Тест сынақларының басланыўынада санаўлы күнлер қалды. Бул мыңлаған жаслардың – үмити, мийнети ҳәм арзыў-әрманларын сынақтан өткеретуғын әҳмийетли басқыш. Бул сынақта не бир түнлерин оқыўға бағышлағанлар, тест шешип түнди таңға жалғастырғанлар өз билимин сынайды. Олар ушын мәмлекетлик гранттың есиклери ашылады. Себеби, “Билим ийеси болсаң – грант сеники”, деп бийкарға айтылмаған. Көпшиликте грантқа кириў әўмет пенен байланыслы деген түсиник бар. Бирақ, ҳақыйқат басқаша: грант бул – билим, мийнет ҳәм сабыр-тақат нәтийжеси. Ойлап көриң: ҳәр бир тест сораўының артында абитуриенттиң оқыған китаплары, шешкен мысаллары тур. Мәмлекетлик грант системасы – Өзбекстанда имканиятлар теңлигин тәмийинлеў жолындағы әҳмийетли қәдемлерден бири. Тек билимди таңлайды. Демек, бул – ең әдил баҳалаў өлшеми. Жаслар арасында мотивация күшеймекте. Ҳәр жылы мыңлаған қәбилетли жаслар мине усы грант тийкарында оқыў имканиятын қолға киргизбекте. Өзбекстан жасларына билим бериў – бул тек мәмлекеттиң миннетлемеси емес, ал халықтың тәғдирин белгилейтуғын сиясий ҳәм социаллық ҳәрекет болып есапланады.
Енди, жақсы оқыған, социаллық белсендилик көрсеткен ямаса машқалалы шараятта жасап атырған студентлер ушын оқыў даўамында контракттан грантқа өтиў жолы ашылды.
Есиңизде болсын, грант бул – саўға емес. Ол жәмийет сизге билдирип атырған исеним белгиси. Гранттан пайдаланып атырған студент өз билимлерин тек ғана рейтинги менен емес, ал социаллық жуўапкершилиги менен де дәлиллеўи керек.
Әзиз жаслар, досларым бизге билдирилип атырған исеним ҳәм имканияттан орынлы пайдаланып, билим-илимниң шыңына шығып, Жаңа Өзбекстанның умтылыўшы жаслары болып, ғәрезсиз елимиздиң гүллеп-раўажланыўына үлесимизди қосайық.
Диана ЮСУПОВА,
Нөкис мәмлекетлик техника университетиниң студенти.
