Бир-бирине уқсамайтуғын төрт пасылдың мине гүз пасылы елимизде ҳүким сүрмекте. Гүздиң де өз сәни бар. Соның менен бирге бул айда ҳәр түрли кеселликлер қозып, инсан саламатлығына кери тәсир ететуғын мәўритлери болады.
Әлбетте, ҳә демей “қылышын сүйреп” қыс айы да келеди. Сонлықтан, күн суўытып, ҳаўа-райы кескин өзгереди. Жаўын-шашынға бай гүз айы адамларға “денсаўлығыңызға итибарлы болыңлар”–деп айтып отырмайды. Сол ушын ҳәр бир адам дәслеп өзине жүдә итибарлы болыў керек. Әсиресе, аналар перзентлериниң үсти-басына қарап, оларды жыллы кийиниўин тәмийинлемесе кеселлик өз “пәнжесине” алады.
Бүгинги күни грипп кеселлиги ҳәўиж алып кеткен. Грипп болған адамның дәслеп тамағы, мурны, қулағы, басы аўырып баслайды. Олардағы аўырыўлар асқынлаған сайын дене температурасы да көтериледи. Кеселлик қозыўы менен аўырыў адам ҳәлсизленип, өзинде қатты аўырыўды сезеди.
Ҳәттеки, төсекте жатып та қалады.
“Грипп ғой не қылар дейсең” – деген бийпәрўалық аўырыўдың жағдайын қыйынластырыўы мүмкин. Ўақтында шыпакерге көринип, оның берген дәри-дәрмақларын, емлерин алып, айтқанларына итибар менен қараўыңыз керек. Болмаса, бул кеселликтиң асқынлаўы басқа аўырыўларды да келтирип шығарады.
Рано Сапарбаева, Гуззал Якубова, Санобар Бекмуратова,
Қариялар ҳәм майыплығы болған шахслар, урыс ҳәм мийнет ветеранлары ушын Тақыятас санаториясы мийирбийкелери.
