ДЕМ АЛЫСЫМЫЗ МАЗМУНЛЫ ӨТПЕКТЕ

Жазғы дем алысты мазмунлы ҳәм кеўилли ѳткериўди қәлеймиз. Оқыўшыларымыздың биразы қәнигелестирилген мектеплерге оқыўға ҳүжжет тапсырып, таярланып атырса, айырымлары спорттың ѳзи қәлеген түрлериние турақлы қатнасып, шуғылланыўды режелестирген. Аўыллық жерде болғанлықтан ѳз ата-аналарына үй жумысларында ҳәм дийқаншылыққа да кѳмек береди. Ең қуўанарлысы, бос ўақтымызда оқыймыз деп әдебий китаплар алып оқып атыр. Бос ўақытларын туўры режелестирген оқыўшыларымыз бенен жуўмақланып атырған оқыў жылында ири табысларлы қолға киргиздик.
Жақында мектебимиз «Интеллектуал жетик жаслар» турнеринде жақсы нәтийжелерди қолға киргизди. Әдебий, илимий, тарийхый көз-қарасларын байытқан таңлаў ҳақыйқый жаслар байрамына айланды. Район ҳәкими А.Тәжетдинов ҳәм жаслар шөлкеми ўәкиллери китапқумар жаслар менен ушырасып жақыннан сәўбетлести.
Жеңимпазлар район ҳәкиминиң арнаўлы дипломы, сондай-ақ Ташкент қаласы бойлап бийпул саяхат ушын ваучерлерди қолға киргизди.
Шымбай районлық ХББ ине қараслы 20-санлы мектебимиздиң орны гиреўли. Усы жылғы пән олимпиадасының районлық басқышында 9-класс оқыўшымыз Шыңғысбай Жаңабаев география пәнинен қатнасып 40,5 балл менен 1-орынды ийеледи ҳәм республикалық басқышта 75,2 балл топлап сыйлы 2-орын жеңимпазы болды. Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў Министрлиги тәрепинен ҳүрмет жарлығы ҳәм 1. 080. 000 сум муғдарында ақшалай сыйлықланды.
Сондай-ақ, ѳзбек тили пәнинен 9-класс оқыўшысы Б.Тѳремуратова ҳәм биология пәнинен 10-класс оқыўшысы М.Мәмбетниязовалар республикалық басқышқа қатнасып, жақсы нәтийжелерди қолға киргизди.
«Конституция-еркинлигимиз кепили» атамасындағы шығармалар таңлаўында да мектебимиз бириншиликти қолдан бермеди. 11-класс оқыўшысы Н.Кеңесбаева, 5-класс оқыўшысы С.Бекбаева ҳәм 6-класс оқыўшысы Г.Бахтияровалар жеңимпаз болды. Н.Кеңесбаева республикалық басқышта 3-орынды қолға киргизди.
Район ҳәм республика кѳлеминде ѳз орнына ийе болыў да әлбетте муғаллимлердиң пидәкерли мийнетиниң жемиси. Ѳз үстинде изленип, тараўда танылыўға ерисип атырған муғаллимлеримиз де кѳпшиликти қурайды.
Инглис тили пәни муғаллими Бердақ Сейтахов «Ең жақсы шет тили пәни оқытыўшысы» таңлаўының районлық басқышында 1-орынды ийелеп, Республикалық басқышқа қатнасып, жақсы нәтийжелерди қолға киргизилди. Жазғы дем алыста да ҳәр бир оқыўшымыз бенен тығыз ҳәм дослық байланыста болыўға ҳәрекет етемиз.
Мақсетимиз – олардың таланты ҳәм қызығыўшылықларына қанат қомлатып, жүзеге шығарыўына имканият жаратып бериўден ибарат.
Илмира Бекимбетова,
Шымбай районы. 20-санлы мектептиң баслаўыш класс муғаллими.