КӘСИПЛЕСЛЕРИМИЗДИ ҚУТЛЫҚЛАЙМЫЗ.

«Өзбекстан Республикасында хызмет көрсеткен журналист» ҳүрметли атағы менен
Матякубова Назира Тохтабаевна – Қарақалпақстан Республикасы «Қарақалпақстан таңы» газетасы бас редакторы;
II дәрежели «Соғлом авлод учун» ордени менен
Сейданова Лала Алмуратовна — Қарақалпақстан Республикасы телерадиокомпаниясының «Қарақалпақстан» телеканалы социаллық-сиясий және социал-экономикалық бағдарламалар бас редакторы сыйлықланды.

Байрам мүнәсибети менен жәмәәтимизде еки кәсиплесимиз баҳалы саўғалар менен сыйлықланды. Газетаның ѳз хабаршысы Ж.Ембергенованың жумыс ислеп атырғанына 30 жылға шамалас болса, Айсенем Файзуллаеваның усы тараўда ислеп киятырғанына 20 жылдан аслам ўақыт болып, мийнетлери жоқары баҳаланды.
Кәсиплеслеримизди қутлықлаймыз ҳәм алдағы дѳретиўшилик жумысларында илҳам йош тилеймиз.