Ыссы күнлер артта қалмады

– Бүгин кешегиден де ыссы ма деймен, елп еткен самал жоқ, сирә теректиң жапырағы қыймылдамайды-ғо. Шырақларым-ай, ертең-ақ шыққанда болмас па еди? – деп изине ерип киятырған ул-қызына сөйленип киятырған жолаўшы ҳаял.

– Ақлықларыңыз болса керек, оқыўға таярлық шығар. Күнниң ыссысында шыға қойыпсызлар – дедим пиядалап киятырған жолаўшыға жолдас болып, сөзине араласып. – Ҳәй заманласым-ай, оқыўға анаў алыў, мынаў алыў керек деп күнде тынышымды алып қоймаған соң алып шықтым.

Булар телефоннан ана дүкан менен мына дүканда анаў барда, мынаў бар деп бәрин билип отыр. Машинаға минип түсе бериўде қыйын. Қудайға шүкир өнип-өскен халықпыз, усы ўақытлары бир адамның изинде еки-үш баладан ерип жүргени.

– Аўа, ақлыққа жеткергенине, олардың тәшўишлери менен жүриўге денсаўлық бергенине шүкир, деймиз де, бирақ өзимизди де мына күнниң ыссысынан сақлаўымыз керек ғой, деп жолаўшы менен жолымыз бөлекленди… Жаз мәўсиминиң соңғы яғный август айының дәслепки он күнлиги бираз ыссы болыўы, социаллық тармақларда ыссы ҳаўадан сақланыўымыз кереклиги айтылмақта. Демек, биз қалай сақланыўымыз керек? Биринши нәўбетте, теримизге жағымлы жуқа тәбийий материалдан кийимлерди кийемиз.

Әлбетте, бас кийимсиз болмаўымыз керек. Қуяш нуры саат 12. 00 ден, 16. 00 ге шекем оғыры актив жағдайда болады. Сол себепли усы ўақыт аралығында илажы болғанынша сыртқа шықпағанымыз мақул. Ең әҳмийетлиси сапасы бузылатуғын аўқатлық өнимлерди сатып алмаўыңыз талап етиледи.

Сондай-ақ, бул жаз күнлери декоратив косметикадан пайдаланыўды азайтыў, және де 250о С дан жоқары болған температурада спорт түрлери менен шуғылланбағаныңыз мақсетке муўапық болады. Хош, жәзийрама жаздың ыссысында қандай суйықлықлар ишиўимиз керек? Ыссы ҳаўа-райы күнлери организмде суў балансы бузылады ҳәм де көп ығаллық жоғалтады.

Сол себепли 3 литрден кем болмаған муғдарда суў ишиўимиз керек. Мийўе-жемислердиң писип жетилискен ўақты. Усы жемислерден мазалы суўлар таярлап ишкенимиз ҳәр тәреплеме пайдалы.

Бирақ, ҳәдден тыс муздай да болмаўы зәрүр. Майлы ҳәм дузлы аўқатлардан кемирек пайдаланып, ағарған яғный, сүт-қатық, творог сыяқлы азықлық аўқатлардан және де ғарбыз-қаўын, палыз егинлеринен салатлар таярлап пайдаланғанымыз көбирек пайдалы.

“Сақлансаң-сақларман” дегендей, шаңарақ ағзаларымыздың таптырмас байлығы болған денсаўлығына итибарлы қарап, мәўсим талабына қарай ҳәрекет етейик ҳәм ҳәр қандай аяқасты қәўиплерден сақланайық ҳәм шыдамлы болыўға үйренейик.

Зибира Абдиниязова.