«Ал киятыр, ал келди»ге жүрек шайды болған Назира апа енди изи қандай болады деген ойлар түбинен серпилип шыға алмай, сырты пүтин иши түтин болып турғанын бир қарастан сезиў қыйын емес. Себеби, қыздың анасы еле жеталмай жүрип-ақ Назираның қол телефонына шығып «сарпай»ын кийгизген еди. Мойнақ пенен Тахтакөпир арасы «ийт өлген жер».
Ал, киятырған тәпбердилер узақ жолдан шаршаңқырап киятырған адамларға уқсамайды. Япырмай, тәпберди дегенде өзиниң атына сай бунша пәт пенен тәпберип киятырғанына қараң дәрўазадан кирмей атырып ўайқан салып киятыр, тап Тахтакөпирдиң гил шарбая қатынларын жыйнап жибергендей. Бул әжептәўир келис Назира апаны алғулаға түсирди. Әй, анасы қурығыр-әй, ана болыў да аңсат емес. Жыйналғанлар:
– Не бәле усылардан басқада қыз жоқ па екен – десе және биреўи, қызы бардың назы бар, ҳәзир басылады дейди. Еле қызды көрмей атырып ўайқанды салып атырған алты ҳаял тәўеллеге турмай атыр. – Қыз қайда-ҳә, қыз қайда, қолын созғанларға тарт қолыңды – деп бақырып киятыр.
Залдың төринде басын төмен ийип отырған Нуржамал ашшы даўысты еситип орнынан өрре турды. Қорықпа жаным өзи жолы сондай болады, қыз деген бир жерди қуўантса бир жерди суўалтады, ашыў менен киятыр, бәри сеннен шешиледи, ең баслысы өз сүйгениңе бас қоссаң әрманың жоқ, соны умытпа, шыға-шыққа изине ерип кетпе, өзим келдим, өзимниң қәлеўим дей бер, деп жигит жеңгелери қызды ақылландырып атыр.
Жыйналған қоңсы-қоба, ағайинлердиң турған жерин қақ айырып, бақырысып киятырған алты ҳаялдың ишиндеги ең дәпеңи қыздың бетине шапалақты урғанда келте бойлы, жүзи домалақ, писте мурын, шашын төбесине түйген Нуржамал еки қолы менен бетин басып жалп етип отыра қалды. Қолынан тартып сүйреп баратыр. Есик алдына келе беристе көше жас үлкени Қәнигүл кемпир өлдиге босағада жатып алды.
– Қаш! Шық! Тур! – деймен деген дәпең қатын сирә мынаў жасы үлкен деп атырған жоқ. Тәпбердилер беттеги еки ҳаял кемпирди сүйреп қапталлап тартқылап атыр.
– Тура ғой шеше, жазым табарсаң, өзиң зордан жүрген ҳалың бар десе, ал және бир даўыс: – тоқсанға шыққан кемпирди атлап қайда барасаң? – деп даўысын көтериңкиреди. Ал, Назира апаның үлкен жеңгеси болса, шырақларым, бақырыспаң сөйлесейик, азғантай тынышланып алсаңыз-ғо, ана қызыңызды тыңлаң, қәлеўи шығар болмаса әкелгенде көликтен түспей төрт аяқлайды ғо, дым жақсы өзи келди, қәлеймен инстутта бирге оқыдық, төрт жыл шамасында сөйлесип жүрдик деп атыр.
– Мына балаға да аңсат емес. Айқыздың тилеп алған жалғызы еди. Ой қәйтип бала дәртинде жанып жүрип көргени, өйтпең қарақларым деген сөзлерге де писент қылмаған тәпбердилер қызды сүйреп сыртқа алып шықты. Назира апаның қурдаслары болса – Айдай балаңа аўылдан қыз қапылып қалыппа не өйтип жылай берип алып кетсе кетсин.
– Бундайлардан қутылғаныңа қуўан, мынаў нес гәпке түсинбесе, тыңламаса, ертең қуда-жек жат болып қатнасарың бар. – Анасы қайсысы ана дәпең бе?
«Анасын көрип қызын ал, табағын көрип асын иш», деген гәп бар, не қарық болар мыналардан шыққан қыз деп айтылып атыр. Ең ақыры шығып баратырған узын бойлы, арық келиншектиң қолын Назира апа беккем услады, яқшы мен излериңнен бараман анық әкетейин деп атырсыз ба?
– Аўа, тапсырма солай.
– Атам аспанға балта ылақтырып атыр.
– Қыздың шешеси анаў ма?
– Яқ енем келмеди.
– Енди не қыламан булар ҳеш болмаса сөйлеспеди-аў. Аўыл жасыүлкенлери ойласып дәрриў еки машынға отырып, қызды алып баратырған тәпбердилер изинен жүрди. Назираға ўақыт бир жерде тоқтап қалғандай болды. Назира мың ойлар менен баратыр. Не болсада жақсылыққа болғай.
– Ал, кише жақынладық, – деди шофёр . Жүреги суў етип Назира бираз албырады. – Жаңағы не ғо қайнаға, қәйдем не қыламыз енди деп қайнағасын сүйеў көрди ме? Ол да ҳеш гәп болмайды келин, буннанда бетерин көрдик. Исмайылдың баласы қыз әкелгенде әжағалары пышақ та алып келди, талай үстимизден мылтық көширгенлер де болды, изи жарасып атыр. Болғаны болар, өзиң қәлеген жерден қыз алмайсаң, өзиң қәлеген жерге қыз бермейсең дегени ҳақ гәп. Сизлерде асығып, оншама, алдынан өткенде бундай булағай болмаспеди.
– Енди не қылайын қайнаға, дипломымды алып келемен деген балам ойда-жоқта келиниңди де әкелдим деп келип тур. – Ҳаў-деўим менен қалдым.
– Қыз қайыл дегенге бундай жағдай болады демеппен. Ҳәр жерде бир үй, егиншилик, шарўа ушын қоныс басқан аўыл екени көринип тур жан-жақ пышық мурны батпайтуғын атызлық. Олар орта дәрмиян шаңарақ екен қоңыр ылай менен сыбалған үйге мойнақшылар сескениңкиреп кирип киятыр. Бағанағы шуўласқан даўыс жоқ, қызды алып кеткен алты ҳаяллар да көринбейди. Қапыны әстен ашып мүмкин бе? – деди Тилеўбай ата.
Рухсат сорап кирмей не қылсын айыбы бар адамлар ақыры. Жасы алпысларды шамалап қалған ҳаял адам кириң, келиң, деп есиктиң қапталында тур екен. Төрде орнынан қыймылдамастан еки қолын төбесине тартып телевизор көрип отырған қыздың әкеси болса керек деп шамалады ишке киргенлер.
Ашыўы басылыңқыраған бирақ елебери жаздырыңқырамаған. Елиўбай келгенлер менен суўық сәлемлести. Ана гәпти айтаман, мына гәпти айтаман деп киятырған көше бийи Гүлзар апа да сөзге шешенлердиң бири, бул кисини көрип гәпти неден басларын билмей қалды. Назира қайнағасына жалт қарады. Қайнағасы да түсинди ме төмен қараўы менен:
– Кеширерсиз яшуллы, – деген сөзди тилине қатты. Жатырған орнынан геўдесин көтерип орнынан турған бул киси әтирапына дизилип отырғанларға бирим-бирим қарады. Еки қолын жүзине сүртип әсте даўыс пенен әззети абырай деп, қоя қалды. Бул да Назира апаның жүрегине басыў салды. Ой-бей күни менен басқа ойларда киятыр едим.
Қудайға шүкир-әй мына кисиниң бизлерди кетә-кет демегенине деди ишинен. Бул кисиниң ўақыт өтиўи менен жақсы қатнасып, тап туўысқанындай болып кетиўин қайдан билсин. Төребай аға да Мойнақтың төрели кисилериниң бири. Аўыр салмақлы, ҳә дегенде сөйлей бермейтуғын, ҳәр ийнинде бир жолбарыс отырғандай, айбатлы, сын-сымбаты келискен, ақылы да соған сай инсан. Әсте гәпин баслады.
– Баламыз әнтеклик етипти, апамды қуўандыраман диплом алған күни қос қуўаныш болсын деп, Нөкистен туўры қызыңызды алып, бизлерди де хабардар етпей, келе берипти. Еле жас ғой булар қайдан билсин ақылы еки көзлеринде, екеўмиз қәлесек болды деп өзлеринше шешипти.
Кеширимли болсын, бас ийип келдик, Сизди дурыс түсинемиз яшуллы қызды бағып өсирип, ойда жоқта сүйреп алып қашып кетиў деген де надурыс. Бала биз бенен ойласқанда алдыңыздан өтер едик, – деди.
Төмен қараған басын көтерип, көтериңки даўыс пенен – Нелисиз? – деди қыздың әкеси
– Қолдаўлы – деди Төребай аға – Қызымды алты ул бала ишинде бир төбе етип өсирдим, сизлерде дурыс түсиниң мен қәйдем тек келин түсире берип үйренип қалдым ба, – деди «шақысы» сынбағанлығын билдирип.
Топа-торыстан қызыңды алып қашып кетипти Мойнаққа дегенде отырып қалдым. Ақылымды жойттым ба? Тек, әкелиң, қызды дей бериппен. Булар да мениң айтқанымды хат пенен қәлем етип, барып алып келди. Мине, келгенлериң де жақсы болды. Қызды дастық етесиз бе? «Теңи келсе тегин бериң» дейтуғын еди әжем. Тилеўберген шайыр қосығында жазған: Қызын ким сатып байыған Теңи келсе тегин бер, – деп қызыма дым өкпем жоқ, төрт жыл оқыды, қолына дипломын алды.
Тек мениң қәлеўим усы алып қашыў дегенге дым қарсыман келсеңиз, сорасаңыз, бир аўыз айтып алдымыздан өтсеңизлер болғаны еди. Назира бул сөзлерди еситип қуўанғанынан сынқылдап жылап жиберди.
– Жылама қарағым, бул баланың анасы ма?
– Аўа, ақсақал, усы Назира келиним. Меннен кейинги иним бар еди, усы бала 5-класс ўақтында суўға кетип инимизден айрылдық, соннан қалған бир бала, үш қыз еди. «Орнында қалған оңалар» деп бир майданда үйленетуғын болып қалғанын сезбейде қалғанымыз. Бағанағы тәпбердилердиң шуўласыўы, айқасыўы Назираны есинен аўдырдыма… Ҳаў енди бул еситип отырғанларым оңым ба?! – деп аң сары шыққан Назира жалтақлап ким сөйлесе соған қарап отыр.
– Анасы, қызыңды шақыр пәтиямды берейин ерсин мына келгенлердиң изине дегенин еситкен Назира орнынан ушып турып:
– Берекет тап аға өз қызымдай етип қояман уўайымламаң, балам жақсы, ишпейди, шекпейди, биреўдиң зейнине тиймек түўе шыбынға азары жоқ, кишипейил, узақ жер деп те уўайым шекпең ҳәзир еки үйдиң биринде машын тез-тез жиберип тураман – деп жалбырақлап атыр.
Қызының маңлайынан сүйип өз уясынан өзге журтқа, жүрегинен жулып берип атырған атаны түсиниўге болады. Ҳәмме көзине жас алып жылап атыр. Кеўлин жәмлеген Назираны Мойнаққа келемен дегенше киши мырзағасы ҳәзиллесип келди.
– Енди кишеме қайда баратырсаң десең Тахтакөпирге тойға дей беретуғын шығар, не деген ўәделерди берип таслады жеңгем қудасына. Бағана тәпбердилерден қорқып қалды-аў шамасы. Жеңге қорқпаң халқымыз тәпберди деп атын бийкар атамаған, келген ўақта үндемей келсе болмайды, сөйтип тәпберип келиў керек, – деп күлип киятыр алты ҳаялдың қылықларын айтып.
Оған Назира апа да қудайым жеткергенине шүкир, екеўи бир-бири менен татыў болса болды мен усылардың тилегиндемен – деўи менен аўзы тынбай сөйлеп, узақ болып көринген Тахтакөпир менен Мойнақ арасы да жап-жақындай болып кетти ме, ҳаў келдик пе дем де деп машыннан түсти.
Ол үш қызының атын избе-из айтып, бағанағы ақ шашақ орамал қайда? Әкелиң, деп даўыслаўы ғаўырласқан адамлардан сүйинши сорап жүр… Қуўанышың мәңгиге болсын, Нәзира!
Сахипжамал ШАДДИНОВА, Мойнақ районы.
