18-февраль күни халқымыздың ардақлы перзенти, Қарақалпақстан халық жазыўшысы, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларына мийнети сиңген мәденият хызметкери, Өзбекстан Жазыўшылар аўқамының ағзасы Гүлайша Есемуратова 95 жасқа толды.
Жазыўшыны қутлықлаўға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Рустам Сапарбаев, Қарақалпақстан Республикасы «Нураный» қоры баслығы Турсынбай Абдижаббаров, Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы баслығының орынбасары Ғайрат Мажид, Қарақалпақстан Республикасы Жазыўшылар аўқамы баслығы Кеңесбай Каримов, өзбекстанлы шайыр Рустам Мусурман, «Әмиўдәрья» журналының бас редакторы Халила Дәўлетназаров, «Қарақалпақстан спорты» газетасының бас редакторы Алланазар Әбдиев ҳәм басқа да жазыўшы-шайырлар, шәкиртлери келди. Усы күни жазыўшының шаңарағында көплеген инсанлар мийманда болды.
Гүлайша Есемуратова. Бул исимди әдебиятта, журналистикада да ҳүрмет пенен тилге алынады. Ол қарақалпақ ҳаял-қызларынан шыққан жазыўшы, журналист, аўдармашы, белгили академик Сабыр Камаловтың ҳаялы, оқымыслы перзентлерди дүньяға келтирген мехрийбан ана. Ол 1930-жылы Шымбай районының бурынғы Қ.Әўезов атындағы аўылында туўылған. 1951-жылы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтын питкерип, өзиниң дәслепки мийнет жолын «Жас Ленинши» (ҳәзир «Қарақалпақстан жаслары») газетасында бөлим баслығы болып хызмет ислеўден баслаған. 1957-1960-жыллары «Жеткиншек» газетасында, «Әмиўдәрья» журналында бөлим баслығы лаўазымында хызмет атқарды. 1991-жылы Қарақалпақстанда биринши ҳаял-қызлар журналы болған «Арал қызлары» журналын шөлкемлестирди. Ҳаял-қызларға журнал зәрүр болғаны ушын он жыл даўамында журналды шығарды.
Г.Есемуратова «Халмурат жүргиш», «Бәри өмир ҳаққында», «Арыўлар», «Айдай қыз», «Мыңда бир кеширим», «Кесте», «Қызым саған айтаман», «Жийрен», «Шығармалары»ның I, II, III, IV, V томлығы ҳәм басқа да халқымызға белгили дөретиўшилик шығармалардың авторы. Ол көп ғана қыйыншылықлардың арқасынан жақсы күнлерге жетискен сабырлы ҳаял. Қарақалпақ ҳаял-қызлары оннан қәйтип үлги алса да арзыйды. Жазыўшы ҳаял-қызларды баўырына басып, қоллап-қуўатлап киятыр. Усы жасында бүгинги күнниң жаңалықларынан, заманагөй технологияларынан хабардар болған жазыўшыға ҳәўесиң келеди. Еле жазыў столында газета-журналлар, китаплар турады.
Халқымыздың сүйикли жазыўшысының әдебиятымызға қосқан үлеслери көп. Бир қанша шәкиртлердиң устазы Гүлайша Есемуратованы 95 жыллық юбилей жасы менен қутлықлаймыз. Оның бай архивинен пайдаланып дөретиўшилигин еле де изертлеў керек.
