Шахматқа бағышланған өмир

Қарақалпақстан шахматының пидайы ўәкили, көп жыллық тәжирийбели тренер ҳәм шебер шахматшы Қуралбай Джакашов усы жылдың 27-январь күни 65 жасында дүньядан өтти. Бул тек ғана оның шаңарағы ҳәм жақынлары ушын емес, ал пүткил шахмат жәмийетшилиги ушын үлкен жоғалтыў болды.

1959-жылы 3-ноябрьде туўылған марҳум спортшы өз өмирин шахматты раўажландырыў ҳәм жас әўладты тәрбиялаўға бағышлады. Ол 2020-2024-жыллары Қарақалпақстан шахмат федерациясының атқарыўшы директоры лаўазымында жумыс ислеген дәўиринде шахматтың раўажланыўына үлкен үлес қосты. Оның басшылығында көплеген жойбарлар әмелге асырылды, жаңа талантлар жүзеге шықты ҳәм шахматтың жаслар арасында ғалабалық түрде ен жайдырылыўына ерисилди.

Шебер шахмат устасы Өзбекстан сайланды командасы қурамында парашахмат бойынша жоқары шыңларды басып өтип, халықаралық майданларда елимиздиң байрағын бәлент көтерди ҳәм бул арқалы мәмлекетимиздиң даңқын жоқарылатыўға өз үлесин қосты. Оның халықаралық турнирлердеги жетискенликлери көпшилик ушын илҳам дәреги болып хызмет етеди.

Устазымыз өзиниң мийнеткешлиги, сабыр-тақаты ҳәм инсаныйлық пазыйлетлери менен көпке өрнек болды. Ол шахматты өмир менен бирлестирип, жасларға логикалық пикирлеў, сабырлылық ҳәм жигерли болыў сабақларын берип барды.

Бүгин биз үлкен тулғаны жоғалттық, бирақ оның қалдырған мийрасы, ақыл-нәсиятлары ҳәм шахматқа болған муҳаббаты бәрқулла кеўиллеримизде жасайды. Устазымыздың пидайы хызметлери ҳеш қашан умытылмайды.

Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы жәмәәти марҳумның жақынларына терең қайғырыў менен кеўил билдиреди. Оның жарқын естелиги әўладлар қәлбинде мәңги сақланып қалады.