Интизарлық

Өмирде биз билмеген нәрселер, ­қыялымызға да келмейтуғын ҳәдийселер ушырасып турады екен. Анамның жанында отырсам усындай ўақыяларға гүўә болғанлардың айтқанларына ҳайран болып, бул тилсим дүньяның биз билмейтуғын сырлары көп екенлигин мойынлаўдан басқа иләжым қалмайды.

«Сыр сандық» атамасы менен анам себепли еситкен усындай бир ўақыяны сизлерге айтып бермекшимен.

Анам менен сәўбетлесиў ушын келген Қутлыбийке апаның жалғыз иниси Жәдигер қайтыс болды. Ол алты қыздан кейин туўылған ул болғаннан кейин әжапаларына арқа сүйеп, керекли жеринде оларға ғамхоршы, жүдә мейирман жигит болған. Кейинги бес-алты жылдан бери Жәдигердиң иши исип кете беретуғын болып жүр екен. Докторға барып көринсе баўырыңда исик бар, жақсылап емленип, диета сақлап жүр деп, дәри-дәрмақ жазып береди.

Үйине келип дәрилерин қабыллағаннан кейин ишиниң исиги қайтып, аўқатқа да иштейи ашылып, жағдайы бираз жақсы болып қалады.

Тири бендениң тиришилик ғамы таўсыла ма? Институтта питкериўши курста оқып атырған қызын сорап келиўшилер көбейип атыр. Баласы да мектеп питкерди. Ертең оқыўға кирип кетсе жай салыў тағы да қалып қояды деп, ҳаялы менен ақылласып, үйиниң алдына тазадан имарат көтермекши болды. Ҳаялы пысықлаў болғаннан кейин, «Балалар да өсип киятыр. Сырттан келетуғын ақша жоқ. Пенсиямды алмай, банкке салып қоя берейин,» деп аманат дәптершесин аштырған екен. Еки жылдан бери жыйналған ақша да бир талай болып қалыпты. Соған қурылыс материалларын алсақ, баламыз бенен екеўмиз жай салыўға кирисе беремиз деп шешти Жәдигер. Бул шешим үйиндегилердиң барлығына мақул болды. Әсиресе, қызлары «заманагөй үлгиде салынған үйден узатылатуғын боламыз», деп ишлеринен қуўанысты.

Соның менен таза жайдың қурылысы басланып кетти. Тырнағы қаланып, гербиш өриўге келгенде әжапалары да қарап отырмай, жезделери менен жийенлерин жәрдемге жиберди.  Жезделери де бос келмеди: кимиси әйнекке, кимиси қапыға, кимиси жылытыў  жүйесине, кимиси пол-патолокқа жәрдем болсын деп ақшалай қәрежетлерин алып келди.

Усындай, «көп түкирсе көл болады»,  деп  ерте бәҳәрде басланған Жәдигердиң имараты  гүзге шекем толық питкерилди. Бирақ ҳәклеў, краскилеў жумыслары Жәдигердиң денсаўлығына бираз кери тәсирин тийгизди. Қайтадан баяғыдай болып иши исе баслады.

— Дайы, мен сизге айттым, краскини өзим ислеп беремен деп. Неге асыға қойдыңыз? — деп атыр кишкентай әжапасының баласы Руфат.

— Ҳәй, қайдан билейин, бел аўырмайтуғын жумыс. Өзим-ақ питкерип таслай қояйын дегеним еди. Мейли, ҳештеңе етпес, дәри-пәри ишсем тәўир болып кетемен, — деп Жәдигер денсаўлығына итибарсызлық етти. Жийени Руфат жораларын алып келип, үйдиң жылытыў жүйесин ислетип берди. Соның менен «дайымның жайы таяр болды ғой, деп Руфат  бир-еки ай жумыс ислеп қайтайын,» деп сырт елге кетип қалды. 

Жәдигердиң денсаўлығы күннен-күнге төменлей берди. Аўқатқа қарағанды да қойды. Оны ҳаялы емлеўханаға жатқызды. Жалғыз инисиниң аўырып қалғанын еситкен әжапалары оны көргенше асығып емлеўханаға жетип келди. Бир-еки күн тилегин тилеп қасында болып, «Бир алла яр болсын» деп, үйлерине қайтты. Қутлыбийкениң үйи  сол жерде болған соң, күниге еки мезгил келип хабар алады.  Ол ҳәр келген сайын Жәдигер оннан кишкентай  жийени  Руфатты сорай береди.

— Руфат жақында келеди. Жумысларын шамаластырған. Ақшасы қолына тийиўден қайтаман деп атыр,- дейди Қутлыбийке.

Сонда да Жәдигер  Руфатты сорай бериўден шаршамады. Қутлыбийке апа баласы хабарласқан сайын:

— Дайың аўырып атыр. Сени сорай  береди. Ақшаңды алсаң қайта ғой балам,- деди.

— Яқшы апа, ертең азанда үй ийеси ақшамызды әкеп беретуғын күн. Пулым қолыма тийиўден дәрриў такси менен қайтып кетемен, —  деди Руфат.

Ертеси күни кешке қарай Жәдигердиң жағдайы қыйынласты. Жан сақлаў бөлимине апарып, кислород пенен дем алдырды. Бирақ, көпке бармады, таңға жақын Жадигердиң жүрек урысы тоқтады. Азанда ерте хабар алыўға келген ҳаялы суўық хабарды туўысқанларына жеткизди. Ең биринши хабардар болған Қутлыбийкениң үйиндегилер тик аяқтан турды. Бул ўақытта Руфат та таксиден түсип атырған еди.

Дәрриў сумкаларын таслады да, дайысының үй бетине қарай асықты.

Барса ҳәмме даўыс шығарып атыр. Бир гезде «Тез жәрдем» машинасы менен Жәдигерди алып келди. Бирақ, алып киятыр­ған адамлардың жүзи бир түрли ҳаўлыққандай көринди.

Бир-бирине сыбырласып, мейитти нусқап:

— Жаны бар, жаны бар, —  десип атыр.

— Ҳаў, жаны бар болса өзлери жататуғын бөлмедеги диванға жатқызың, — деди Қутлыбийке.  Соннан Руфатты шақырып алып:

— Бар, балам, дайың сени күнде сорайды, — дейди. Руфат ишке кирип:

— Әжаға, аўырып қалдың ба? Мен Руфатпан. Қалайсаң, тәўирсең бе? — деген гезде Жәдигер бир көзин қатты ашып: 

— Руфат, келдиң бе, балам?… — деди де, маңлайына қойған қолы жерге сылқ етеди. 

Жәдигердиң аяқ бетинде отырған үлкен жийени Парахат оның аяқларының музлап қалғанын сезди. Жәдигердиң кең ашылған көзлерин алақаны менен жаўып атырған Парахат оның көзиниң астында иркилип қалған көз жасларын көрип, сүлгиси менен сыпырып қойды.

Жәдигердиң жан сақлаў бөлиминде тоқтаған жүреги үйине алып келгенде қайтадан ислеп кеткенине ҳәмме ҳайран. Сол жердеги жасыүлкенлердиң айтыўынша, Жәдигер нешше ўақыттан бери сағынып, бир көриўге интизар болып күткен Руфатты соңғы мәрте көрип қалыў ушын қайта тирилди. Оның дийдарына тойып, иштеги сағынышын көз жаслары менен шығарды да мәңгилик өмирге раўана болды, — дести…

Автордан: Әзизлерим, мен Қутлыбийке апаның айтқанларын сизлерге сол турысында жеткизип отырман. Жуўмақ өзиңизден…

Гүлайым Қуўанышбаева.