозалық дөретпелерде («Әжинияз», «Бозатаў» романларында) Қарақалпақстан халық жазыўшылары Караматдин Султанов ҳәм Камал Мәмбетовлар оны басқаша сыпатлайды. Жасым олардан бираз киши болса да, қарақалпақтың қоңырат арысы, ашамайлы тийреси, сақыў урыўынан болған Әжинияз шайырды пир тутып, қандай инсан болғанына қызығып, әўладларынан талай мәртебе сорастырып көргенмен.
Сонда аўылласларымыз шайыр бабамыздың келбети келискен, орта бойлы, сары сынлы, шоқ минезли, сөзге шешен, оғада дилўар, йошлы, бир көрген адам унатып қалатуғын хоширей, мектеп, медресе көрген диндар, жүдә оқымыслы ахун дәрежесиндеги инсан болған – деп айтатуғын еди. Кейинирек усыған мегзес теңеўлер менен Әжинияз шайырды Қарақалпақстан Республикасына белгили мәмлекетлик ғайраткер, ел басқарған, жаслығында өзи де қосық жазған, Жумамурат аға Жиемуратовтың: «мениң руўым сақыў – «Зийўар» шайырдың әўладыман, ол сары сынлы, орта бойлы, келбети келискен, оғада хоширей инсан болған», деп мақтаныш пенен айтқанын, қасында жасы кишилик етип жүрип талай рет еситкенмен.
Лекин, айырым художниклер менен скульпторлардың шайыр образын приметив түрде, жарлы, дийқан образында жаратыўға талпыныслары, өзлери дөреткен көркем полотноларда, мүсинлерде данышпан, философ, уллы ойшыл, медресе питкерген ахун дәрежесиндеги инсанды қолына дуўтар услатып, әпиўайы бир бақсыға айландырып қойғаны тек мени емес, бәрше дөретиўши қәўимди қатты қыйландырады. Бул ҳаққында мәдениятымыздың жанкүйерлериниң бири, Әжинияз лирикасын илимий жақтан дәлиллеп дүньяға танытқан Бәекеш Қәлимбетовтың мақаласын илгериде «Еркин Қарақалпақстан» газетасы бетлеринде оқығанман.
Бирақ, негедур усы шынлық сәўлеленген ҳақ нийетли пикирлер тек жеке адамның (илимпаз Б.Қәлимбетовтың) эмоциясы сыяқлы қабыл алынып, жәмийетшилик, дөретиўшилик аўқам ағзалары тәрепинен талқыға алынбай, нәтийжесиз қалды. Бул мәселеде Әжинияз шайырдың өмири ҳәм дөретиўшилик хызметине бағышлап монографиялар жазған Әбдикерим Пирназаров, мақалалар дүркимин дөреткен Айдар Муртазаев, Қырықбай Байниязов, шайыр ҳәм илимпаз Бахтияр Генжемуратовлар, айрықша пидайылық көрсетип, шайырдың туўылған сәнесин бизге анықлап, белгилеп берген академик Жуманазар Базарбаевтың мийнетлерине нәзер аўдарсақ еле де шеп болмайды.
Ғәрезсизлик бизиң миллий өзлигимизди таныўымызға, әдебиятымыздың ҳәм көркем өнеримиздиң раўажланыўына кең мүмкиншиликлер ашып берди. Буннан пайдаланып, бүгинги күни шайыр бабамыздың ҳақыйқый келбетин көз алдымызға келтирип, оның эталон портрети хызметин атқаратуғын образы ҳаққында бир шешимге тоқтайтуғын пайыт келди. Буның ушын Өзбекстан Көркемлик Академиясы ҳәм оның Қарақалпақстандағы бөлими, Қарақалпақстан Республикасы мәденият министрлиги, Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамы ҳәм тағы басқа да дөретиўшилик аўқамлар менен биргеликте Әжинияз шайыр портретине конкурс жәрияласа мақсетке муўапық болар еди.
Нәтийжеде кең жәмийетшилик, дөретиўшилик аўқамлардың ўәкиллериниң қатнасыўында ойласық өткизилип, олар бир шешимге келсе, ҳақыйқый ийгиликли ис болады. Сонда биз уллы бабамыздың ҳақыйқый келбетин тиклеп, оған үлкен ҳүрмет-иззет көрсеткен, келешек әўлад ушын бийбаҳа мийрас қалдырған боламыз.
Алпысбай СУЛТАНОВ, Қарақалпақстан халық жазыўшысы, Өзбекстан жазыўшылар, журналистлер, кино ғайраткерлери аўқамларының ағзасы.
