Бул әңгимени маған бир таныс апа: «Қызым усы ўақыя мениң достымның басынан өтти. Өзим ҳәммесине толық гүўаман. Сен соны жаз», деп айтып берип еди. Мен қолымнан келгенше көпшиликке жеткериўге ҳәрекет еттим.
… Перуза Ташкент қаласына оқыўға тапсырыўға барған ўақтында қарақалпақстанлы Гүлнара деген қызды ушыратып қалды. Олар танысып, тез досласты. Екеўине де студентлик дәўир несип етип, бир топарға оқыўға кирди. Және өзлери менен бирге оқыйтуғын еки өзбек қыз бенен бирге жатақханада жайғасып, оқыўларына тез үйренисип кетти. Перуза ашық минезли шаққанлаў қыз болғаннан кейин, Гүлнара бәрҳә оның қасына ерип жүргенди жақсы көреди. Бирге китапханаға барады, бирге базарлап қайтады. Дем алыс күнлери киноға барып, студентлик алтын дәўирлерин мазмунлы өткерди.
Сондай күнлердиң биринде басқа топардағы Қабыл деген жигит Гүлнараны жақсы көретуғынын билдирди. Гүлнара да оның менен дос болыўдан бас тартпады. Енди олар үшеў болды. Перуза, Гүлнара ҳәм Қабыл қай жерге барса да бирге барады. Кем-кемнен Қабыл қызлардың мирәт етиўи менен, олардың бөлмесине келип, аўқатланып кетер еди. Олар үшеўиниң арасында ҳеш қандай жасырын сыр болмады. Қабыл менен Гүлнара бир-бирин жақсы көрсе, Перуза олардың туўысқан әжапасындай ғамқоршы еди.
Усылай, олар биринши курсты тамамлады. Келеси жылы Гүлнараның сиңлиси Гүлжан да Ташкентке оқыўға келип, жатақханада олар менен бирге жатты. Қабыл Гүлжанды өз қарындасындай көрди. Гүлнара Қабылды қатты жақсы көрип, оған барлық ўақытта арқа сүйейтуғын еди.
Қыстың қарлы күнлериниң биринде Қабыллардың турып атырған ижара үйинде жылытыў үскенеси (ол күнлери солярка менен жанатуғын котёл еди) ислемей қалып, Қабыл аязлап аўырды. Аўырғанын қызларға да, аўылдағы үйине де айтпайды. Бир неше күнге шекем дене қызыўы түспей, түни менен сандырақлап шыққанынан қәўетерленген қасындағы жигитлер «Тез жәрдем» шақырып, Қабылды емлеўханаға алып кетеди.
Қабыл өкпесин аязлатып алған екен. Ол емлеўханада узақ ўақыт жатып емленеди. Гүлнара қасына бир күни досты Перузаны, бир күни сиңлиси Гүлжанды ертип келип, күнде хабар алып турады. Март айында емлеўханада жатқан Қабылды жазғы сессия басланғанша емлеўханадан шығармады. Сессия тапсырып жүрип те, Гүлнара Қабылды ойлайды. Оған күнделикли аўқатын, керек-жарағын ҳәм ҳәр күни ҳәрқыйлы әўесек тағамлардан алып келип турды.
Бирақ, кейинги гезлерде Гүлнара келген ўақытлары Қабыл биресе «аўырып турман», дейди, биресе уйықлап атырған болады, ямаса «уколларым бар еди», деп Гүлнара менен тез хошласып, палатасына кирип кетеди.
Соның менен Қабыл бир жыл академиялық дем алыс алды. Ал, қызлар екинши курстың жазғы сессиясын тамамлап, демалысқа аўылларына қайтып кетти. Негизи, Перуза Шымбай районының, ал Гүлнара Қоңырат районына қараслы узақ аўылда жасайтуғын еди. Демалыс күнлеринде олардың бир-бириниң ҳал-жағдайларын сорасып туратуғын мүмкиншиликлери болмады. Хат жазғаны менен көп ўақытта келеди. Не болса да сентябрьде олар қайтадан оқыўларына жыйналды. Шымбайдан Перуза келди, Қоңыраттан сиңлисин ертип Гүлнара келди. Олар енди Қабылды излей баслады. Бирақ, қанша излесе де, күтсе де Қабылды сирә таба алмады.
Соның менен Перузаларға мәмлекетлик практика басланды. Қызлар топар-топарға бөлинип ҳәр ўәлаятларға жиберилди. Гүлнара әмелият өтеп жүрип те, бар ой-қыялы Қабылда болды. Гә оған хат жазады, гә Перузаға айтып, Қабылдың қасындағы курсласларына хабарласып, Қабылдың дерегин излестиреди. Үш ай практикасын атқарып болғаннан кейин, ҳәммеси қайта жыйналды. Гүлнараның қыстаўы менен Перуза Қабыллар жататуғын ижара үйге барды. Ол жерде бурынғы балалардан тек биреўи ғана бар екен. Басқалары кейинги курс студентлери. Қабылдың курсласы Гүлнараның солғын түрин көрип аяды ма, ямаса бәри бир түбинде биледи ғой, не болса да ашығын айта берейин, деп ойлады ма, ол жигит Қабылдың емлеўханада өзи менен бирге жатқан бир қызға үйленип кеткенин айтты. Мына хабарды еситкен Гүлнараның жүреги тоқтап қала жазлады. Ол теңселип барып дийўалға сүйенди.
Қабылдың курсласы менен Перуза оны сүйеп, орынлыққа отырғызды. Гүлнара көпке шекем өзине келе алмады.
Күн кеш бола баслағаннан кейин Перуза такси шақырып, Гүлнараны жатақханаға алып кетти.
Сол жатқаннан Гүлнара қәддин тиклей алмады. Оқыўға да бармады, чай-аўқатқа да қарамады. Бир айға шамалас төсек тартып жатып, жазғы сессияға таман сиңлисине айтып, үй бетине қайтып кетти. Сессияға да келмеди, мәмлекетлик имтиханларды да тапсырмады…
Оқыўды табыслы тамамлаған студенлтер хошласыў кешесин шөлкемлестирди, бирге сүўретке түсти, бир-бириниң үй адреслерин жазып алып, қатнасып турыўға сөз беристи. Бирақ, олардың арасында Гүлнара жоқ еди. Перуза достысын ойлаған ўақытларда кеўлиниң бир шети музлап қоя береди. «Бәлким, Гүлнара Қабылды ушыратпағанда ҳәзир досларымыз бенен кеўилли хошласыў кешесинде бирге болған болар еди-аў», деп өкинеди. Ол менен сирә хошласпайтуғындай, оның қайсы районда, қандай аўылда туратуғынын да сорап алмапты-аў. Ҳеш болмаса сиңлисинен де сорап қоймаған екен дә!.. Әжапасы аўырып аўылына қайтып кеткеннен кейин, Гүлжан да өзи менен бирге оқыйтуғын қызлардың ижара үйине шығып кеткен еди.
Оқыўды питкерип келип, Перуза өз районына қәнигелиги бойынша жумысқа орналасты. Үш ай жумыс ислегеннен кейин аўылында муғәллим болып ислейтуғын жигитке турмысқа шықты. Соның арасында бурынғы аўқам тарқап кетип, ҳәр ким өз шаңарағы менен нанын таўып жегенине қуўанатуғын дәўир басланды. Перуза төрт перзентли болды. Соларды өсирип адам қыламан деп жүргенде, жасы да орта жасқа келип, баяғы студентлик дәўирдеги тәшўишлерди есинен шығарды.
Бир күн Перуза қайнағасының қудалығына барғанда бир келиншек көзине таныстай болып көрине берди. Ол келиншек те Перузаның өзине қарағышлап отырғанын байқап отыр екен. Биринши аўқаттан кейин тәнеписте Перуза шыдамай жаңағы келингектиң қасына барып, танысты.
Қараса, бурынғы өзиниң жойтып алған жан достысы Гүлнараның сиңлиси Гүлжан екен. Екеўи көрисип апақ-шапақ болып қалды.
Перуза бирден Гүлнараны сорады.
– Гүлнара қайда? Бар ма? Жағдайлары қалай? Турмысқа шықты ма? – деп ҳәммесин билгиси келип сорап атыр.
– Гүлнара, сол баяғы өзиңиз көрген Гүлнара. Қабылдан кейин ҳеш ким менен турмыс қурмады. Әжағам оған өзиниң бир баласын берип, үйиниң қапталына үш бөлмели үй салып берди. Ол бала да мектеп питкерейин деп тур. Сол жаққа қарай жолыңыз түссе, уялманыз, достыңызды излеп бара бериңиз, – деп Гүлнараның үй мәнзиллерин жазып берди.
Соның менен және арадан бир-еки жыл өтти. Перузаның үлкен қызы Гүлнараларға жақын жерге турмысқа шықты. Перуза қызының тойына барды. Келеси жылы бөпели болғанында қудағайына оң болсынға барды. Қудағайы да өзи менен қатар, ашық минезли ҳаял еди, оған Гүлнара деген курслас қызы усы әтирапта туратуғынын, оны көрип қайтқысы келип жүргенин айтты. Қудағайы Гүлнараны таныйды екен.
– Ҳеш сөйлемейтуғын, ақ бозлақтан келген қыз еди. Бизиң совхозда бухгалтер болып азырақ иследи. Кейин денсаўлығы болмай, ҳәзир үйинде. Бараман десеңиз балаларға айтайын апарып қайтсын. Сиз достыңыз бенен бир чайнек чай ишип, арқайын отырып қайтың. Мен ерип барсам ол тартынып сизге ашылыспай қалып жүрер – деди.
Қудағайының силтеўи менен күйеў баласы Перузаны Гүлнара достысының үйине әкелди. Тазадан салынған үш бөлме жай екен, иши көйлеңке, ҳеш жылыўсыз, тым-тырыс.
Перуза есик аўзында турып:
– Ким бар! Гүлнара! Гүл-на-раа! – деп даўыслады.
Иштен басын орамал менен байлап алған, қәдди сарғыш тартқан арық бир нашар шықты. Перуза узақ тигилип турып көзине қарап, оның Гүлнара екенлигин таныды.
– Ҳаў! Гүлнара! Өзиңбисең достым?! Мен Перузаманғо. Сениң менен Ташкентте бирге оқыған! – деп атыр. Гүлнара азмаз ойланып турып барып есине түсирди ме, Перузаға қарай қушағын ашып бетледи. Еки дос узақ ўақыт қушақласып турып, жылап көристи. Кейин маўқын басып, Гүлнара бир чайнек көк чай әкелди. Перузалардан кейинги жылы мемлекетлик имтиханын тапсырып, оқыўды питкерип, дипломын алыпты. Әжағасы совхозға бухгалтер етип киргизген екен, денсаўлығы болмай ислей алмапты…
Гүлнараның жүзине қарап отырып, онда өмирге деген ҳеш қандай қызығыўшылық жоқ екенлигин, көзинде муң, кеўлинде ренжиў, жүрегинде узақ жыллардан бери қалып кеткен муз бар екенин байқады. Орамалының шетинен шығып турған шашлары аппақ. Перуза оған студентлик дәўирдеги қызықларын айтып, бир заман кеўилин көтергиси келгени менен, Қабылды есине түсирип алыўдан қорықты.
Ҳақ кеўил, ҳадал, ҳасыл жанлы достысының бир жигитти шын сүйип, оның берген пәнтинен тири өликке айланғанын көрип, Перуза ишинен қатты езилди. Өзи де соның жағдайына түсип қалғандай болды. Көп отырғаны менен бәри бир бурынғы аўзын ашса жүреги көринетуғын, нәрестедей ақ көкирек Гүлнара жоқ енди! Оның сүлдер болып қалған келбетине қарап отырыў Перузаға да аўыр еди…
Перуза достысына арнап әкелген көйлеги менен мазалы конфетлерин стол үстине қойып, қайтыўға бейимлести.
– Яқшы достым, аман отыр. Мен тағы келемен, – деп хошласып атырғанда Гүлнараның көзинен бир тамшы жас мөлт етти. Перуза да өзин услап тура алмады. Еки дос қайтадан қушақласып узақ ўақытқа шекем егитилди…
Гүлайым Қуўанышбаева,
Мойнақ районы.
