Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Өзбекстан Республикасы ИИМ Жәмийетлик қәўипсизлик департаменти ҳәм Қарақалпақстан Республикасы ИИМ тәрепинен ишки ислер уйымларына бириктирилген. Жаслардың қатнасыўында “Ҳәммемиз биргемиз – Ўатан беккем” сүрени астында бир қатар мәдений ағартыўшылық ҳәм спорт илажлары болып өтти.
Мағлыўмат ушын айтып өтейик, Ишки ислер министриниң тийисли буйрығы менен республикамыздағы 452 мәкан ҳәм аўыл-пуқаралар жыйынларында жасаўшы 485 жас ишки ислер уйымларының 43 басшы хызметкерлерине бириктирилген. Усы жаслар менен турақлы түрде ушырасып, оларды жумысқа орналастырыў, кәсип-өнерге оқытыў, исбилерменлик жумысларын баслаўы ушын кредитлер ажыратылыўына жәрдемлер берилмекте. Жаслардың усы бағдардағы ҳәм басқада 200 ден аслам машқалалары анықланды. Әмелге асырылып киятырған илажлар нәтийжесинде 2025-жылдың өткен 5 айы даўамында 30 жас жумысқа орналастырылды, алтаўы кәсип-өнерге оқытылмақта ҳәм 36 жастың басқа мәселедеги машқалалары унамлы түрде шешилди.
Усы бағдардағы жумыслар даўамындағы Өзбекстан Республикасы Президент жанындағы 2025-жыл, 14-февраль күнги жаслар менен ашық байланыс түринде өткерилген видеоселектор жыйналысында берилген тапсырмалардың орынланыўын тәмийинлеў ҳәм де Қарақалпақстан Республикасы ИИМ не бириктирилген жасларды социаллық қоллап-қуўатлаў, бәнтлигин тәмийинлеў, оларды ўатансүйиўшилик рухында тәрбиялаў мақсетинде, сондай-ақ мәнәўий дүньяқарасларын жоқарылатыўда “Жаслар айлығы” шеңберинде “Ҳәммемиз биргемиз – Ўатан беккем” сүрени астындағы илаж Тахтакөпир районындағы “Дәўқара” АПЖ аймағында жайласқан “Қаратерең” экотуризм комплексинде өткерилди.
Илажға 15-30 жас аралығындағы 200 жаслар, 100 ишки ислер уйымлары хызметкерлери ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери қатнасты. Нөкис қаласынан шыққан автокәрўан түске мәнзилге жетип келди.
Ол жерде жаслардың жол ҳәрекети қағыйдалары бойынша билим көнликпелерин анықлаў мақсетинде викторина ойынлары ҳәм эстофетолық спорт жарыслары өткерилди.
Сол күни қуяш нуры қанша жоқары болса да, жаслар өзлериниң белсендилигин көрсетти. “Жасларды бир мақсет жолында бирлестирген” илажда елимизге белгили қосықшылар тәрепинен атқарылған қосықларға жаслар ойынға түсип, кеўилли дем алды.
“Жас ҳуқықтаныўшы” таңлаўының 14-18 жас арасындағы республикалық жарыста 1-орынды Кегейли районынан Гөззал Муратбаева жеңип алды. 2-орынды Шымбай районынан Мийирхан Төреханова ийеледи, ал 3-орынға Шоманайдан Динара Досматова ийелик етти.
18-30 жас дөгерегинде болса 1-орынды Қоңырат районынан Исламбек Байниязов жеңип алды. 2-орынды Қанлыкөл районынан Әмир Асқаров ийелеген болса, 3-орынға Тақыятастан Жанар Ибайдуллаеваға несип етти.
Ал, командалық қурамда 1-орынды “Арал” командасы, 2-орынды “Айқулаш”, 3-орынды “Қалқан” командалары ийеледи.
Байрам кейпиятын жасларға инәм еткен илажда өткерилген таңлаў ҳәм жарыслардың жеңимпазлары шөлкемлестириўшилер тәрепинен диплом ҳәм баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.
Соңғы ўақытлары жаслар тәлим-тәрбиясы мәмлекетлик сиясат дәрежесине көтерилген. Сөзимиздиң дәлили ретинде өткерилип киятырған усындай илажлар ертеңги келешегимиз болған жасларға өз өмир жолларында жаңа табысларға умтылып жасаўында күш-ғайрат бағышлаўы турған гәп.
Шүкирбай Сийпатдинов,
журналист.
Нөкис–Тахтакөпир.
