«Қара чемодан»ның ийеси еди

Талантлы жазыўшы Мәмбетәлий Қайыпов (1944-2008) жерлесим болса да оны биринши рет студенлик жылларымда газета арқалы ғана танығанман. 1967-жылы Қарақалпақ мәмлекетлик педагогикалық институтының тарийх-филология факультетиниң бесинши курс студенти едим.

Сол жылы институттың «Совет Муғаллими» газетасында Жалғас Хошниязов пенен бирге бизлердиң қосықларымыз «Биринши шәшмелер «рубрикасында жәрияланды. Арадан көп өтпей сол газетаның 11- май санында М.Қайыповтың «Биринши шәшмелер» атамасы менен мақаласы да шықты. Ол қосықларымызды таллап, өзиниң унамлы пикирлерин ашық түрде билдирген.

Мақаланың соңында «Н» әскерий бөлиминиң қатардағы жаўынгери деп жазып қойылған еди. Усы еске түсириўди таярлаў барысында үй архивимди қарастырып М.Қайыповтың мақаласы басылған газетаны ҳәм «Биринши шәшмелер» атамасы менен жәрияланған қосықларымыздың көширме нусқасын да таўып алдым. Оқып көрсем өзиме тийисли болған қосықларымның биреўи бүгинге шекем бирде-бир топламыма кирмей умыт қалғаны мәлим болды.

Әсиресе, студентлик жылларымдағы «философлығым» мени таңландырғанын жасыра алмайман.

Биреўлер бар изине,
Күлки ертип жүреди,
Биреўлер сөзине
Түлки ертип жүреди.

Соқпағыңда жатыр тас,
Сүрниксең халық биледи,
Ҳәр қәдемди аңлап бас,
Адамлар бар күледи.

Ал, 1969-жылы М.Қайыпов пенен Қарақалпақ мәмлекетлик үлке таныў музейинде бирге ислесиў несип етти.

Биз киши илимий хызметкер, Мәмбетәлий болса художник-реставратор ўазыйпасында иследи. Сол жылы Төрткүл районының бир колхозында музей шөлкемлестириў ўазыйпасы екеўимизге тапсырылды.

Дерлик, бир айға шамалас сапарда болып, музей ушын жыйналған затлай ҳәм сүўретли экспонатларды тематикасы бойынша орынлы-орнына жайғастырдық. Бунда М.Қайыповтың художниклик шеберлиги қол келди.

Бул хызметлеримиз ушын ҳәр еки тәрептен де алғыслар еситкенбиз. Сондай-ақ, сол колхозда сапарда болған ўақытларымыз да сол жердеги бир шаңарақ ийесиниң өтиниши бойынша панерден қағылған потологина Мәмбетәлий нағыс салып берип қайыл қалдырған еди. М.Қайыповтың дөретиўшилиги өз алдына бир дәстан.

Айрықша, оның «Қара чемодан» романы өз дәўириндеги ең жақсы шығармалардың қатарында жоқары баҳасын алды.Оннан кейинде бир қатар повест ҳәм гүрриңлер жазып, оқыўшылардың дийдинен шықты. Бир неше тиллерге аўдарылды. Қулласы, М.Қайыпов әжайып шығармалары менен өзининиң екинши өмирин жасап атыр ҳәм жасай береди. Буған ҳасла гүман жоқ.

Жәмийетшилигимиздиң жазыўшының сексен жыллығын салтанатлы белгилеўи де сөзимиздиң тастыйығы. Руўхлары шад болсын.

Көбейсин ЕРНАЗАРОВ.