Париж олимпиадасы

Францияның Париж қаласында 2024-жыл 26-июльден 11-август аралығына шекем өткерилип атырған XXXIII жазғы Олимпиада ойынларының жуўмақланыўына да аз пурсат қалды. Және бир тарийхый сәне де қайсы мәмлекетлердиң ең күшли спортшылары ең бийик шоққыға шыға алады?

Олимпиада қызғын беллесиўлери менен бизди гә қуўандырып, гә қыйналдырып санаўлы күнлерден соң өз жуўмағына жетеди. Ең күшли споршылары арқалы мәмлекет байрақлары жоқары көтериледи. Дерлик ҳәммениң дыққат-итибарын өзине бәнт еткен Париж-2024 XXXIII жазғы Олимпиадаға бизиң жерлесимиздиң қатнасыўы және де өзгеше сезимлерге бөлейди.

Спорттың қылышпазлық түри бойынша белгили спортшымыз З.Дайыбекованың қатнасып, жақсы нәтийжелер көрсетиўи ҳәм тағы басқа бир қатар спортшыларымыздың сол орынларға жетип барыўының өзи үлкен мақтаныш. Ал, “Өзбек дзюдосында жаңа тарийх жазылды” деп тәрипленип атырған хош хабар, жаңалық, үлкен-кишиниң, ҳәммениң нәзеринде.

Дзюдошы Диёра Келдиёрова Париж-2024 XXXIII жазғы Олимпиадасы чемпионы болды. Алтын медалды қолға киргизди. Диёра халқымыздың, ҳаял-қызлардың мақтанышына айланды. Әсиресе, қарсыласы бир неше мәрте чемпионлықты қолдан бермей киятыр япониялы спортшы менен болған беллесиўи, Диёраның оның үстинен жеңиске ерискен пурсаты пүткил халқымызды қуўаныштан төбесин көкке жеткизди. Усындай чемпионларымыз көбейе берсин. Диёра Келдиёрованың избасарлары арта берсин.

Жумагүл ЕМБЕРГЕНОВА