Мениң достым жылан

Аўа, ҳәзир сиз бул мақаланы оқып баслар екенсиз «Жылан қалайынша адамның досты болады?» – деп ойланып атырғаныңыз анық. Бул ўақыя былай болған еди.

Жаз мәўсими. Ыссы ҳаўада далада қалың саялы теректиң астында бираз мызғып алайын деген мақсетте енди жайғасып атырған едим, тап сол ўақытта үйимиздиң қасындағы терекке уя салған қумыры бирден тынбастан биймазаланып, даўыс шығара баслады.

Мен басында онша итибар бермедим, соң сер салып қарасам палапанларына үлкен жылан топылып атырған екен, бирден қатты қорқып кеттим ҳәм үйде отырған әжағама бул хабарды жеткериўге асықтым. Әжағам қолына үлкен белди алып тез жетип келди ҳәм жыланды өлтирди.

Мен өзим жыланнан қатты қорқатуғынлығым себепли бул ўақыяны бираз ўақытқа шекем умыта алмадым. Арадан алжаспасам 1 яки 2 жыл өтти. Биз аўылда туратуғын болғанлықтан азанда ерте уйқыдан турып малларды өриске қосыўға кетиўим керек еди.

Мен пешаханада жалғыз өзим жатып, уйқыдан ояндым. Уйқылы-ояў көзиме шама менен 65-70см шығатуғын бир жылан көринди. Аң-таң болып не қыларымды билмей үйге қарай жуўырдым, ал жылан болса көпшигимниң қасында қыймылдамастан маған қарап турар еди. Үйге барып ағама айтсам «қой түсиң шығар, жылан болғанда шағыў керек-ғой» деп исенбеди.

Арадан көп ўақыт өтпестен ағам менен пешаханаға бардық, ашып жиберип едик, расында да бағанағы жылан еле қозғалмастан тур. Ағам қолына илинген таяқ пенен жыланды урып қашырды. Бизлер ҳайран қалдық, «қалайынша ол мени шақпады?»

Сол-сол екен мени аўыллас досларым «жылан сениң достың-ғой» деп ҳәзиллесип қояды. Мен бул ўақыядан соң бир затты түсинип жеттим, биз неден қорқсақ сол бизге көплеў жақын болады.

Соның ушында ҳеш нәрседен қорқпастан ақыл менен жол тутып сабырлы болып үйрениўимиз керек екен.

Индира Пиржанова, Тахтакөпир районы, 12-санлы мектептиң оқыўшысы.