Берилген имканиятлар, исленген ислер

Өткен жыл қайсы тараўда болмасын жаман нәтийжелер менен жуўмақланбады. Ҳәр қандай тараўда да жаслар ислейди. Олар келешек ийелери, бизиң ертеңги избасарларымыз. Оларды илимге, билимге қызықтырып, кәсип ийелеўди үйрениўге бағдарлаў келешегимиз тырнағы ўазыйпасын атқарыўы лазым. Бул бойынша Журтбасшымыздың жасларға, әсиресе, Қарақалпақстан жасларына деген дыққат-итибары ҳәм олар ушын жаратылып атырған имканиятлары қанша дейсиз?!

Хош, қарақалпақстанлы жаслар жылды қалай жуўмақлады? Оларға қайсы тараўда қандай ис-илажлар әмелге асырылды? Мине, усы ҳәм басқа да сораўлар дөгерегинде бизиң журналистимиз Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы Полат Мақсетбаевқа мүрәжәт еткен еди.

– Ҳақыйқатында да, жаслар бизиң таянышымыз, ертеңги келешегимиздиң басқарыўшылары.

Қарақалпақстан Республикасында жасаўшы халықтың 50 проценттен зыятын жаслар қурайды. Өткен жыл басында республикамыздағы 452 мәҳәлледе  өткерилген хатлаў арқалы 908 мың «жаслар балансы» дүзилип, олардың жеке машқаласы, қызығыўы ҳәм талапшаңлығынан келип шығып, бир қатар жумыслар әмелге асырылды. Олардың қәлеўи ҳәм нийетлери үйренилип, республика комиссиясы ҳәм Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети бақлаўы астында 14,3 мың жастың мүрәжәти тийкарында “пуқарабай” ислеп шығылды. “Жаслар бәнтлиги бағдарламасы” ның орынланыўын тәмийинлеў ушын штаблар дүзилип, көплеген ислер исленди. 7 мың 672 жасқа дийқаншылық пенен шуғылланыўы ушын “мәҳәлле жетилиги” усынысы менен 5 мың гектар өнимдарлы жер майданлары ажыратылып берилип, усы жаслар сол атызларынан еки мәўсимде 10,5 мың тонна өним жетистирди. Әмиўдәрья районында “үйши район тәжирийбеси” дөгерегинде жумыссыз жүрген 3 мың 912 жастың бәнтлиги тәмийинленди. 806 жасқа мийнет қураллары, шаңарақ исбилерменлигин раўажландырыў бағдарламасы шеңберинде 11 мың 861 жасқа 175,5 млрд. сум муғдарында жеңиллетилген кредитлер ажыратылып, мәҳәллениң өзинде бәнтлиги тәмийинленди. Жасларды жоқары дәраматлы жумысларға бириктириўге қаратылған “Келешек кәсиплери” жойбары арқалы 15 жеке оқыў орайы менен бирге ислесиў жолға қойылып, 1 мың 975 жастың 1,8 млрд сум оқыў қәрежетлери төлеп берилди.

Енди шет мәмлекетте талап ислеў нийетинде болған пуқараларды тәртипли ҳәм қәўипсиз жөнетиў бойынша аймақларда хатлаў жүргизилип, 25177 жастың «мийнет миграция балансы» дүзилди. Мағлыўмат ушын 18261 жастың шет елде, соннан 5668 и қайтқанлығы, 1 248 жастың шет елде ислеў нийети барлығы анықланды.

Буннан тысқары аймақларда “Бизнес марафон” ҳәм “Бизнес саяхат” жойбарлары әмелге асырылып, жаслардың арасынан бизнеске қызығыўшы 14 мыңға жақыны бирлестирилди.

Соның менен бирге Қарақалпақстан бойлап жаслардың социаллық жағдайын жақсылаў барысында да жыл даўамында мақтаныўға арзырлық ислер орынланды. Мәмлекетлик мәкемелердиң 359 аймақлық-район басшыларына тәрбиясы аўыр болған 5082 жаслар атпа-ат бириктирилип, олардың  бәршеси менен ушырасыў өткерилди ҳәм 2193 жастың машқаласы анықланып, 2115 не жәрдем көрсетилди. “Жаслар дәптери” не 15 334 жас киритилип, “мәҳәлле жетилиги” усынысы менен 10163 жасқа 17,1 млрд. сумлық көмек берилди. Жаслар машқалаларын шешиў бойынша ҳәр ҳәптеде  министрликлер, мәкеме-кәрхана, шөлкем басшылары, район, ҳәкимлери, сектор басшыларының жаслар менен ушырасыўы жолға қойылды ҳәм жаслар тәрепинен келип шыққан 2 мыңға жақын машқала унамлы шешилди. 

Және де, “Бес баслама олимпиадасы”н жыл даўамында өткериў әмелияты жолға қойылып, жаслардың 29 мың 255 и мәденият, 306 мың 549 ы спорт, 13 мың 873 и Ай-Ти, 56 мың 887 и китапқумарлық ҳәм интеллектуаль, 7 мың 496 сы кәсипке бағдарлаўда таңлаў ҳәм жарысларда қатнасты. Тийкарынан жаслар ортасында футбол бойынша “МҚХ кубоги”,  гүрес бойынша “Бас прокурор кубоги” гандбол бойынша “Мәҳәллелер аўқамы кубоги” жарысларына 89 мың 170 тен аслам мәҳәлле жаслары қатнастырылды. Олимпиада жеңимпазлығын қолға киргизген  жаслардың мәҳәллесинде 11 (5 “Универсаль”, 4 “Streetbal ҳәм workout”), спорт майданшалары қурып берилди. Орынлардағы 25 кеўилашар объектлер (мәденият ҳәм дем алыс бағы)  5 “Жаслар дөретиўшилик көшелери, 15 «Жаслар сейили майданы» 11 «Жаслар орайлары» дүзилип, оларда “Мәнаўият фестивальлары”, “Жас талантлар мәўсими!” сыяқлы илажларға 60 мыңға жақын жаслар қатнасыў имканиятына ийе болды.

Сондай-ақ, билимлендириў мәкемелериндеги 618 спорт объектлери ҳәм 756 китапхана саат 16:00 ден 23:00 ге шекем мәҳәлле жаслары ушын еркин пайдаланыўға берилип, ҳәр күни 12 мыңнан аслам жаслар қатнаспақта.

Жас ҳаял-қызларды исбилерменлик, маркетинг, график-дизайн, ҳуқық ҳәм заманагөй кәсиплерге үйретиў ушын “Қызлар академиясы” жойбары жолға қойылып, социаллық тармақлар арқалы 19 мың жас ҳаял-қызларымыз қамтып алынды. Жасларды  шет тили ҳәм заманагөй кәсиплерге оқытыў арқалы “Ибрат перзентлери” жойбары шеңберинде 83 мыңнан артық жаслар 23 шет тиллерин, «Ustoz Al» жойбары шеңберинде 8,6 мың жас 20 ға жақын заманагөй кәсиплерди онлайн үйренбекте. Шет тиллери бойынша халықаралық  имтиханлардан CI дәрежесиндеги сертификатқа ийе болған 1402 жасқа 2,6  млрд. сум (соннан өткен жылда 657 жасқа 1,3 млрд сум) имтихан тапсырыў қәрежетлери қаплап берилди.

Китапқумарлықты раўажландырыў мақсетинде “Жас китапқумар” таңлаўы арқалы 20 мыңнан аслам, “Оқыў” жойбары арқалы 20,1 мың китапқумар жаслар жетилисип шықты.

Ҳүрметли Президентимиз жаслар ушын бәрше тараўларда имканиятларды жетерли дәрежеде жаратып қойыпты. Соңғы жылларда инсанның ойына келмес жаңа механизмлерге тийкарланған ислер избе-излилик пенен әмелге асырылмақта. Әсиресе, қарақалпақстанлы жасларға ҳәр жылы жоқары оқыў орынларында билим алыўлары ушын қосымша квоталардың  ажыратылыўы ҳеш бир мәмлекетте жоқ мүмкиншилик. Бундай меҳир ҳәм жоқары итибарға қарақалпақстанлы жаслар Журтбасшымыздың исенимин ақлаўға нәтийже менен жуўап қайтарары сөзсиз.

Усындай кең көлемли ис-илажлардың иске асырылыўы ҳәр бир жастың келешегиниң айдын болыўы ушын исленбекте.

Жазып алған: Ш.Сийпатдинов.